Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақстанлы палўан қыз Ақтеңге Кеўнимжаева – Азия чемпион | KarInform.uz

Қарақалпақстанлы палўан қыз Ақтеңге Кеўнимжаева – Азия чемпионы

Қырғызстан Республикасы пайтахты Бишкек қаласында спорт гүреслери бойынша жас өспиримлер (U17) ҳәм жаслар (U23) арасында Азия чемпионаты болып өтпекте.

Қуўанышлысы, ҳаял-қызлар гүреси беллесиўлеринде жерлесимиз Ақтеңге Кеўнимжаева 53 килограмм салмақта барлық қарсыласларын жеңип шығып, Азия чемпионы болды.

Жерлесимиз континент бириншилигинде қазақстанлы Эллада Махяддинова, ҳиндстанлы Антим Антим, қырғызстанлы Айжан Сабырбек қызы ҳәм монголиялы Хулан Батхуягты жеңип, алтын медальды қолға киргизди.

Karinform.uz

Каналымызға ағза болың
@karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki