Get Mystery Box with random crypto!

Charjau_Elmuratov

Telegram арнасының логотипі charjau_elmuratov — Charjau_Elmuratov C
Telegram арнасының логотипі charjau_elmuratov — Charjau_Elmuratov
Арна мекенжайы: @charjau_elmuratov
Санаттар: Білім
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 269
Арнадан сипаттама

Жаңалықлар ҳәм жеке пикирлер, сондай-ақ автордың жеке дөретиўшилик каналы

Ratings & Reviews

2.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Соңғы хабарлар

2022-06-30 08:08:44
#Қарақалпақ_миллий_ойынлары

Теппек
Əўелемен-дүўелемен
Ләңки
Ақ терек пе, көк терек
Арпа-гүрпе

Сценарий авторы:
Ч.Елмуратов
Оқыған: Н.Башбаев
Оператор-монтаж шебери: С.Ещанов

Канал @charjau_elmuratov
882 viewsedited  05:08
Ашу / Түсініктеме
2022-06-29 21:31:42 ҚАРАҚАЛПАҚТА КӨП ЖАҚСЫЛАР БАР ЕДИ…

Заманының уллы батыры Аллаяр Досназаровтың 100 жыллығына бағышланған салтанатта оқылды.

Мәртлик етсе болар қылыш тутпай-ақ,
Дос болыўға болар ант-суў ишпей-ақ,
Халық хызмети ушын ҳақы күтпей-ақ,
«Елим!..» деген азаматлар бар еди.

Дәстанда Рүстем менен Алпамыс,
Шәрьяр, Едиге де бул күннен алыс,
Иси де, исми де қәдирдан таныс,
Нағыз халық батыры Аллаяр еди.

Дүнья гәрдишинен күлдей үгилип,
Жүр еди журтының қәдди бүгилип,
Тарийхқа мүрәжат етип жүгинип,
Аўыр жүкти алып өткен нар еди.

Туўған жолбарыслар жасаған жерде,
Өзи де тәқаббил жаралы шерге,
Жаным қурбан болсын буныңдай ерге,
Халық көксинде жанған намыс-ар еди.

Бирин-бири пирдей сыйлап қол берген,
Алдынан кеселеп өтпей жол берген,
Қоллаў тапқан жақын-жырақ еллерден,
Қарақалпақта көп жақсылар бар еди.

Ел ҳеш ўақ хорлықлы ҳалға бармады,
Жүрегин үмитке, дәртке шарлады,
Қарақалпақ – деген алтын арбаны,
Даңғыл жолға салған Аллаяр еди.

Шежире жөн силтеп, ол шықты дара,
Әдалат белгилеп берди шегара,
Дөҳмет бәлесине таппады шара,
Ҳақлық ҳәм наҳақлық шарма-шар еди.

Жайдақ минип арзыў-әрман тулпарын,
Халықтың жырын жырлап, арлады арын,
Еркиншилик – деген ай жүзди ярын,
Узатып алсам деп аҳыў-зар еди.

Ғыйбат оғы тийди ушқыр суңқарға,
Ҳақыйқатлық көзин шоқыды ғарға,
Журтын ығбал таман өткерген дарға,
Соң өзи ғарқ болған Аллаяр еди.

Бийғәрезлик босағасы дәнданлы,
Қарақалпақ жасап атыр әндамлы…
Пайғамбардай салтанатлы-салдамлы,
Халқымызда көп жақсылар бар еди.

Уллы жолда көш баслаған нар еди,
Ҳәўижли саз еди, жипек тар еди,
Өзи шаңарақ көтерискен Станның,
Сап алтын сүдини Аллаяр еди!

@X_Dauletnazarov
134 views18:31
Ашу / Түсініктеме
2022-06-28 20:25:29 ҚАРАҚАЛПАҚ! ҚАРАҚАЛПАҚ!...

Қарақалпақ! Қарақалпақ!... Туңғыш кеўил бергеним,
Бул дүньяға туўылғаннан көзди ашып көргеним.

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Билмегеним, билгеним,
Қуўанышқа кенелткеним, дәрти көксим тилгеним!

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Салт-дәстүр, үрп-әдетим,
Ана тилим – миллийлигим, күш-қуўатым, мәдетим.

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Қаратаўым, Әмиўим,
Қыста суўық қарып, жазда әптабында жаныўым.

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Көзи жаслы Аралым,
Үстиртимниң жазығында шапқан үркек маралым.

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Қара көзи сүзигим,
Қызылқумға түсип қалған мисли гәўҳар жүзигим!

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Ең заўықлы қосығым,
Арғы-жағы улан-байтақ кирген ығбал-есигим.

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Қәдди-қәўмет, бойыңнан,
Айлансын қыз-жаўаныңнан он бармағы ойылған.

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Төбемдеги аспаным,
Қанша айтып, жазып, жырлап ада болмас дәстаным.

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Арқа сүйер Арысым,
Айқырығы жерди-көкти титиреткен Барысым!

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Найзагерим, оқшым-әй,
Түрк улысын қорғайман деп көп жоқ жойытқан жоқшым-әй!

Қарақалпақ, Қарақалпақ! әрманлап бас қосыўын,
Көп көргенсең мәртлериңниң өкпелерин осыўын!..

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Тай, ат болған үйирим,
Қай журттан дуз шөпшелсе де тартар турар бүйириң!

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Жүгиндирген қураным,
Шақырығым, сүренлеўим, үндеўлерим, ураным!

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Жүрегимсең, баўырым,
Белгенеңди майыстырған жүклериңниң аўырын!..

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Мойнымдағы тумарым,
Қарап, көрип, сүйип, қушып тарқамастай қумарым.

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Иштен жанып-түтерим,
Жырақ кетсек көзлери төрт болып бирьян күтерим.

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Жүк көтергиш Нарымнан,
Аллаға мың, мың шүкирим сениң гене барыңнан!...
Апрель, 2019-жыл.

@X_Dauletnazarov
141 views17:25
Ашу / Түсініктеме
2022-06-22 15:25:05
#Қарақалпақ_миллий_ойынлары

Бүгин дөретиўшилик топарымыз бенен биргеликте Хожели районлық бөлими менен биргеликте аймақтағы «Жайхун» посёлка пуқаралалар жыйнында миллий ойынларымыздан «Теппек», «Əўелемен-дүўелемен», «Ақ терек пе, көк терек», «Арпа-гүрпе» ҳәм «Ләңки» түрлерин видеокөриниске алдық.

Ойынлардың бәри жүдә қызықлы ҳәм заўықлы. Жеке өзиме ләңки ойыны ушын зәрүр болған қорғасынды еритип кишкене шеңберге қуйыў ҳәм таяр болған киши шеңберди ешкиниң жүнине сым менен бирлестириў процеси жүдә унады. Себеби, балалығымызда аўыл балалары менен усы әмеллерди әмелге асырғанмыз, ким озарға ләңки тепкенбиз.

Ләңки тебиў инсан денсаўлығына оғада пайдалы. Мақсетимиз ҳәзирги аўлад ўәкиллери де усы ойынды ойнап, ата-бабаларымыздың мийрасынан суўсын алса деймиз.

Канал @charjau_elmuratov
1.2K views12:25
Ашу / Түсініктеме
2022-06-21 16:21:44
https://kknews.uz/kk/108804.html
Дәўиримиздиң шебер сөз зергери

Агентликтиң телеграм каналына ағза болың - https://t.me/kknews_uz
246 views13:21
Ашу / Түсініктеме
2022-06-21 14:35:29
ҚАРАҚАЛПАҚТЫҢ ТОП ОЙЫНЫ «ҚАШАРМАН»

Сөзи: Халила Даўлетназаров
Намасы: Ғаний Аманиязов

Мәртлик ушын жүрек керек жумыры,
Дәстек тутсаң, билек дәркар шымыры,
Көрген өтмиштиң көп ойы-қырыны,
Қарақалпақтың топ ойыны Қашарман.

Нешше дүркин әўлад, арғы аталар,
Даўы жүрген, кеткенди шүйк қаталар,
«Тәрип» шарласа, ким «уйде» жата алар,
Қарақалпақтың топ ойыны Қашарман.

Сайланды қыз-жигитлер сарасы,
Сын майданы уя – тарип арасы,
Ғәрремликке бар интизам шарасы,
Қарақалпақтың топ ойыны Қашарман.

Қыйынлыққа жар бермейди мойыны,
Майдан жазар қурысланған бойыны,
Миллий халықлық ўатанласлар ойыны,
Қарақалпақтың топ ойыны Қашарман.

Дәўирлерге сырлас алтын мийрасым,
Аты белли, даўрықлы қыл қыймасым,
Ел-журтың улығлап, қоллап, сыйласын,
Қарақалпақтың топ ойыны Қашарман.

Даў алыўда тапланар ҳәр таманлар,
Жуўырса жете алмас ескен самаллар,
Саған қушақ ашсын еллер, заманлар,
Қарақалпақтың топ ойыны Қашарман.

@X_Dauletnazarov
247 views11:35
Ашу / Түсініктеме
2022-06-21 13:32:12
#Қарақалпақ_миллий_ойынлары

Қашарман топ

Бүгин бир қатар бирге ислесиўши мәкемелер менен биргеликте Нөкис қаласында жайласқан "Арал" балалар дем алыў ҳәм саўалландырыў орайында дем алып атырған балалардың қатнасында халқымыздың миллий ойынларынан есапланған Қашарман топ ойынын шөлкемлестирдик.

Мың жыллық тарийхқа ийе ойын ҳәм оны видеокөриниске алыў процеси оғада қызықлы ҳәм заўықлы өтти.

Қашарман топтың ойнаў қағыйдалары ҳаққындағы усы видеокөринислеримизди тез арада нәзериңизге усынамыз.

@charjau_elmuratov
743 views10:32
Ашу / Түсініктеме
2022-06-15 04:19:17 Илим-пән, тарийх, көркем өнер тараўындағы қарақалпақша ең ҳасыл информациялық телеграм каналлар (@Merwert_uz'дың көзқарасы бойынша)

Қарақалпақ тарийхы, этнографиясы ҳәм мәденияты (@kketnografiya)-Шаҳзода Алламуратова;

Қарақалпақ байтереклери (@qaraqalpaq_bayterekleri)-Светлана Жәлменова;

Сизлер ушын (@SIZLER_USHIN)-Бийбиажар Демегенова;

Әдебий блогнот (@a_blognot)-Абадан Турдымуратова;

Қарақалпақ нақыл -мақаллары (@naqillar);

Қарақалпақ бақсы-жыраўлары ҳәм сазенделери (@baqsilar) Рустем Жанназаров;

Лабиринт- (@gulnara_ibragimova_daniyarova)-Гүлнара Ибрагимова;

Чаржаў Елмуратов @charjau_elmuratov;

Ана тилим-қалқаным (@ana_tilim_qalqanim)
-Гәўҳар Патуллаева;

Қарақалпақ әдебияты (@qaraqalpaqadebiyati)-
Муҳаррама Оразбаева;

Қарақалпақнамадан саза (@karakalpaknama)-Светлана Жәлменова;

Қарақалпақ шайырлары (@qqshayirlar)-Азамат Нуратдинов;

Қарақалпақ әдебияты (@adebiyat_Qr)-Азамат Шамуратов;

Қарақалпақ әдебиятындағы тулғалы шайыр-жазыўшылардың каналлары

Ибрайым Юсупов;
Төлепберген Қайыпбергенов;
Узақбай Пиржанов ҳәм Шийрин Халмуратова;
Шаўдырбай Сейитов;
Тилеўберген Жумамуратов;
Байнияз Қайыпназаров;
Халила Дәўлетназаров;
Алпысбай Султанов.

Хошҳаўаз бүлбилзибанлар
Даўытбай Қайыпов;
Баҳадыр Қайыпов;
Дәлибай Мәмбетмуратов;
Бийбираба Өтепбергенова.

Қарақалпақстандағы жас дөретиўшилердиң каналлары

Жас дөретиўшилер клубы;
Мейрамбек Әбдиқәлиев;
Бахытлы Сарыбаев;
Жаңабай Әнетеев;
Әзимбек Өтемуратов;
Нийетулла Жангелдиев;
Атағулла Сәтбаев;
Аллаяр Дарменов;
Муҳаммеддин Айтжанов;
Саҳипжамал Сырғабаева;
Әбдираҳман Қойлыбаев;
Базарбай Жолдасбаев;
Айгүл Қосымбетова;
Қыдырнияз Бабаниязов;
Расул Әбдимуратов;
Әбдирәшид Исмайылов;
Минара Қалбаева;
Қуўандық Бийсенбаев;
Руфат Ешанов;
Нуржамал Кәраматдинова:
Несийбели Мәмбетырзаева;
Бекберген Әдилбаев;
Асадбек Қуралтаев;
Сәрбиназ Айтмуратова;
Муўса Жийенбаев;
Гүлшеҳра Айтмуратова;
Байназаров Баҳадыр;
Ринат Хожамуратов;
Айсара Алланиязова
Гөззал Жумамуратова ;
Азат Даўышбаев;
Перийзат Имаматдинова.

Қудай қәлесе, бундай жәмленбе постлар еле даўам етеди.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың @merwert_uz
262 views01:19
Ашу / Түсініктеме
2022-06-14 15:35:02 https://uza.uz/uz/posts/milliy-xalq-oyinlarini-rivozhlantirishda-muhim-huzhzhat_381122
Миллий халқ ўйинларини ривожлантиришда муҳим ҳужжат
269 views12:35
Ашу / Түсініктеме
2022-06-13 21:15:43
Бүгин Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Ёдгор Саъдиевтың туўылған күни.

Сүўретте буннан бес жыл алдынғы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театрындағы интервьюден көринис.

Канал @charjau_elmuratov
304 views18:15
Ашу / Түсініктеме