Get Mystery Box with random crypto!

#мәнили_қосықлар РӘББИМЕ ШҮКИР ЕТИП ЖАСАЙЫҚ Жан ендирген би | Paziyletuz | Рәсмий канал

#мәнили_қосықлар

РӘББИМЕ ШҮКИР ЕТИП ЖАСАЙЫҚ

Жан ендирген бизди жоқтан бар қылып,
Қоймас ушын жәннет жолын тар қылып,
Күнделикли өзимизге "кәр" қылып,
Аллаҳыма шүкир етип жасайық.

Түн серпилип қуяш шығып атқанда,
Несийбени үлестирген ҳәр таңда,
Хәмду сәне айтып тартып тасбиҳда,
Рәббиме шүкир етип жасайық.

Аллаҳ ширик еткен истен тыйылып,
Оқып намаз мешитлерде жыйылып,
Тәнҳа жалғыз жаратқанға сыйынып,
Ҳәр күн, ҳәр дем шүкир етип жасайық.

Жаздырмастан еки қолды жағадан,
Тыймасын деп: бериўин түп сағадан,
Елдиң аманлығын сорап Аллаҳдан,
Дуўа қылып шүкир етип жасайық.

Қойған берип суўды, жерди, ҳаўаны,
Болсақ қәсте, дәртимизге даўаны,
Десек болсын берекетли даўамы,
Неъматларға шүкир етип жасайық.

Жарқыратқан қуяш хәмде күн, айын,
Тәўбе қылсаң кешип берген гунайың,
Сақлағыл деп: панаҳыңда қудайым,
Бахтымызға шүкир етип жасайық.


Ақшолпан Аманияз 02.02.2021 жыл

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ