Get Mystery Box with random crypto!

ҚАРАҚАЛПАҚТА КӨП ЖАҚСЫЛАР БАР ЕДИ… Заманының уллы батыры Алла | Charjau_Elmuratov

ҚАРАҚАЛПАҚТА КӨП ЖАҚСЫЛАР БАР ЕДИ…

Заманының уллы батыры Аллаяр Досназаровтың 100 жыллығына бағышланған салтанатта оқылды.

Мәртлик етсе болар қылыш тутпай-ақ,
Дос болыўға болар ант-суў ишпей-ақ,
Халық хызмети ушын ҳақы күтпей-ақ,
«Елим!..» деген азаматлар бар еди.

Дәстанда Рүстем менен Алпамыс,
Шәрьяр, Едиге де бул күннен алыс,
Иси де, исми де қәдирдан таныс,
Нағыз халық батыры Аллаяр еди.

Дүнья гәрдишинен күлдей үгилип,
Жүр еди журтының қәдди бүгилип,
Тарийхқа мүрәжат етип жүгинип,
Аўыр жүкти алып өткен нар еди.

Туўған жолбарыслар жасаған жерде,
Өзи де тәқаббил жаралы шерге,
Жаным қурбан болсын буныңдай ерге,
Халық көксинде жанған намыс-ар еди.

Бирин-бири пирдей сыйлап қол берген,
Алдынан кеселеп өтпей жол берген,
Қоллаў тапқан жақын-жырақ еллерден,
Қарақалпақта көп жақсылар бар еди.

Ел ҳеш ўақ хорлықлы ҳалға бармады,
Жүрегин үмитке, дәртке шарлады,
Қарақалпақ – деген алтын арбаны,
Даңғыл жолға салған Аллаяр еди.

Шежире жөн силтеп, ол шықты дара,
Әдалат белгилеп берди шегара,
Дөҳмет бәлесине таппады шара,
Ҳақлық ҳәм наҳақлық шарма-шар еди.

Жайдақ минип арзыў-әрман тулпарын,
Халықтың жырын жырлап, арлады арын,
Еркиншилик – деген ай жүзди ярын,
Узатып алсам деп аҳыў-зар еди.

Ғыйбат оғы тийди ушқыр суңқарға,
Ҳақыйқатлық көзин шоқыды ғарға,
Журтын ығбал таман өткерген дарға,
Соң өзи ғарқ болған Аллаяр еди.

Бийғәрезлик босағасы дәнданлы,
Қарақалпақ жасап атыр әндамлы…
Пайғамбардай салтанатлы-салдамлы,
Халқымызда көп жақсылар бар еди.

Уллы жолда көш баслаған нар еди,
Ҳәўижли саз еди, жипек тар еди,
Өзи шаңарақ көтерискен Станның,
Сап алтын сүдини Аллаяр еди!

@X_Dauletnazarov