Get Mystery Box with random crypto!

Қашқадәрьяда артезиан қудыққа түсип кеткен 6 жаслы бала қутқар | KarInform.uz

Қашқадәрьяда артезиан қудыққа түсип кеткен 6 жаслы бала қутқарып қалынды

Кеше, 12-июнь күни саат 14:01 лерде Қашқадәрья ўәлаяты Шырақшы районы «Лангар» аўылында жасайтуғын пуқара ўәлаятлық Айрықша жағдайлар басқармасы (АЖБ)ның қысқа «1050» номерине мүрәжат етип, сол күни шама менен саат 13:30 ларда өзлерине тийисли болған атызда қазылған, 200 диаметрлик суўсыз артезиан қудыққа 6 жаслы ул перзенти түсип кеткени, оны алып шығыў ушын әмелий жәрдем сорап мүрәжат еткен.

Ўақыя орнына жедел түрде ўәлаятлық АЖБ қутқарыўшылары ҳәм тийисли хызметлердиң ўәкиллери жетип барған. Қутқарыў жумысларына АЖБның арнаўлы техникалары, экскаватор, грейдер ҳәм басқа техникалар бириктирилген.

Алып барылған арнаўлы қутқарыў операциясы нәтийжесинде бала бүгин, 13-июнь күни саат 10:25 те қутқарып алынған. Ҳәзирги ўақытта баланың аўҳалы жақсы. Қәнигели медициналық хызмет көрсетиў ушын қыстаўлы медициналық жәрдем хызметкерлерине тапсырылған. Жақын арада бала ата-анасына тапсырылады,-деп хабар берди Өзбекстан АЖМ баспасөз хызмети.

Каналымызға ағза болың @karinformuz