Get Mystery Box with random crypto!

#тәрбия Имам Аъзамның өз перзенти Ҳаммадқа қылған нәсия | Paziyletuz | Рәсмий канал

#тәрбия

Имам Аъзамның өз перзенти Ҳаммадқа қылған нәсиятлары

Ҳәй улым, саған бир неше ўәсиятлар қылмақшыман. Оларға әмел қылсаң, еки дүньяда бахытлы боласаң:
1. Бәрше ислериңде нийетти қалыс қыл. Ҳадал луқма жеўге ҳәрекет ет!
2. Бәрше ағзаларыңды гүнадан, жаман ислерден сақла!
3. Нени билиўге мүтәж болсаң, оны билмей қалма!
4. Дүнья ҳәм ақырет жолында пайдасы тийетуғын адамлар менен дос тутын!
5. Мусылманға да, ғайрымусылманға да душпанлық қылма!
6. Аллаҳ берген ырысқыңа қәнаат қыл!
7. Басқаларға мүтәж болып қалмаслық ушын қолыңдағы бар имканияттан исбилерменлик пенен пайдалан!
8. Адамлар саған пәс нәзер менен қараўына себеп болатуғын жаман ислерди қылма!
9. Мүтәжлигиңнен артықша нәрселерге берилиўден сақлан!
10. Адамлар менен ушырасқаныңда гәпти сәлем бериўден басла, жумсақ ҳәм мулайым сөйле, жақсыларға жағымлы, жаманлар менен кеңпейиллик пенен мүнәсибетте бол!
11. Адамлар арасында бузықлық ҳәм урыс шыққанында душпанларыңнан көре досларыңнан абайлы бол! Өйткени, душпаның достыңнан пайдаланыўы мүмкин.
12. Сырыңды, пулыңды ҳәм баратуғын жериңди биреўге айтпа!
13. Жақсы қоңсы бол, олардың азарларына сабыр ет!



https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ