Get Mystery Box with random crypto!

Нөкисте кишкене баланы ийт талағаны ҳаққындағы хабарлар бойынш | KarInform.uz

Нөкисте кишкене баланы ийт талағаны ҳаққындағы хабарлар бойынша Денсаўлықты сақлаў министрлиги рәсмий мағлыўмат берди

Мәлим болыўынша, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги социаллық тармақларда тарқалған материаллар бойынша үйрениў жумысларын алып барған.

«Социаллық тармақларда тарқалып атырған видео көринис Нөкис қаласында жүз бермеген. Ал, екинши жарақатланған бала бойынша тарқалған фотокөринистеги жағдай Нөкис қаласында болып өткен»,-деп жазды министрликтиң мәлимлеме хызмети.

Анықлық киргизилиўинше, Нөкис қаласында жасаўшы пуқара Ю.С. ның баласы У.Э. ни 22-киши район аймағында қараўсыз жүрген ийт тислеп алған ҳәм бала жарақатланған.

Бала сол күнниң өзинде Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем орайы филиалына алып келинген.

Наўқасқа шыпакерлер тәрепинен медициналық жәрдем көрсетилген ҳәм 3 мәрте антирабик вакцинасы салынған.

Сол күнниң өзинде жағдай бойынша Ишки ислер уйымларына хабар берилген.

Наўқасқа 13-июнь күни емлеўханадан үйине шығыўға рухсат берилген.

Ҳәзирги ўақытта баланың денсаўлығы жақсы.

Усы орында министрлик пуқараларға мүрәжат етип, көшеде балаларды қараўсыз қалдырмаўға шақырды.

Каналымызға ағза болың @karinformuz