Get Mystery Box with random crypto!

Усы жылы оқыўы басқа тиллерде алып барылатуғын (түркмен, қазақ | Силтеме

Усы жылы оқыўы басқа тиллерде алып барылатуғын (түркмен, қазақ, орыс, өзбек) классларда Қарақалпақ (мәмлекетлик) тилинен Пән олимпиадасы болмай ма?

2021-жылдың 9-сентябрь күни ӨзРесМК тәрепинен «Пән олимпиадасын өткериў тәртиби ҳаққында» Қарар жәрияланды. Бул Қарарда «Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты» пәни көрсетилген, бирақ «Қарақалпақ (мәмлекетлик) тили» пәни бойынша ҳешнәрсе көрсетилмеген.
Социаллық тармақларда бирнеше күннен берли бул бойынша ҳәр түрли пикирлер айтылмақта. Биреўлер усы жылдан баслап оқыўы басқа тиллерде алып барылатуғын классларда Қарақалпақ (мәмлекетлик) тилинен Пән олимпиадасы «болмайды» десе, биреўлер «болады» дейди.
Районлық ХББ пән методистлери де бул ҳаққында ҳешқандай пикир билдире алмай атыр: я болатуғынын, я болмайтуғынын айтпайды.
Қарақалпақстанда мәмлекетлик тил – қарақалпақ ҳәм өзбек тиллери, сонлықтан, қарақалпақ тилинен Пән олимпиадасы болыўы шәрт!

Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигинен усы мәселеге анықлық киргизип, рәсмий мағлыўмат бериўин сорап қаламыз.

ПыСы: Өткен жылы Қарақалпақ тилинен саат санларын кескин қысқартып таслап еди, бирақ халық өз наразылығын билдирип саатларын орнына қойды, ал быйыл мынандай жағдай. Егер быйыл Пән олимпиадасы болмаса ендиги жағында да болмайтуғыны анық...

t.me/NUKUS