Get Mystery Box with random crypto!

Конституцияға киргизилип атырған өзгерислер ҳаққында Өзбекста | KarInform.uz

Конституцияға киргизилип атырған өзгерислер ҳаққында

Өзбекстан Республикасының Конституциясына киргизилиўи жобаластырылып атырған өзгерис ҳәм қосымшалар ишинде Қарақалпақстан Республикасының суверенитети ҳәм оның Өзбекстан Республикасы қурамынан Қарақалпақстан халқының улыўма халықлық референдумы тийкарында шығып кетиўи көрсетилген статьяларының алып тасланыўы көпшилик қатарында бизди де тәшўишке, терең ойға салды.

Ата-бабаларымыз әрман еткен еркинлик, ғәрезсизлик түсиниклерин өзинде жәмлеген суверенитетимиз көз алдымызда жоқ болып баратырғаны Қарақалпақстан халқының басым көпшилигиниң кескин наразылығына себепши болды.

Мүмкин бул жерде халықтың исенген депутатлары бул өзгерислерди қоллап-қуўатлап, бийпәрўалық еткен шығар, ямаса айып улыўма басқа жақта да болыўы итимал. Бирақ, мениң ойлағаным, буннан биз қандай шешим қабыл ете алатуғынымызда.

Яғный, Қарақалпақстан халқы усы мәселеге келгенде аўызбиршилик көрсетип, бир жағадан бас, бир жеңнен қол шығарып, өз еркинлигиниң ҳуқықый кепиллигин қорғаў ушын бирлеспекте. Бул халықтың бир мақсет жолында бирлесиўиниң бир епкини, көриниси болып, бундай ҳәрекетлер халқымыздың келешеги ушын оғада зәрүр деп есаплайман.

Және бир ойлағаным, бул өзгерислер халықтың наразылығынан кейин әлбетте бийкар етилиўи керек. Өйткени, халықлардың еркинлиги, азатлығы, ғәрезсизлиги, суверенитети ҳаққында гәп болғанда сол халықтың өзи менен есапласпаў мәзи ақмақшылық, деп есаплайман. Әлбетте, бул мениң жеке пикирим.

Бирақ, ҳәр нәрсениң бир ҳикмети болады дегендей, буннан биз жоқарыда атап өткенимиздей, бул ўақыяларды халықтың бирлигин тәмийинлейтуғын фактор сыпатында көре алсақ ҳәм соған ҳәрекет етсек өз мақсетимизге жете аламыз.

P.S.: Биз де, Конституция бойынша пикир-усыныслар порталы арқалы Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик суверенитети ҳәм референдум тийкарында ажыралып шығыў ҳуқықының алып тасланыўына наразылығымызды билдирип, бул нормалардың жаңа Конституцияда да сақланып қалыўы бойынша усыныс билдирдик.

P.P.S: Суверенитет – бул қарақалпақ халқының үмити. Халқымыз ҳәр қандай қыйыншылыққа төзим бериўи мүмкин. Бирақ, үмитиниң сөндирилиўине тамашагөй болып тура алмайды. Бундай болса бизди усы суверенитет, еркинлик ушын гүрес алып барып, шийрин жанынан ўаз кешкен ата-бабаларымыздың руўхы да, келешек әўладлар да кеширмейди…

Ислам Матеков.

Каналымызға ағза болың
@karinformuz