Get Mystery Box with random crypto!

ҚАРАҚАЛПАҚТЫҢ ТОП ОЙЫНЫ «ҚАШАРМАН» Сөзи: Ха | Charjau_Elmuratov

ҚАРАҚАЛПАҚТЫҢ ТОП ОЙЫНЫ «ҚАШАРМАН»

Сөзи: Халила Даўлетназаров
Намасы: Ғаний Аманиязов

Мәртлик ушын жүрек керек жумыры,
Дәстек тутсаң, билек дәркар шымыры,
Көрген өтмиштиң көп ойы-қырыны,
Қарақалпақтың топ ойыны Қашарман.

Нешше дүркин әўлад, арғы аталар,
Даўы жүрген, кеткенди шүйк қаталар,
«Тәрип» шарласа, ким «уйде» жата алар,
Қарақалпақтың топ ойыны Қашарман.

Сайланды қыз-жигитлер сарасы,
Сын майданы уя – тарип арасы,
Ғәрремликке бар интизам шарасы,
Қарақалпақтың топ ойыны Қашарман.

Қыйынлыққа жар бермейди мойыны,
Майдан жазар қурысланған бойыны,
Миллий халықлық ўатанласлар ойыны,
Қарақалпақтың топ ойыны Қашарман.

Дәўирлерге сырлас алтын мийрасым,
Аты белли, даўрықлы қыл қыймасым,
Ел-журтың улығлап, қоллап, сыйласын,
Қарақалпақтың топ ойыны Қашарман.

Даў алыўда тапланар ҳәр таманлар,
Жуўырса жете алмас ескен самаллар,
Саған қушақ ашсын еллер, заманлар,
Қарақалпақтың топ ойыны Қашарман.

@X_Dauletnazarov