Get Mystery Box with random crypto!

#Қарақалпақ_миллий_ойынлары Қашарман топ Бүгин бир қатар бир | Charjau_Elmuratov

#Қарақалпақ_миллий_ойынлары

Қашарман топ

Бүгин бир қатар бирге ислесиўши мәкемелер менен биргеликте Нөкис қаласында жайласқан "Арал" балалар дем алыў ҳәм саўалландырыў орайында дем алып атырған балалардың қатнасында халқымыздың миллий ойынларынан есапланған Қашарман топ ойынын шөлкемлестирдик.

Мың жыллық тарийхқа ийе ойын ҳәм оны видеокөриниске алыў процеси оғада қызықлы ҳәм заўықлы өтти.

Қашарман топтың ойнаў қағыйдалары ҳаққындағы усы видеокөринислеримизди тез арада нәзериңизге усынамыз.

@charjau_elmuratov