Get Mystery Box with random crypto!

«Қазақдәрья-Нөкис-Қазақдәрья» жөнелиси бойынша автобус қатнаўы | KarInform.uz

«Қазақдәрья-Нөкис-Қазақдәрья» жөнелиси бойынша автобус қатнаўы қайта жолға қойылды

Бүгинги күнде халқымыздың жәмийетлик транспортқа болған талабы күн сайын артып бармақта.

Жолаўшылардың узағын жақын етип, аўырын жеңиллетип, қолайлық жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги тәрепинен усы жылдың июнь айынан баслап «Қазақдәрья-Нөкис-Қазақдәрья» жөнелиси бойынша автобус қатнаўы қайта жолға қойылды.

Министрлик мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, автобус «Қазақдәрья» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан азанғы саат 07:00 де жолға шығады ҳәм Нөкиске 10:00 де жетип келеди. Нөкистен Қазақдәрьяға саат 15:00 де жүрип кетеди.

Каналымызға ағза болың @karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki