Get Mystery Box with random crypto!

Charjau_Elmuratov

Telegram арнасының логотипі charjau_elmuratov — Charjau_Elmuratov C
Telegram арнасының логотипі charjau_elmuratov — Charjau_Elmuratov
Арна мекенжайы: @charjau_elmuratov
Санаттар: Білім
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 269
Арнадан сипаттама

Жаңалықлар ҳәм жеке пикирлер, сондай-ақ автордың жеке дөретиўшилик каналы

Ratings & Reviews

2.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Соңғы хабарлар 7

2021-10-15 12:57:57 Ж.Есенов бул мийнетинде шайырдың дɵретиўшилигине бизиң әдебий сынымыз ушын жаңалық болған триптих усылында қатнас жасап, образларды ашыў шеберлигине айрықша дыққат бɵледи, сɵз шебери поэмаларының жанрлық-стильлик жаңашалықларына тәсиршең мысалларды келтиреди.

Китап әдебиятшы сыншының шайырға жазған «Ашық хаты» менен басланып, соң оның шығармаларына әдебий-илимий таллаўлар берилип, топлам сыншы менен шайыр арасындағы диалог пенен жуўмақланғанлықтан ол ɵз формасы бойынша классикалық әдебий сында сыналған дәстүр-«триптих» усылын пайда етеди.

Топлам гүллән китапқумар жәмийетшилигимиздиң, шайырдың кɵп санлы ықласпентлериниң, соның ишинде әдебиятшылар менен докторантлардың, излениўши студентлер менен магистрантлардың, орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў ҳәм мектеп муғаллимлери менен оқыўшыларының дийдинен шығатуғыны сɵзсиз.

Китап, шайырдың дөретиўшилигине илимий жақтан шеберлик пенен таллаў жасалыўы менен жүдә баҳалы. Себеби, поэзия оқыўшысына, автор шығармаларының қалай жазылғаны, мәнис-мағанасы терең ашып көрсетилип оқың, деп қолы менен ситеп-көрсетпеседе оның менен жақыннан танысыўға ийтермелеп, ықласланыўшылығын пайда етеди. Яғный, шайыр менен китап оқыўшының арасында бир-бирин түсинисиўине дәнекерши болады.

Көплеген қәлем ийелери менен жақыннан ислесип, халқымыздың руўхыйлығын байытыўдай ийгиликли жумысларға қызғын кирисип кеткен «Avangard - baspa» баспасының бул нәўбеттеги басып шығарған китабы да ҳәр тәреплеме, полиграфиялық жақтан да заман талабы дәрежесинде, деп айта аламыз.

Ч.Елмуратов

@charjau_elmuratov
2.1K viewsedited  09:57
Ашу / Түсініктеме
2021-10-15 12:57:37
«МУҲАББАТ ҲӘМ АР-НАМЫС ЖЫРШЫСЫ»

«Avangard - baspa» баспасы тәрепинен филология илимлериниң кандидаты, белгили әдебиятшы-сыншы Ж.Есеновтың авторлығында Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстанға мийнети сиңген журналист Халила Дәўлетназаровтың поэзиялық жолына, лирикалық дɵретпелери бойынша «Муҳаббат ҳәм ар-намыс жыршысы» атамасындағы топлам басылып шықты.

Толық
1.9K views09:57
Ашу / Түсініктеме
2021-10-04 14:48:33
Қарақалпақ бақсы ҳәм жыраўлары

Дәрек: М.Нзанов “Қарақалпақлар”

@charjau_elmuratov
221 views11:48
Ашу / Түсініктеме
2021-10-04 10:34:07
БАЛАЛЫҚ

Сениң соқпағыңда қалай қағылдым,
Қағылтсаң да мен өзиңе жағындым,
Турмыстан қыйналсам сени сағындым,
Маған мәдет болған жаным балалық.

Ашшы айралықлар күйдирди мени,
Ҳижран азаплары ийдирди мени,
Айнымас ашықтай сүйдирди мени,
Сулыў жамалыңды жаным балалық.

Сени еслесем, еслеп үйим, анамды,
Қарса айырарман кеўилханамды,
Биз қалалы болып кеткен жабанлы,
Излеп табалмаспан жаным балалық.

21 июль, 2013-жыл.

@charjau_elmuratov
235 views07:34
Ашу / Түсініктеме
2021-10-04 10:00:47
Х.Дәўлетназаров.

Мениң дәртли Әмиўдәрьямсаң!

Заманым келди деп ағыўда едиң,
Бахыт шырақларын жағыўда едиң.
Бизге Ана киби бағыўда едиң,
Уллылығың менен исми жәриясаң.

«Әмиў» деген атың кɵп түскен атқа,
Ҳәмме қуштар болған ноқталамаққа.
Енди мегзеп турсаң дым жуўас атқа,
Шабысқа ɵзиңди қашан сайларсаң?

Сен болмасаң бүлбил болмас бағларда,
Қус түўе толы журт қалар дағларда.
Жүр, қайтайық, сол илҳамлы шағларға,
Журтың менен бирге жаспап-жайнарсаң!...

03.10.021.

@charjau_elmuratov
832 views07:00
Ашу / Түсініктеме
2021-10-02 14:15:59
Мәмлекетлик тил байрамына таярлық. Қалай оқыймыз, өзимизди сынап көрдик.

Оператор ҳәм монтаж: С.Ещчанов

@charjau_elmuratov
252 viewsedited  11:15
Ашу / Түсініктеме
2021-10-01 09:02:39
#Үш_әўлад_ушырасыўы

Қарақалпақстан халық шайыры, «Әмиўдәрья» журналының редакторы Халила Дәўлетназаровтың жумыс жайында.

30.09.2021

@charjau_elmuratov
407 viewsedited  06:02
Ашу / Түсініктеме
2021-09-20 09:25:58
Қоңыратлы қарындасымыздың жай кɵмегине барлық туўысқанлар жабылып барғанымызда, ендиғана дастурхан жайып атырған жеңгемиздиң аяғын ешек ҳәрре шағып алды. Зәҳәр емес пе, кишемиз аўырыўдан азарланып қалды. Соннан тез жәрдем шақырып аяғына укол салыўға туўра келди. Мийнет шығар, бир жағынан қыйналсақ, бир жағынан «Мырзаға»сы емеспен бе? күлгимиз де келди.

ЕШЕК ҲӘРРЕ

Жай кɵмекке барған жеңге,
Алашаны алған гезде.
Абайсызда аяғынан,
Шағып алды ешек ҳәрре.

Зәҳәрин биз сезбедик-тә,
Аяқ исти бир демде
Палаў асып атырған
Ағам түсти епкинге

Шақырыңлар «тез жәрдем»!
Екош, Бегим бери кел!
Нәлет болғыр ҳәрреси,
Сени күтип турмекен?

Соннан болды-аў басабас,
Күлер ҳәмме ўаҳа-ўақ.
Мийманда не шарўаң бар,
Аўылласың бизди шақ.

Пединстутқа кирген гезде,
Жай кɵмекке келген жеңге.
Желдей ушсын аяғың,
Несип шығар ешек ҳәрре.

20.09.2021

@charjau_elmuratov
433 viewsedited  06:25
Ашу / Түсініктеме
2021-09-20 07:30:22
Жай кɵмек

Әййемнен бизиң халқымызда, қоңсы-қоба, жора-жолдас ҳәм ағайин туўысқанлар арасындағы бир-бирине қалыс түрде қол кɵмегин бериў дәстүри даўам етип келеди.

Бул аўызбиршилик жоқары инсанийлық пазыйлетлер жәмленген қол кɵмеги жәрдеминде бир хожалықтың аўыр мийнети жеңилленеди.

Балалығымнан «Отын кɵмек», «Қамыс кɵмек», «Жай кɵмек» сыяқлы кɵпшиликтиң қатнасында әмелге асырылатуғын талай «кɵмек»лерде қатнасқанман. Тилекке қарсы, соңғы ўақытларда, әсиресе, қалалы жерлерде бундай аўызбиршилик жоғалып, ɵз-ара жәрдем, қол мийнети менен исленетуғын жумыслардың барлығы пул менен ɵлшенип баратырғанындай…

Мен күни кеше Қоңырат районында гүўасы болған «жай кɵмек» жоқарыдағы пикирлеримди бийкарлап жиберди. Кɵрип кɵзиң қуўанады. Бир шаңарақ имаратының питиўи ушын жай ийесиниң 20 адамнан аслам қоңсы-қоба ҳәм жора-жолдаслары бир шаңарақтың перзентлериндей желип мийнет етпекте. Ҳармасынға барған биз, денедеги аўырыўды умытып, қолымызға қалай шелек услағанымызды билмей қалдық.

@charjau_elmuratov
867 viewsedited  04:30
Ашу / Түсініктеме
2021-09-18 12:21:21
#Бүгин_туўылған_күн

Бүгин 18-сентябрь, Қарақалпақстан халық шайыры, драматург ҳәм жазыўшы Кеңесбай Рахмановтың туўылған күни.

ГҮЗ

Жыл қуслары ушты қублаға қарап,
Жаплардағы ағын суўлар тартылды.
Жапырақсыз бағлар қалды бийталап,
Жалаңаш тал жатырқайды салқынды.

Көл бойында қалған жаздың излери
Толқынлардың муңлы сестин тыңлайды.
Қаңбақ қоныў ушын сайын изледи,
Бирақ, өжет самал қамшы былғайды.

Батыс беттен булт келеди тулланып,
Қанатынды гүлдирмама еңирер.
Енди аздан қырлар менен жылғаны
Қара нөсер шурылдысы кемирер.

Ербеңлесип даладағы сексеўил,
Шаңлы даўыл қушағына еңсем дер.
Ҳаўа райы нашар яңлы бос кеўил,
Көз жасынан өзи тоңып кемсеңлер.

Жердиң үсти етип атыр жуқалық,
Әптап күнлер кеткен қашшан уйқыға.
Қарасаң да мың көз болып жутанып,
Кеўлиң толмас дөгеректиң сыйқына.

Анаға шәрт емес хоширей жамал,
Қолы ашық болса – ҳүрметке дәркар.
Салы сабанларын тинтеди самал,
Мамық пахталарды қанадан тартар…
1987-ж.
@QR_Ruwxiyliq
266 views09:21
Ашу / Түсініктеме