Get Mystery Box with random crypto!

​​ҚарақалпақСТАН – бул ҳәммемиздиң Ана Ўатанымыз! Бизиң ҳәўе | Силтеме

​​ҚарақалпақСТАН – бул ҳәммемиздиң Ана Ўатанымыз!

Бизиң ҳәўес етсе арзыйтуғын уллы тарийхымыз бар...
Ҳәўес етсе арзыйтуғын уллы бабаларымыз бар...
Ҳәўес етсе арзыйтуғын бийбаҳа байлықларымыз бар...
Барлығымыз исенемиз, ҳәўес етсе арзыйтуғын уллы келешегимиз де болады!


1924-жылы Орта Азия халықларын миллий шегаралаў, ҳәрбир миллетти ғәрезсиз республика етиў ҳаққында мәжилис болып өтипти. Мәжилисте өз халқының аты тилге алынбағанлығына ары келген Досназаров орнынан ушып турып:
Қарақалпақларды умытыўға кимниң ҳақы бар?,-депти.
Қарақалпақлар теңиз бойында жасаўшы, басына қара қалпақ кийгенлиги ушын сондай ат алған Хорезмниң өзбеклери ғой,-депти сол жерде отырған биреў.
Яқ, қазақлардың қара калпақлы бир ағайини,-депти және биреў.
Яқ, қарақалпақлар ақ қалпақлы қырғыздың қара қалпақлы егизеклери,-депти және биреў. Олардан кейин жер астынан шыққандай буўық бир даўыс:
Орта Азияда қарақалпақ деген бөлек миллет бар ма өзи?,-депти жүреклерге ғулғула салып. Досназаров бул гәплерге итибар бермей, мәжилис баслығынан рухсат та сорамай, туппа-туўры минберге шығып:
Жолдаслар, қарақалпақ миллети бар!,-депти. Шаўқым басылғаннан кейин әллеким:
Тилиңиз кимлерге жақын?,-депти.
Қарақалпақлар қарашай, ноғай, қумық, қазақ, қырғыз, түркмен, әзербайжан, татар, башқурт тиллери менен бир теректиң ҳәртүрли шақларына уқсайды... Кейин ол Әжинияздың "Бозатаў" поэмасын оқып берипти. Оның гәплерин Калинин, өзбек Файзулла Хожаев, қазақ Сәкен Сейфуллин, түркмен Қайғысыз Атабаевлар қоллап-қуўатлап, қарақалпақлар бөлек бир халық екенин айтыпты. Ҳәмме бир аўыздан "Қарақалпақларға автономия берилсин!" деп әдеттегидей бир қолын емес, еки қолын да көтерипти. Ғаўырлы тынғаннан кейин биреў:
Ҳәрбир миллеттиң атақлы адамлары болады. Бирақ, бизлер усы ўақытқа шекем қарақалпақлардың атақлы адамларын еситпеген екенбиз..,-депти. Сонда Досназаров былай деп жуўап берипти:
Қарақалпақ деген халық барын еситпеген сиздей қулағы аўыр адам оның атақлы адамларын қаяқтанам билсин?! Жақсылап еситип ал, айтаман! Өзбеклер ушын – Наўайы, түркменлер ушын – Мақтумқулы, орыслар ушын – Пушкин, қазақлар ушын – Абай қандай қәдирли болса, Бердақ деген шайыр қарақалпақлар ушын сондай қәдирли. Мәмлекет баслықларынан мысал айтсақ, орыслар ушын Петр I қандай қәдирли болса, XVIII әсирде жасаған Маманбий биз қарақалпақлар ушын сондай қәдирли. Ҳәзирги дәўирге келсек, Ф.Хожаев – өзбеклердиң, С.Сейфуллин – қазақлардың ар-намысы ушын қандай гүрескен болса, мине, мен – Аллаяр Досназаров солар қатарындаман,-деп сөзин тамамлапты. Соннан баслап Қарақалпақ сөзине "стан" қосымтасын қосып жаза баслапты. Сол бир ала сапыранлы XX әсирдиң жигирмаланшыл жылларындағы тарыдай шашылып жүрген қарақалпақ халқын бириктирип, оның мәмлекетлик шегарасын белгилеп, шаңарақ тиклеп берген ел перзенти Аллаяр Қораз улы Досназаровқа әўладлар алғысы шексиз. Мине, усы тарийхый ўақыяға да бүгин 14-октябрь саррас 97 жыл толыпты. Халқымызды бүгинги әҳмийетли сәне – ҚарақалпақСТАНымыздың 97 жасқа толыўы менен шын жүректен қутлықлаймыз!

Мақтанышым – Қарақалпақстан!!!

t.me/NUKUS