Get Mystery Box with random crypto!

KarInform.uz

Telegram арнасының логотипі karinformuz — KarInform.uz K
Telegram арнасының логотипі karinformuz — KarInform.uz
Арна мекенжайы: @karinformuz
Санаттар: Жаңалықтар
Тіл: қазақ
ел: Қазақстан
Жазылушылар: 740
Арнадан сипаттама

Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы
Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Odnoklassniki: www.ok.ru/karinform.uz
Бизге мүрәжат @Karinformuzbot

Ratings & Reviews

3.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 5

2022-06-16 08:32:42 Нөкисте кишкене баланы ийт талағаны ҳаққындағы хабарлар бойынша Денсаўлықты сақлаў министрлиги рәсмий мағлыўмат берди

Мәлим болыўынша, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги социаллық тармақларда тарқалған материаллар бойынша үйрениў жумысларын алып барған.

«Социаллық тармақларда тарқалып атырған видео көринис Нөкис қаласында жүз бермеген. Ал, екинши жарақатланған бала бойынша тарқалған фотокөринистеги жағдай Нөкис қаласында болып өткен»,-деп жазды министрликтиң мәлимлеме хызмети.

Анықлық киргизилиўинше, Нөкис қаласында жасаўшы пуқара Ю.С. ның баласы У.Э. ни 22-киши район аймағында қараўсыз жүрген ийт тислеп алған ҳәм бала жарақатланған.

Бала сол күнниң өзинде Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем орайы филиалына алып келинген.

Наўқасқа шыпакерлер тәрепинен медициналық жәрдем көрсетилген ҳәм 3 мәрте антирабик вакцинасы салынған.

Сол күнниң өзинде жағдай бойынша Ишки ислер уйымларына хабар берилген.

Наўқасқа 13-июнь күни емлеўханадан үйине шығыўға рухсат берилген.

Ҳәзирги ўақытта баланың денсаўлығы жақсы.

Усы орында министрлик пуқараларға мүрәжат етип, көшеде балаларды қараўсыз қалдырмаўға шақырды.

Каналымызға ағза болың @karinformuz
482 views05:32
Ашу / Түсініктеме
2022-06-15 15:16:58
Қарақалпақ қыпшақларына мәдияр (венгриялы) жийенинен сәлем

Видео @Merwert_uz әдебий-информациялық каналынан алынды.

Каналымызға ағза болың @karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki
585 views12:16
Ашу / Түсініктеме
2022-06-15 10:50:18
Социаллық тармақларда фейк хабар тарқалды

Социаллық тармақлар ҳәм Telegram каналларында Нөкис қаласында қутырған қараўсыз ийтлер жас балаға ҳүжим етип, оған аўыр жарақат жеткергени айтылып атырған видеоматериал тарқалмақта.

«AntiFake.uz»дың мәлим етиўинше, бул хабар жалған ҳәм ҳақыйқатқа туўра келмейди.

Еслетип өтемиз, халықтың арасында жалған хабарларды тарқатыў жуўапкершиликке тартыўға себеп болады.

Каналымызға ағза болың @karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki
2.3K views07:50
Ашу / Түсініктеме
2022-06-14 16:50:06
Хожели районлық Ишки ислер бөлими баслығы тайынланды

Подполковник Искендеров Полат Қонысбаевич Қарақалпақстан Республикасы Хожели районлық Ишки ислер бөлиминиң баслығы лаўазымына тайынланды. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, П.Искендеров усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Шоманай районлық Ишки ислер бөлиминиң баслығы лаўазымында ислеген.

Каналымызға ағза болың @karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki
343 views13:50
Ашу / Түсініктеме
2022-06-14 12:01:01
Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри тайынланды

Толық мағлыўмат
https://karinform.uz/kk/article/12522

Каналымызға ағза болың @karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki
473 views09:01
Ашу / Түсініктеме
2022-06-14 10:02:11
«Диабетке нәўбетсиз»

Жәмийетлик машқалаларды сәўлелендириўши граффитилери менен көпшиликке таныс болып үлгерген Inkuzart өзиниң гезектеги дөретиўшилик жумысын қумшекер баҳасының көтерилиўине арнады ҳәм оның атамасын «Диабетке нәўбетсиз» деп атады.

Каналымызға ағза болың @karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki
442 views07:02
Ашу / Түсініктеме
2022-06-13 17:16:10
Нөкис районында қәйината келини ҳәм оның анасының өлимине себепши болды

Толық мағлыўмат
https://karinform.uz/kk/article/12521

Каналымызға ағза болың @karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki
369 views14:16
Ашу / Түсініктеме
2022-06-13 13:28:13
«Қазақдәрья-Нөкис-Қазақдәрья» жөнелиси бойынша автобус қатнаўы қайта жолға қойылды

Бүгинги күнде халқымыздың жәмийетлик транспортқа болған талабы күн сайын артып бармақта.

Жолаўшылардың узағын жақын етип, аўырын жеңиллетип, қолайлық жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги тәрепинен усы жылдың июнь айынан баслап «Қазақдәрья-Нөкис-Қазақдәрья» жөнелиси бойынша автобус қатнаўы қайта жолға қойылды.

Министрлик мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, автобус «Қазақдәрья» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан азанғы саат 07:00 де жолға шығады ҳәм Нөкиске 10:00 де жетип келеди. Нөкистен Қазақдәрьяға саат 15:00 де жүрип кетеди.

Каналымызға ағза болың @karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki
423 views10:28
Ашу / Түсініктеме
2022-06-13 11:25:53
Абатбай Қаллиев Президент пәрманы менен «Дослық» ордениниң ийеси болды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы шөлкемлестирилгениниң 85 жыллығы мүнәсибети менен профессор-оқытыўшылардан бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, консерваторияның Нөкис филиалы академиялық атқарыўшылық ҳәм опера таярлаўы кафедрасының оқытыўшысы Қаллиев Абатбай Нағметуллаевич «Дослық» ордени менен сыйлықланды.

Фото Makan.uz сайтының каналынан алынды.

Каналымызға ағза болың @karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki
451 views08:25
Ашу / Түсініктеме
2022-06-13 10:15:13 Қашқадәрьяда артезиан қудыққа түсип кеткен 6 жаслы бала қутқарып қалынды

Кеше, 12-июнь күни саат 14:01 лерде Қашқадәрья ўәлаяты Шырақшы районы «Лангар» аўылында жасайтуғын пуқара ўәлаятлық Айрықша жағдайлар басқармасы (АЖБ)ның қысқа «1050» номерине мүрәжат етип, сол күни шама менен саат 13:30 ларда өзлерине тийисли болған атызда қазылған, 200 диаметрлик суўсыз артезиан қудыққа 6 жаслы ул перзенти түсип кеткени, оны алып шығыў ушын әмелий жәрдем сорап мүрәжат еткен.

Ўақыя орнына жедел түрде ўәлаятлық АЖБ қутқарыўшылары ҳәм тийисли хызметлердиң ўәкиллери жетип барған. Қутқарыў жумысларына АЖБның арнаўлы техникалары, экскаватор, грейдер ҳәм басқа техникалар бириктирилген.

Алып барылған арнаўлы қутқарыў операциясы нәтийжесинде бала бүгин, 13-июнь күни саат 10:25 те қутқарып алынған. Ҳәзирги ўақытта баланың аўҳалы жақсы. Қәнигели медициналық хызмет көрсетиў ушын қыстаўлы медициналық жәрдем хызметкерлерине тапсырылған. Жақын арада бала ата-анасына тапсырылады,-деп хабар берди Өзбекстан АЖМ баспасөз хызмети.

Каналымызға ағза болың @karinformuz
434 views07:15
Ашу / Түсініктеме