Get Mystery Box with random crypto!

KarInform.uz

Telegram арнасының логотипі karinformuz — KarInform.uz K
Telegram арнасының логотипі karinformuz — KarInform.uz
Арна мекенжайы: @karinformuz
Санаттар: Жаңалықтар
Тіл: қазақ
ел: Қазақстан
Жазылушылар: 740
Арнадан сипаттама

Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы
Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Odnoklassniki: www.ok.ru/karinform.uz
Бизге мүрәжат @Karinformuzbot

Ratings & Reviews

3.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар

2022-08-31 15:55:28
Алланияз қаҳарман бағындағы өзбасымшалық пенен исленип атырған қурылыс жумыслары Жоқарғы Кеңес тәрепинен қадағалаўға алынды

Социаллық тармақларда Өзбекстан Қаҳарманы Алланияз Өтениязов тәрепинен Нөкис қаласы аймағында жаратылған бағда өзбасымшалық пенен қурылыс жумыслары алып барылып атырғанлығы ҳаққында мүрәжат жәрияланған еди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, мүрәжат Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен жеке қадағалаўға алынып, бул мәселени тийисли тәртипте үйренип шығыў бойынша жуўапкерлерге қатаң тапсырма берилген.

"Соны айрықша атап өтиў керек, бул бағды саўалландырыў жумысларын шөлкемлестириў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының қадағалаўында",- деп жазылған рәсмий билдириўде.

Каналымызға ағза болың @karinformuz
108 viewsedited  12:55
Ашу / Түсініктеме
2022-08-31 15:33:32
Рәсмий хабарландырыў

Ҳүрметли пуқаралар!

2022-жыл 1-сентябрь күни байрам мүнәсибети менен пүткил Өзбекстан Республикасы  базарларында  тазалық  жумысларының алып барылыўына  байланыслы дем алыс күни деп белгиленди.

Деген менен, пуқараларымыз арасында тийкарсыз мағлыўматлар тарқатылмақта.

1-сентябрь күни тек ғана базарларда тазалық күни өткериледи.

Жоллар жабылмайды, барлық түрдеги саўда орынлары өз жумысларын даўам еттиреди.

Пуқаралардан артықша ҳаўлықпаға берилмеўин сорап қаламыз.

Каналымызға ағза болың @karinformuz
270 viewsedited  12:33
Ашу / Түсініктеме
2022-08-30 16:03:17 Сентябрь айы ушын пенсия ҳәм напақа төлемлери байрамнан алдын жүклеп бериледи

Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли пәрманына муўапық, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 31 жыллығын мүнәсип белгилеў мақсетинде усы жылдың 1-4-сентябрь күнлери дем алыс күни деп белгиленген.

Елимиздеги кексе жастағы пуқараларды, пенсия ҳәм напақа алыўшыларды және майыплығы болған адамларды қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, ғәрезсизлик байрамын көтериңки руўхта өткериў мақсетинде Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тыс пенсия қоры тәрепинен усы жылдың сентябрь айы ушын пенсия ҳәм напақа төлемлери нақ пулсыз (банк карталары арқалы) көринисте алатуғын пуқараларға 2022-жылдың 1-сентябрь күнине шекем олардың банк пластик карталарына жүклеп бериледи.

Пенсия ҳәм напақа төлемлерин нақ пул көринисинде алатуғын пуқараларға усы жылдың 5-сентябринен баслап тастыйықланған графиклер тийкарында төлемлер басланатуғынлығы мәлим етилди.

Каналымызға ағза болың @karinformuz
326 views13:03
Ашу / Түсініктеме
2022-08-30 10:56:17
Гүманланыўшы 24 пуқара жәмийетлик кепиллик тийкарында шаңарақларына қайтарылды

Бас прокуратура тәрепинен Қарақалпақстанда болып өткен ўақыяларды бийғәрез түрде үйренип атырған комиссия ағзаларының усынысы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң өтинишине муўапық, 24 гүманланыўшы жәмийетлик кепиллик тийкарында өз шаңарақларына қайтарылды. Оларға белгиленген қамақ шарасы адамгершилик принциплери тийкарында жәмийетлик қадағалаў ҳәм үй қамағы тәризиндеги шараға алмастырылды. Бул ҳаққында комиссияның рәсмий каналында мәлим етилди.

Комиссия тәрепинен болып өткен ўақыяларды ҳәр тәреплеме терең ҳәм объектив үйрениў жумыслары даўам етпекте.

Каналымызға ағза болың @karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki
423 viewsedited  07:56
Ашу / Түсініктеме
2022-08-29 20:11:48
Жоқарғы Кеңес баспасөз хаткери тайынланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Аппаратының мәлимлеме хызмети – баспасөз хаткери лаўазымына Ажимуратов Азамат Лепесбаевич тайынланды.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Азамат Ажимуратов усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети баслығы лаўазымында жумыс ислеген.

Каналымызға ағза болың @karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki
550 viewsedited  17:11
Ашу / Түсініктеме
2022-08-29 20:05:44 Қарақалпақстанда июль айы басында жүз берген ўақыялар бойынша айырым пуқаралардың қамақ шарасын жеңилине алмастырыў бойынша усыныс киргизилди

Қарақалпақстанда июль айы басында жүз берген ўақыялар бойынша бийғәрез тексериў өткериў бойынша комиссия ағзалары Жоқарғы Кеңес пенен биргеликте Бас прокуратурадан айырым пуқаралардың қамақ шарасын жеңилине алмастырыўды сорады. Бул ҳаққында комиссия рәсмий каналында хабар берилди.

Хабарда жазылыўынша, Қарақалпақстанда болып өткен ўақыяларды бийғәрез түрде үйренип атырған комиссия тәрепинен әмелге асырған қылмысларынан пушайман болған пуқаралар дизими қәлиплестирилген.

«Бирме-бир өткерилген сәўбетлесиўлер даўамында олар жағдайды жақсы аңламаған ҳалда жалған информациялар тәсирине түсип қалғанын ҳәм әмелге асырған қылмысына шын кеўилден пушайман екенлигин билдирди.

Жоқарыдағылардан келип шығып, комиссия ҳәм Жоқарғы Кеңес тәрепинен әмелге асырған қылмысларынан пушайман болған, қараўында ержетпеген перзентлери болған, сондай-ақ, шаңарақлық шараяты ҳәм социаллық жағдайы аўыр және шаңарақта жалғыз бағыўшы болған пуқараларға адамгершилик принципи тийкарында қамақ шарасын жәмийетлик қадағалаў ҳәм үй қамағы тәризиндеги шараға алмастырылыўын сорап Бас прокуратураға усыныс киргизилди», - деп жазылған комиссия хабарында.

Каналымызға ағза болың @karinformuz
523 views17:05
Ашу / Түсініктеме
2022-08-27 09:14:23
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Тлеубаевич Орынбаев

Толық мағлыўмат
https://karinform.uz/kk/article/12552

Каналымызға ағза болың @karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki
749 views06:14
Ашу / Түсініктеме
2022-08-26 17:02:51
Шавкат Мирзиёевтиң Қарақалпақстанға сапары жуўмақланды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Нөкис қаласындағы Әмиўдәрья мәкан пуқаралар жыйыны аймағында әмелге асырылған дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары менен танысты. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.

Аймақтағы мектеп алдында нураныйлар ҳәм белсенди пуқаралар менен шын жүректен сәўбетлесиў өткерилди.

Солай етип, Президент Қарақалпақстанға сапарын жуўмақлап, Ташкент қаласына жетип барды.

Каналымызға ағза болың @karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki
1.2K views14:02
Ашу / Түсініктеме
2022-08-26 16:04:23
Күн фотосы: Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев

Президент Жоқарғы Кеңестиң жаңадан сайланған Баслығына мүрәжат етип, «Аманбай Орынбаев әдиллик, садықлық, ҳадаллық, жуўапкершилик, интакерлик ҳәм пидайылықты өз жумысларының ең әҳмийетли өлшемлери сыпатында белгилеп алып, сайланған лаўазымында Қарақалпақстан халқына шын кеўилден хызмет етиўи ҳәм өзине билдирилген исенимди ақлаўы керек», - деп айтып өтти.

Фото Президент баспасөз хызмети тәрепинен жәрияланды.

Каналымызға ағза болың @karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki
865 viewsedited  13:04
Ашу / Түсініктеме
2022-08-26 15:41:05
Президент Қарақалпақстанда аўыл хожалығын раўажландырыў, фермер ҳәм дийқанларды қоллап-қуўатлаў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди

Каналымызға ағза болың
@karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki
688 views12:41
Ашу / Түсініктеме