Арна мекенжайы:
Санаттар:
Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар:
71.07K
Арнадан сипаттама
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
Ratings & Reviews
Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.
5 stars
2
4 stars
1
3 stars
0
2 stars
0
1 stars
0
Соңғы хабарлар 638
2022-02-15 12:30:57
337 voters827 views09:30
2022-02-15 12:30:57
346 voters835 views09:30
2022-02-15 10:54:02
#ҳикмет
НЕЪМАТТЫҢ ҮШ ТҮРИ БАР:
Бириншиси – биз пайдаланып жүрген неъматлар;
Екиншиси – арзыў қылған неъматларымыз;
Үшиншиси – ойымызға да кирмеген неъматлар.
Уламалар: «Адамлар пайдаланып жүрген неъматларына шүкиршилик қылса, Аллаҳ таала олардың арзыў етип жүрген неъматларына қолларын жеткерип, ойларына да келмегенлерин билдирип қояды», - деген екен.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube
Интернет сайтымыз: paziylet.uz
992 views07:54
2022-02-15 09:53:25
#саҳабалар_пазыйлети
ӘБИЎ БӘКИР СЫДДЫҚ РАЗЫЯЛЛАҲУ АНҲУДЫҢ ИЙГИЛИКЛИ ӘМЕЛЛЕРДЕ ОЗЫЎЫ Бир күни Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам саҳабаларынан сорады:
- Араңызда бүгин ким ораза тутты? Сонда Әбиў Бәкир разыяллаҳу анҳу:
- Мен, - деди.
- Араңызда ким бүгин кеселди зыярат етти? Сонда Әбиў Бәкир разыяллаҳу анҳу және:
- Мен, - деди.
Араңызда ким бүгин жаназаға қатнасты? Әбиў Бәкир разыяллаҳу анҳу және тағы да:
- Мен, - деди.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube
Интернет сайтымыз: paziylet.uz
3.7K views06:53
2022-02-15 07:43:02
#рәўият
ТУЎЫСҚАНЛАР МЕНЕН БАЙЛАНЫСТЫ ҮЗБЕҢ!
Аға-ини бир-бири менен қапаласып қалыпты. Ағасы “Иним жасы киши, келип кеширим сорар”, – деп күтипти. Ол да келе қоймапты. Шыдамаған ағасы ақыры инисине келеди, сөйтсе иниси де ағасын қатты сағынып жүр екен. Ағасын көрип, қатты қушақлап, өкирип жылап жиберипти. Сонда ағасы:
– Сен жас кишисең ғой, неге биринши болып келип кеширим сорамадың? – депти.
Сонда, иниси:
– Әжаға, ким биринши болып кеширим сораса сол биринши жәннетке киреди, дейтуғын еди. Жәннетке биринши сизиң кириўиңизди ҳәм мол саўапларды сиз алыўыңызды қәледим, – депти, көз жасын сүртип. Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube
Интернет сайтымыз: paziylet.uz
3.2K views04:43
2022-02-15 06:12:02
#ҳәдис #салаўат
Әбиў Дарда разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
"
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ким маған таң атқанда он ҳәм кеште он салаўат айтса, Қыямет күни шәпәәтиме ериседи", деди". Имам Табараний рәўияты.
Аллооҳуммә солли аләә сәййидинәә Муҳаммад. Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube
Интернет сайтымыз: paziylet.uz
2.1K views03:12
2022-02-15 05:28:02
#дуўа
ТАҢҒЫ ДУЎА "Асбәҳнаа аъләә фитротил-исләәм, ўә аъләә кәлимәтил-ихләәс, ўә аъләә дийни нәбиййинәә Муҳаммәд саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ўә аъләә милләти әбийнәә Иброҳиймә ханийфән муслимән ўә мәә кәәнә минәл-мушрикийн".
Мәниси: "Ислам фитратында, ықлас кәлиймасында, Нәбиййимиз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам дининде ҳәм атамыз Ибраҳим миллетинде турған ҳалда таң аттырдық. (Ол: Ибраҳим) ҳақиыйқвй мусылман болып, мушриклерден емес еди".Аҳмад ҳәм Ибн Сунний рәўияты.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube
Интернет сайтымыз: paziylet.uz
3.9K views02:28
2022-02-15 05:21:02
Ассаламу алайкум!
Бүгин сийшемби күни Сийшемби күниңиз қайырлы болсын!
15-Февраль 2022
13-Ражаб 1443 Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып өтиўин сизге несип етсин!
Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube
Интернет сайтымыз: paziylet.uz
4.0K views02:21
2022-02-14 20:00:30
#намаз_ўақытлары
Нөкис ўақты менен 15-февраль күнги намаз ўақытлары Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube
Интернет сайтымыз: paziylet.uz
4.1K views17:00
2022-02-14 19:40:27
#ҳәдис #дуўа
Түнде оқылатуғын дуўа Әбиў Саъийд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Ким өз төсегине жатқанында, үш мәрте «Астәғфируллооҳәл Азийм. Ләә иләәҳә илләә ҳуўәл ҳайюл қойюўм ўә әтуўбу иләйҳи» десе, Аллаҳ оның гүналарын мағфират қылады. Олар теңиздиң көбигиндей болса да. Олар теректиң жапырағы санындай болса да. Олар төбешиктиң қумы санындай болса да. Олар дүнья күнлериниң санындай болса да», – деди».
Термизий рәўият қылған.
Шолыў: Бул рәўиятта зикир етилген дуўаның мәниси төмендегише: «Жоқары ҳәм Уллы болған Аллаҳтан мағфират сорайман. Оннан өзге илаҳ жоқ. Ол – тири ҳәм даўамлы қайым».
Усы дуўаны ядлап алып, жатыўдан алдын оқып жатсақ, гүналарымыздың кеширилиўине ерисемиз, иншааллаҳ.
ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ӘЗИЗЛЕР!
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube
Интернет сайтымыз: paziylet.uz
2.1K views16:40