Get Mystery Box with random crypto!

Жаңа Өзбекстанда Конституциялық реформалар Президент Шавкат М | KarInform.uz

Жаңа Өзбекстанда Конституциялық реформалар

Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен «Конституцияға шахстың судланғанлығы ҳәм оннан келип шығатуғын ҳуқықый ақыбетлер оның жақын туўысқанларының ҳуқықларын шеклеўге тийкар болыўы мүкин емес», деп қатаң жазып қойыў бойынша усыныс берилди.

Бизиң мәмлекетимизде де перзент әкеси ямаса ағасы ушын иниси жуўап бериўи керек емеслиги өзиниң беккем ҳуқықый тийкарын тапты. Ески совет дәўириниң халқымызды қорқыўда услап турыўға хызмет еткен сарқытларынан қутылыў жолында үлкен адым болды. Туўысқанлық, қарым-қатнасты оғада қәдирлейтуғын халқымыз ушын қәншелли қуўанышы хабар екенин көз алдымызға келтириўимиз қыйын. Мәмлекетимизди тиккелей ҳуқықый мәмлекет деп мақтаныш етиўге тийкар болатуғын зор усыныс болды.