Get Mystery Box with random crypto!

Paziyletuz | Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал P
Арнадағы тақырыптар:
Қутлықлаў
Мақала
Кун
Жума
Muftiy
Намаз
Зикир
Ҳадис
Қураный
Ҳикмет
All tags
Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал
Арнадағы тақырыптар:
Қутлықлаў
Мақала
Кун
Жума
Muftiy
Намаз
Зикир
Ҳадис
Қураный
Ҳикмет
All tags
Арна мекенжайы: @paziyletuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 71.75K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Ratings & Reviews

4.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 993

2021-03-23 10:31:06
#рәўият

Бир уры базарда Умар ибн Хаттабтың сәллесин урлап қашты. Сонда, Умар разыяллаҳу анҳу:
«Аллаҳты гүўа қыламан! Мен оны саған бердим, «Қабыл еттим», деп қой, сени дозақ тутпасын!» деп бақырғанша оның артынан жуўырды.

Ҳәй Хаттабтың улы! Бунша әжайыпсыз-а?!



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
9.3K viewsАдмин, 07:31
Ашу / Түсініктеме
2021-03-23 09:15:28 #рәўият

Мусылманшылық қалай кемейеди?



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
9.0K viewsАдмин, 06:15
Ашу / Түсініктеме
2021-03-23 08:00:38
#ҳикмет

​​"УРЫ"

     Шайх Әлий Тантаўий раҳимаҳуллаҳ айтады:
"Шыжланнан нәрсе урлайтуғын талабадан, имтихан пайытында дурыс жуўап урлайтуғын талабаның жынаяты аўырлаў. Себеби, нәрсе урлаған адамның жынаятының тәсири сол нәрсени қайтарыўы менен кетеди. Бирақ, жуўапты урлаған талаба сол жуўап пенен жалған баҳаға ийе болса, оннан кейин жалған диплом алса, кейин қыянет пенен мәртебеге ериссе, оның жынаяты даўам ете береди. Гейде ол илими болмаса да дипломы менен "Алым" болып алады. Соң оның қолынан илимсизлер жәмәәти жетилисип шығады. Ол тап жуқпалы кеселликтиң вирусын көтерип жүретуғын адам сыяқлы.


"Мәденият ҳәм әдебияттағы бөлимлер" китабынан.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
9.5K viewsАдмин, 05:00
Ашу / Түсініктеме
2021-03-23 06:45:21
#ҳикмет

Бир уламадан сорапты:

– Инсанның руўхы түскин болып ҳәм өзин бахытсыз сезсе, қандай емлеў мүмкин?

Улама айтты:

– Бундай жағдайда ең жақсы дәри МЕҲИР ҳәм МУҲАББАТ!

– Егер ол пайда бермесе-ше? – деп сорады және...

Сонда улама:

– Муғдарын асырыў керек... - деп жуўап берген екен.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
10.0K viewsАдмин, 03:45
Ашу / Түсініктеме
2021-03-23 05:30:19 #рәўият #тәрбия

ҲӘЗИРЕТИ ӘЛИЙ ҲӘМ ФАТИЙМАИ ЗАҲРО ШАҢАРАҒЫ

Имам Әбиў Даўыт ҳәм басқалар келтирген рәўиятта Әлий ибн Әбиў Талиб разыяллаҳу анҳу төмендегилерди айтады:
«Бир неше күнге шекем бизиң алдымызда да, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдында да бирде-бир нәрсе болмастан, турып қалдық. Көшеге шықсам, жолда бир динар түсип жатыр. Бир мүддет «Оны алсам ба яки алмасам ба», деп турдым. Кейин өзимизге жеткен аўырлықты ойлап, оны алдым.
Саўдагерлердиң алдына барып, ун сатып алдым ҳәм Фатима разыяллаҳу анҳаның алдына алып келип, «Қамыр ийлеп, нан жап», дедим.
Ол қамыр ийлеўге киристи. Ол өзиниң әззилигинен қамыр ийлеп атырғанында маңлай шашы ыдыстың шетине тийип кетиўине сәл қалар еди.
Ақыры ол нанды писирди. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына барып, хабарды айттым. Нәбий алайҳиссалам: «Жей бериң. Ол Аллаҳ азза ўа жалла тәрепинен сизлерге берилген ырысқы», – деди».

Сондай уллы инсанның қызы Фатима разыяллаҳу анҳаның шаңарағы бир неше күнге шекем аш қалыпты.

Әлемлер сәрўарының қызы, әлемлер ҳаялларының сәййидасы күйеўи алып келген уннан қамыр ийлеўге ҳәрекет етипти, ашлықтан диңкеси қурып қалғаны ушын қамыр ийлеп атырғанда маңлай шашы ыдыстың шетине тийетуғын дәрежеде бүкшийип алған екен.


«Ҳәдис ҳәм турмыс» китабынан

https://t.me/paziyletuz
8.9K viewsАдмин, 02:30
Ашу / Түсініктеме
2021-03-23 04:56:02
#ҳәдис #дуўа

УЙҚЫДАН ОЯНҒАНДА ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА

Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қашан оянса, «Ләә иләәҳә илләә әнтә субҳаанәкә. Аллооҳуммә әстәғфирукә лизәнбий ўә әсъәлукә роҳмәтәкә. Аллооҳуммә зидний илмән. Ўә ләә тузиғ қолбий баъдә из ҳәдәйтәний. Ўә ҳәблий милләдункә роҳмәтән. Иннәкә әнтәл Ўәҳҳәәб», – дер еди».
Әбиў Даўыт рәўият қылған.

Дуўаның мәниси: «Өзиңнен басқа илаҳ жоқ. Аллаҳым, Сеннен гүнама мағфират сорайман ҳәм Сеннен мийримиңди сорайман. Аллаҳым, илимимди зыяда қыл. Ҳәм қәлбимди ҳидаятқа салғаныңнан кейин тайдырма. Маған Өз дәргәйыңнан мийрим бер. Әлбетте, Сениң Өзиң көп сыйлық бериўшисең!»



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
8.8K viewsАдмин, 01:56
Ашу / Түсініктеме
2021-03-23 04:46:02
Ассаламу алайкум!

Бүгин Сийшемби күни



Сийшемби күниңиз қайырлы болсын!

23-Март 2021
9-Шаъбан 1442





Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып өтиўин сизге несип етсин!


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
11.6K viewsАдмин, edited  01:46
Ашу / Түсініктеме
2021-03-22 20:22:33
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
10.2K viewsАдмин, 17:22
Ашу / Түсініктеме
2021-03-22 19:51:13
#ҳәдис #дуўа

Түнде оқылатуғын дуўа

Әбиў Саъийд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Ким өз төсегине жатқанында, үш мәрте «Астәғфируллооҳәл Азийм. Ләә иләәҳә илләә ҳуўәл ҳайюл қойюўм ўә әтуўбу иләйҳи» десе, Аллаҳ оның гүналарын мағфират қылады. Олар теңиздиң көбигиндей болса да. Олар теректиң жапырағы санындай болса да. Олар төбешиктиң қумы санындай болса да. Олар дүнья күнлериниң санындай болса да», – деди».
Термизий рәўият қылған.

Шолыў: Бул рәўиятта зикир етилген дуўаның мәниси төмендегише: «Жоқары ҳәм Уллы болған Аллаҳтан мағфират сорайман. Оннан өзге илаҳ жоқ. Ол – тири ҳәм даўамлы қайым».
Усы дуўаны ядлап алып, жатыўдан алдын оқып жатсақ, гүналарымыздың кеширилиўине ерисемиз, иншааллаҳ.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
16.5K viewsАдмин, 16:51
Ашу / Түсініктеме
2021-03-22 18:31:21
#зикир

«ЛӘӘ ҲАЎЛӘ ЎӘ ЛӘӘ ҚУЎЎӘТӘ ИЛЛӘӘ БИЛЛӘӘҲ» Жәннет нәллеринен бири

Ибн Умар (разыяллаҳу анҳу) рәўият қылады. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Жәннет нәлшелерин көбейтиң. Себеби, оның суўы татлы, топырағы пәкизе. Солай екен, оның нәллерин көбейтиң”, деди.
“Ҳәй Аллаҳтың Расулы, оның нәллери не?” деди.
«Аллаҳ қәлеген нәрсе “Ләә ҳаўлә ўә ләә қуўўәтә илләә билләәҳ», деди.
(Имам Табараний).

Зикирдиң мәниси: Күш ҳәм қүдирет тек Аллаҳ таала менен ғана бар.

Инсан бул дүньяда бир нәл ексе, нәли терек болып, көп жыллар даўамында инсанларға мийўелеринен үлестиреди. Ал, оның саўабы сол нәлди еккен адамға барып турады. Егер бул исти, яғный нәлди жәннетке ексе, оннан да көбирек саўапқа ийе болады.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
10.5K viewsАдмин, 15:31
Ашу / Түсініктеме