Get Mystery Box with random crypto!

#ҳикмет Сиз қандай жасап атырсыз?! – Үмитсизликке түспең! Үм | Paziyletuz | Рәсмий канал

#ҳикмет

Сиз қандай жасап атырсыз?!

– Үмитсизликке түспең! Үмитсизлик Аллаҳтың мийримине нашүкирлик болады.

– Ғәзепленбе!
Ғәзеп пазыйлетлерди ўайран етеди.

– Кек сақлама!
Кек сақлаў өмир гөззалығын өширип таслайды.

– Ғамлы болма!
Ғам денеге де, нервқа да кесент етип, шыдап болмас дәртке гириптар етеди.

– Заманлар ҳүкми Аллаҳтың қаза ҳәм қадар салтанаты астында екенин умытпа.

– Әтирапыңдағы ўақыяларға бийпәрўа ҳәм ҳешқашан өзимшил болма.

– Қолға кирите алмаған нәрсеңе өкинбе. Маңлайыңа жазылған нәрсе болса несип етебереди.


«Сен: «Бизлерге Аллаҳтың жазғанынан басқа нәрсе жетпейди. Ол бизлердиң Ийемиз. Аллаҳға тек мөминлер ғана тәўекел қылсын» – деп айт» (Тәўбе сүреси, 51-аят).



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz