Get Mystery Box with random crypto!

Paziyletuz | Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал
Арнадағы тақырыптар:
Тілек
Еслетпе
سعل
Аўыз
Намаз
Дуа
تانگی
Safar
Саудия
Muftiy
All tags
Арна мекенжайы: @paziyletuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 73.67K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Ratings & Reviews

4.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 996

2021-02-18 20:08:38


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
6.2K viewsАдмин, 17:08
Ашу / Түсініктеме
2021-02-18 20:08:36
#дуўа

Жаўын жаўып турғанда айтылатуғын дуўа

Аиша разыяллаҳу анҳадан рәўият етиледи: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «...егер жаўын жаўса: «Аллооҳуммә соййибән нәәфиъан» дейтуғын еди.

Мәниси: «Аллаҳым пайдалы жаўын қыл».

Әзизлер, жаўын жаўып турған ўақыт Аллаҳ тааланың мийрим есиклери ашылып турған ҳәм дуўалар қабыл болатуғын ўақыт. Солай екен, ўатанымыз, халқымыз, шаңарағымыз ҳәм өзлеримиз ушын жақсы дуўалар қылып алайық.

Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
6.2K viewsАдмин, 17:08
Ашу / Түсініктеме
2021-02-18 20:08:25


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
6.3K viewsАдмин, 17:08
Ашу / Түсініктеме
2021-02-18 20:08:19


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
7.6K viewsАдмин, 17:08
Ашу / Түсініктеме
2021-02-18 20:08:03


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
6.9K viewsАдмин, 17:08
Ашу / Түсініктеме
2021-02-18 19:30:09 #мәнили_қосықлар

РӘББИМЕ ШҮКИР ЕТИП ЖАСАЙЫҚ

Жан ендирген бизди жоқтан бар қылып,
Қоймас ушын жәннет жолын тар қылып,
Күнделикли өзимизге "кәр" қылып,
Аллаҳыма шүкир етип жасайық.

Түн серпилип қуяш шығып атқанда,
Несийбени үлестирген ҳәр таңда,
Хәмду сәне айтып тартып тасбиҳда,
Рәббиме шүкир етип жасайық.

Аллаҳ ширик еткен истен тыйылып,
Оқып намаз мешитлерде жыйылып,
Тәнҳа жалғыз жаратқанға сыйынып,
Ҳәр күн, ҳәр дем шүкир етип жасайық.

Жаздырмастан еки қолды жағадан,
Тыймасын деп: бериўин түп сағадан,
Елдиң аманлығын сорап Аллаҳдан,
Дуўа қылып шүкир етип жасайық.

Қойған берип суўды, жерди, ҳаўаны,
Болсақ қәсте, дәртимизге даўаны,
Десек болсын берекетли даўамы,
Неъматларға шүкир етип жасайық.

Жарқыратқан қуяш хәмде күн, айын,
Тәўбе қылсаң кешип берген гунайың,
Сақлағыл деп: панаҳыңда қудайым,
Бахтымызға шүкир етип жасайық.


Ақшолпан Аманияз 02.02.2021 жыл

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
7.9K viewsАдмин, 16:30
Ашу / Түсініктеме
2021-02-18 18:44:53
#салаўат

Пийшемби күниниң намазшам ўақтынан баслап жума күниниң намазшам ўақтына дейинги болған пурсаттың ҳәр бир секунды сол дәрежедеги жақсылықлардың ғәзийнесине толтырылған, олардың қанша екенин тек ғана Аллаҳ тааланың Өзи биледи. Сол пурсат аралығында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламға көп салаўат айтың!

Аллаҳумма солли ўә сәллим ўә бәәрик ала Муҳаммад ўә ала әәлиҳи ўә асҳабиҳи әжмаъийн!

Аллооҳумма солли ўә сәллим ўә бәәрик ъала Муҳаммад ўә ъала әәлиҳи ўә асҳабиҳи әжмәъийн!

Аллооҳумма солли ъала сәййидинәә Муҳаммад!

Аллооҳумма солли ъала сәййидинәә Муҳаммад!




Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
7.9K viewsАдмин, 15:44
Ашу / Түсініктеме
2021-02-18 18:02:02
#ҳикмет

Мен дәртимди достыма да, душпаны ма да айтпайман. Себеби, достым қапа болса, душпаным сүйинеди. Мениң аўҳалымды ең жақсы билетуғын – Аллаҳым.

Умар ибн Хаттаб



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
8.0K viewsАдмин, 15:02
Ашу / Түсініктеме
2021-02-18 16:58:02
ЕКИ ТЕҢИЗ НЕ УШЫН ҚОСЫЛМАЙДЫ?

Ҳақыйқатында да, бир-бири менен қосылып ағып турса да, суўлары араласпайтуғын теңизлер келтирилген аятта айтылған өзгешелик кейинги жылларда ғана океан изертлеўшилери тәрепинен Жерорта теңизи менен Атлантика океанының қосылған жеринен табылды. Әсирлер даўамында бир-бири менен байланысып турған теңиз суўларының тығызлықларының ҳәр түрли болыўы – екеўиниң суўларын бир-бирине араластырмайды. Бир қараған адам ортада көринбес дийўал бар деп ойлайды...

Физика илими, суў асты изертлеўлер, тығызлық өлшеми сыяқлы нәрселер еле адамның уйықласа, түсине де кирмейтуғын дәўирде Қуранның бул илими ҳақыйқатты баянлаўын ойланған адамға көп нәрсениң бетин ашары сөзсиз.

Бул жаңалықты ашқан алым Жак Ив Кусто: «Ант ишип айтайын, заманагөй илим 1400 жылға қалып қойған. Бул Қуран адамның сөзи болыўы мүмкин емес. Бул – Аллаҳ тааланың шын сөзи!» деп жар салған екен.

Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!

https://t.me/joinchat/AAAAAEbfMm7dfVmRGUVSJA
11.9K viewsАдмин, 13:58
Ашу / Түсініктеме
2021-02-18 15:40:11
#ҳикмет

Сиз қандай жасап атырсыз?!

– Үмитсизликке түспең! Үмитсизлик Аллаҳтың мийримине нашүкирлик болады.

– Ғәзепленбе!
Ғәзеп пазыйлетлерди ўайран етеди.

– Кек сақлама!
Кек сақлаў өмир гөззалығын өширип таслайды.

– Ғамлы болма!
Ғам денеге де, нервқа да кесент етип, шыдап болмас дәртке гириптар етеди.

– Заманлар ҳүкми Аллаҳтың қаза ҳәм қадар салтанаты астында екенин умытпа.

– Әтирапыңдағы ўақыяларға бийпәрўа ҳәм ҳешқашан өзимшил болма.

– Қолға кирите алмаған нәрсеңе өкинбе. Маңлайыңа жазылған нәрсе болса несип етебереди.


«Сен: «Бизлерге Аллаҳтың жазғанынан басқа нәрсе жетпейди. Ол бизлердиң Ийемиз. Аллаҳға тек мөминлер ғана тәўекел қылсын» – деп айт» (Тәўбе сүреси, 51-аят).



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
12.2K viewsАдмин, 12:40
Ашу / Түсініктеме