Get Mystery Box with random crypto!

Charjau_Elmuratov

Telegram арнасының логотипі charjau_elmuratov — Charjau_Elmuratov C
Telegram арнасының логотипі charjau_elmuratov — Charjau_Elmuratov
Арна мекенжайы: @charjau_elmuratov
Санаттар: Білім
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 269
Арнадан сипаттама

Жаңалықлар ҳәм жеке пикирлер, сондай-ақ автордың жеке дөретиўшилик каналы

Ratings & Reviews

2.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Соңғы хабарлар 4

2021-12-11 17:07:20
Ташкент. "Дүрмен" дөретиўшилик үйи. Устаз дөретиўшилер менен бирге

@charjau_elmuratov
113 views14:07
Ашу / Түсініктеме
2021-12-11 16:49:34 Усы мүнәсибет пенен Ташкент қаласы Әлишер Наўайы атындағы мәмлекетлик академиялық үлкен театрында шайырдың 80 жыллығына бағышланған салтанатлы руўхый-ағартыўшылық илаж шөлкемлестирилди.

Онда Ташкент қаласы ҳәм Өзбекстан Республикасының барлық ўәлаятларындағы жазыўшы-шайырлар менен бирге Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамының баслығы, Өзбекстан халық жазыўшысы К.Кәримов, «Әмиўдәрья» журналының редакторы, Қарақалпақстан халық шайыры Х.Дәўлетназаров ҳәм Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң оқытыўшысы, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, шайыр Б.Генжемуратовлар қатнасып, шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында шығып сөйледи және жыйналғанларға өз дөретиўшилик үлгилерин инам етти.

Сондай-ақ, бул илажға Қырғызстан ҳәм Тәжикстан Республикалары Жазыўшылар аўқамының баслықлары Нурланбек Қалибеков ҳәм Низом Қосимлардың да қатнасқанын айрықша атап өтиў орынлы.

Қарақалпақстанлы устаз дөретиўшилердиң сапары Абдулла Ариповтың қәбирин зыяратлаў менен өз жуўмағына жетти.

@charjau_elmuratov
260 views13:49
Ашу / Түсініктеме
2021-12-11 16:49:22
#Абдулла_Арипов_80_жыл

Быйыл Өзбекстан Қаҳарманы, Халық шайыры, Өзбекстан мәмлекетлик гимни текстиниң авторы Абдулла Ариповтың туўылғанына 80 жыл толды.
249 views13:49
Ашу / Түсініктеме
2021-12-01 17:27:59
#Мәнаўият_мǝнзиллери

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының мәсләҳәтшиси, Республикалық мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаментиниң баслығы Дабылов Пердеғалий Абатбаевич пенен сәўбет.

Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
52 views14:27
Ашу / Түсініктеме
2021-12-01 16:46:37
#Мәнаўият_мǝнзиллери

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының мәсләҳәтшиси, Республикалық мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаментиниң баслығы Дабылов Пердеғалий Абатбаевичтан журналист ҳǝм блогерлердиң социаллық тармақларда ана тилимиздиң тазалығын сақлаў бойынша билдирген айырым сын-пикирлерине мүнǝсибет.

Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
17 views13:46
Ашу / Түсініктеме
2021-12-01 14:45:32
#Мәнаўият_мǝнзиллери

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының мәсләҳәтшиси, Республикалық мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаментиниң баслығы Дабылов Пердеғалий Абатбаевич пенен сәўбет

Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти тәрепинен ана тилимиздиң мәмлекетлик тил сыпатындағы абырайын ҳәм орнын артырыў бағдарында алып барылып атырған жумыслар ҳаққында?

Даўамы бар...

Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
56 views11:45
Ашу / Түсініктеме
2021-12-01 14:36:26
#Мәнаўият_мǝнзиллери

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының мәсләҳәтшиси, Республикалық мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаментиниң баслығы Дабылов Пердеғалий Абатбаевич пенен сәўбет

2020-жылдың январь айынан баслап, Ɵзбекстан Республикасы, соның ишинде Қарақалпақстан Республикасындағы жергиликли мәмлекетлик басқарыў уйымларында руўхый-ағартыўшылық жумыслар нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтши лаўазымы енгизилди. Мине, дерлик арадан 2 жыл ўақыт ɵтти. Ҳәкимликлердеги мәләҳәтшилер ана тилимиздиң тазалығын сақлаўда қандай роль ойнамақта. Усылар ҳаққында қысқаша мағлыўмат берсеңиз?

Даўамы бар...

Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
48 views11:36
Ашу / Түсініктеме
2021-12-01 07:35:30
#Мәнаўият_мǝнзиллери

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының мәсләҳәтшиси, Республикалық мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаментиниң баслығы Дабылов Пердеғалий Абатбаевич пенен сәўбет

Ҳүрметли Президентимиз ɵз шығып сɵйлеўлеринен биринде “Ана тилимиз – миллий мәнаўиятымыздың сарқылмайтуғын булағы болып табылады. Солай екен, оған мүнәсип түрде ҳүрмет кɵрсетиў бәримиздиң тек ғана ўазыйпамыз емес, ал муқаддес инсаныйлық миннетимиз!..” деген еди.

Даўамы бар...

Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
93 views04:35
Ашу / Түсініктеме
2021-11-29 08:28:14
#АНОНС
Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының «@QR_ruwxiyliq» рәсмий телеграмм каналында журналист Ч.Елмуратовтың авторлығында «Мәнаўият мәнзиллери» атамасындағы жаңа жойбар.

Жаңа рубрикамызда Сизиң нәзериңизге Республикамыздағы руўхый-ағартыўшылық жумыслар, соның ишинде тараўда мийнет етип атырған бир қатар үгит-нәсиятшылар, басшы-қәнигелер, кɵркем ɵнер ҳәм мәденият, әдебият ҳәм илим ғайраткерлери менен жанлы видеосәўбетлер усынылып барылады.

Быйыл қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 32 жыл толмақта. Биз рубрикамыздың туңғыш санында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының мәсләҳәтшиси, Республикалық мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаментиниң баслығы Дабылов Пердеғалий Абатбаевич пенен сәўбет шɵлкемлестирдик.

Сәўбет тез арада нәзериңизге усынылады. Сәўбетте азы-кем кемшиликлер ушырасыўы итимал. Бул ушын сизден алдын ала кеширим сораймыз. «Кɵш жүре-жүре дүзеледи», дегендей, ийигиликли ислеримизди сизиң пикир-усынысларыңыз бенен дүзеп барамыз.
100 views05:28
Ашу / Түсініктеме
2021-11-29 07:35:58
#Мәртебең_бәлент_болсын_ана_тилим!

Х.Дәўлетназаров

“Уллы зибан”
(қыссаханлық жолына)

Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
90 views04:35
Ашу / Түсініктеме