Get Mystery Box with random crypto!

Charjau_Elmuratov

Telegram арнасының логотипі charjau_elmuratov — Charjau_Elmuratov C
Telegram арнасының логотипі charjau_elmuratov — Charjau_Elmuratov
Арна мекенжайы: @charjau_elmuratov
Санаттар: Білім
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 269
Арнадан сипаттама

Жаңалықлар ҳәм жеке пикирлер, сондай-ақ автордың жеке дөретиўшилик каналы

Ratings & Reviews

2.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Соңғы хабарлар 2

2022-06-13 20:39:52
Әўелемен-дүўелемен

Қарақалпақ халық балалар қосық ҳәм ойыны

Канал @charjau_elmuratov
287 viewsedited  17:39
Ашу / Түсініктеме
2022-06-13 19:59:00
#Архив_Афиша

Келиң бир күлисейик!

Автор: Муратбай Нызанов
Режиссёр: Баўетдин Баймурзаев

Комедия 1989-жылда ҳәзирги Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Шамурат Өтемуратовтың 60 жыллық юбилейи мүнәсибети менен сахналастырылған.

Канал @charjau_elmuratov
975 viewsedited  16:59
Ашу / Түсініктеме
2022-06-12 19:26:59
#Мойнақ

Арал балықшысы

1980-1990-жыллар.

Социаллық тармақлардан алынды.

Канал @charjau_elmuratov
246 viewsedited  16:26
Ашу / Түсініктеме
2022-06-12 12:36:16
#Qaraqalpaq_multfilm

Ańqaw mergen

Avtor: M.Dáribayev

Oqıǵan: T.Amirov

montaj: А.Shadımuratov

Ses rejissiyorı: Q.Madreymov

@charjau_elmuratov
479 viewsedited  09:36
Ашу / Түсініктеме
2022-02-28 21:48:58

71 views18:48
Ашу / Түсініктеме
2022-02-18 09:16:39
Бөлимимизде әмелият өтеп атырған Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университети Юридика факултети "Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими" қәнигелиги 2-курс студентлери бизди бираз қысыныспаға қалдырды.

Күтилмегенде туўылған күниңиз бенен, деп шуўлап кирип келгенде бираз албырап қалдым.

Ертең олардың әмелияттағы соңғы күни еди. Оқыўға кетпестен бурын ағасын бир қутлықлап кетейик депти-дә.

Жас кадрлардың аяқ алысы жаман емес. Өткен бир ай даўамында бизге көп қол көмеги тийди. Əмелият жуўмақлана келе ҳәтте, бир-биримизди қыймай қалдық.

Инилерим ҳәм қарындасларым: Айсулыў, Умида, Айнура, Əзиз, Рахат ҳәм Бегалыларға итибар ушын миннетдаршылық билдиремен.

Илайым келешектеги жолларыңыз айдын болғай

@charjau_elmuratov
43 views06:16
Ашу / Түсініктеме
2022-02-18 08:00:17
Жас минген сайын, туўылған күниңде азмаз толғанады екенсең.

Қыялыңда өмирим өтип баратыр, усы жыллар ишинде нелерге еристим, деген сораўлар айланып, өзиңнен бираз хапа боласаң ба, әйтеўир түсиниксиз ойлар.

Қарақалпақстан халық шайыры Халила Даўлетназаровтың айтқанындай Жаслығымыз бизди әсте таслап баратырғандай…

Əкем 35 жасқа толғанында мен 14-15 жасар өспирим едим. Ҳәзир сол жасқа өзим шығып отырман.

Бүгин коллективимиз, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Татлымурат Атамуратов өзиниң жыллы тилеклерин билдирип, азмаз марапатымызды берди.

Буннан оғада қуўанышлыман.

Əсиресе, саўғаға Лев Толстойдың «Урыс ҳәм тынышлық» шығармасының 4 томламын саўға еткенине оғада қуўандым. Себеби, мен ушын китапқа жетер саўға жоқ.

Бул биз ушын жылдағы дәстүр. Китап фондымдағы китаплардың көбиси саўғаға берилген китаплар.

Итибар ҳәм жыллы тилеклер ушын бир шаңарақтың перзентлериндей болып ислеп атырған кәсиплеслериме, Татлымурат Атамуратовқа шексиз миннетдаршылық билдиремен.
75 views05:00
Ашу / Түсініктеме
2022-02-17 07:45:31
Алдын мәлим еткенимдей қосықшы достымыз Қуўаныш Муратов гезектеги "Қара көйлек, қара көз әйнек" атлы қосығымызды атқарып шыққан еди.
Қосық таяр клип ҳалында нәзериңизге усынылмақта.

Көрип баҳа бериң!

Намасын жазған: Ф.Ырзаев.

Оранжировчик: Қ.Мәдиреймов.

Атқарыўшы: Қ.Муратов

@charjau_elmuratov
81 viewsedited  04:45
Ашу / Түсініктеме
2022-02-07 16:27:19
Инсаний пазийлет ҳәм иллетлер ҳаққында

Басқалардың ығбал-бахтын көре алмаған адамлар бәрқулла қайғы-дәрт астында болады. Себеби, өзгелердиң жақсы турмысы оның жүрек-баўырын күйдиреди.

Ақыл-парасатлы адам халық пенен дослықта жасайды. Халық пенен жақсы қатнаста болмаған адам рәҳәтте жасай алмайды.

Бузуқ, пәс адамлар менен сәўбетлес болыў, олар менен дос, аға-ини тутыныў бир күни апат келтиреди.

Бирде-бир жумысқа кирискен адам дәслеп сол жумыстың ақыбети не болыўын жақсылап ойлаўы керек. Ойланбастан исленген жумыстың соңы унамсыз ўақыялар менен жуўмақланады.

Ҳәзил, мазақлаўға үйренген, аўызынан жақсы сөз шықпайтуғын адамлар соңынан усы пейилинен дәкки жийди. Ҳәзилдиң соңы “зил” деген сөз бийкарға айтылмаған.

Менменлик инсанды данққа бөлемейди. Кишипейил инсан халық ҳүрметине ийе болады, оған ығбал-бахыт күлип бағады.

Аўдарма: @charjau_elmuratov
“Оз-оз ўрганиб доно бўлур” китабынан
648 viewsedited  13:27
Ашу / Түсініктеме
2022-02-02 15:48:57
#Даналар_нәсияты

Инсаний пазийлетлер ҳәм иллетлер ҳаққында

Ашық жүзли, жақсы минез қулқлы, шийрин сөзли адам әндийше ҳәм парасат ийеси болады. Усындай гөззал сыпатларға ийе болған адам менен сәўбетлесиў – унамсыз минез қулқлы, оғада пәс адам менен сәўбетлес болыўдан көре жақсырақ. Бир фазылдан: “Қайсы пазийлет ең жақсы пазийлет саналады?” – деп сорады. Фазыл: “Ашық жүзли, шийрин сөзли болыў”, – деп жуўап берди.

* * *
Ҳәр бир исте абайлылық менен ҳәрекет еткен адам бәрқулла жетискенликлерге ериседи. Олай ислемегенде инсанға зыян жетеди.

* * *
Өзинен үлкен, тәжирийбели, билимли инсанлар менен мәсләҳәтлеспей турып жумыс баслаған адам өз исинен пайда көрмейди.

* * *
Ақмақ адам өзиндеги кемшиликлерди көре алмайды-дә, ал басқалардың кемшиликлерин жақсы көреди. Алды менен өзиндеги кемшиликлерди көрип, оны жоғалтыўға кирискенде, ол ақмақ болмас еди.

Аўдарма: @charjau_elmuratov
117 viewsedited  12:48
Ашу / Түсініктеме