Get Mystery Box with random crypto!

#Илимге_шақырыў ЕЛЕ ДЕ КЕШ ЕМЕС Дүньяға белгили қир | Paziyletuz | Рәсмий канал

#Илимге_шақырыў

ЕЛЕ ДЕ КЕШ ЕМЕС

Дүньяға белгили қирәәт имамларынан бири имам Кисәий раҳимаҳуллаҳ 40 жасқа толғанша тек қой бағып жүрген ҳәм мал-дүнья топлаў менен әўере болған.
Күнлерден бир күни қой бағып жүргенде бир ҳаялдың даўысын еситип қалады, ҳаял баласын медресеге апаратырған болады, баласы: "Бармайман" деп турған екен, ал анасы баласына:
- Сен әлбетте тәлим алыўың керек. Тәлим алмасаң мына шопанға уқсап қаласаң, дейди.

Кисәий буны еситип: "Еле мен балалар қорқытылатуғын аўҳалға түстим бе?", деп қатты өкинеди ҳәм бар мал-мүлкин сатып илим үйрениўге кириседи. Нәтийжеде, он қирәәт имамларының бири болыў дәрежесине ериседи.


https://t.me/alberuniyuz