Get Mystery Box with random crypto!

Социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралардың ипотека кредитлери төлеп | KarInform.uz

Социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралардың ипотека кредитлери төлеп бериледи

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарары тийкарында социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралардың ипотека кредитлерин төлеў ушын төрт миллиард үш жүз қырық бир миллион еки жүз мың сум қаржы ажыратылмақта. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң қосымша дәреклери есабынан ажыратылып атырған бул қаржылар тек ғана социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралардың ипотека кредитлериниң мүддети өткен қарыздарлықларын қаплаў ушын бир мәрте төлеп бериледи.

Каналымызға ағза болың @karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki