Get Mystery Box with random crypto!

Саза ТЖ каналы

Telegram арнасының логотипі sazatjcanal — Саза ТЖ каналы С
Telegram арнасының логотипі sazatjcanal — Саза ТЖ каналы
Арна мекенжайы: @sazatjcanal
Санаттар: Дәйексөздер , Санатсыз
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 341

Ratings & Reviews

3.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар

2023-05-16 16:57:24
Ҳүрметли ҳаял-қызлар!

Ҳәзир ашкөзлик ҳәм сықмарлық энергиясы ҳәўиж алып турған дәўир. Буған имканиятлар жаратылған. Сизлердиң де айырымларыңыз ҳәм ерлер соның аўына илинип қалмақта. Айтып киятырғанымыздай, ашкөзлик ҳәм сықмарлық – ишки душпанлардан, оны сапластырыў зәрүр. Интернеттеги ҳәр қыйлы пуллы электрон ойынларға жақынларыңыздың пул тигип ойнаўына жол қоймаң. Бул ойынлар наркотик киби. Егерде усындайды сезсеңиз – Аспанды жерге түсириң, бирақ күйеўиңизди (иниңизди, перзентиңизди …) ойыннан шығарып алың. Ақыбети жаман болады – тек қайғы, тәшўиш, бузылыс…
66 views13:57
Ашу / Түсініктеме
2023-05-16 16:38:36 Егер еркек ҳаялынан өтиниш еситпесе, онда ол «Мен оған керек емеспен!» деген жуўмаққа келеди. Ҳайран қаларлық пикир. Оның, өзи билген ҳақыйқаты бар. Еркек жақсы көрген ҳаялының машқаласын шешкиси келеди, ал ҳаял машқала ҳаққында сөйлемейди, ол мәселе қоймайды, ҳаял «күйеўимниң өзи менде қандай машқала, қандай мүтәжлик бар екенин түсинип алыўы керек» деп ойлайды.
Еркек анық буйыртпа күтеди: «Қәдирданым! Бириншиден мынаны ислеў керек, екиншиден мынаны, үшиншиден болса ананы, ҳаў айтқандай төртиншиси де бар екен-ғой, өтиниш ислеп жиберсе…». Гейбир ҳаяллар «Ҳаў! Мен күйеўимнен өтиниш етип көрдим, бирақ ол ҳеш нәрсе ислемейди!» деўи де мүмкин.
Жуўап мынадай: Не ушын күйеўиңиз өтинишиңизди орынламайды? Өйткени, бул жерде жүдә әҳмийетли нәрсе жетиспейди: мысалы сиз күйеўиңизден бир нәрсени орынлаўды сорадыңыз, ол орынлады ҳәм буннан кейин сизде оның исине таңланыў ҳәм мақуллаў болыўы керек. Сонда күйеўиңиз сиз бенен болған усы мүнәсибеттен қуўанады, өзин “керекпен” деп сезеди: «Мен ҳаялымның өтинишин орынлап едим, ол маған таң қалды, мен оны таң қалдырдым!» Ол бул сезимди және бир мәрте басынан кеширгиси келеди, ол және бир мәрте ҳаялының мақуллағанын ҳәм таң қалғаның сезгиси келеди. Солай етип, ол «Не ислейин? Қәне, айт. Және не сатып әперейин? Және не алып келейин?» дейди.
82 views13:38
Ашу / Түсініктеме
2023-05-16 16:36:39
Еркеклер ҳаяллардың
өтинишлерине мүтәж
82 views13:36
Ашу / Түсініктеме
2023-05-16 08:56:06 Сораў ҳәммеге: Қудайға жақынлаў менен узақласыўдың бир-биринен не парқы бар?
81 views05:56
Ашу / Түсініктеме
2023-05-16 08:53:36
Устазлар айтады: өмиримиздиң ҳәр бир секундында биз Қудайға я жақынласамыз, яки Оннан узақласамыз. Ҳәр бир жағдай – биз ушын сабақ. Ҳәм бизге жиберилген ҳәр бир жағдай ушын Қудайға миннетдар болыўымыз керек. Жаратыўшы ҳәр бир мәўритте бизге жақсылық етиўшидур. Ол бизге тек жақсылықты раўа көреди. Ҳәр бир секунд бизге сабақ болыўға қаратылған.
84 views05:53
Ашу / Түсініктеме
2023-05-15 12:29:37 Бизлер өз ўазыйпаларымызды көбирек жақын инсанымыздың еңсесине жүклеймиз.
Еркек ҳаялдың минезин жай-парахат қабыл етиўи керек. Себеби ҳаял өзиниң минезин басқара алмайды. Ҳаял турмысқа да оны кимдур басқарыўы ушын шығады. Ол өзиниң ойларын, сезимлерин басқара алмайды. Ҳаялдың мийине бир нәрсе кирип қалса, кейин соннан қутыла алмай ол қатты қыйналып жүреди. Ҳаялға кимдур оны тынышландырғаны керек, кимдур оған мәсләҳәт бериўи керек. Ҳәм буны ислейтуғын оның күйеўи.
Ҳаял жәнжел шығарғанда, еркек оны жай-парахат тыңлап ҳәм мақуллап отырыўы тийис. Яғный, ҳаял босасыўы ушын, оны тынышландырыўы керек. Еркек өзин усылай жай-парахат тутқанда ҳаял қорғаўда екенин сезеди, оның қасында тынышланады. Ҳаял босасып, тил алғыш болады.
Бирақ, егерде еркек ҳаялы оның айтқанын бәрқулла сөзсиз бежергенин қәлейтуғын болса, ҳаял ондай болмайды. Себеби ҳаял тәбияттан қулақсыз, айтқанды қылмайды.
Және бир әҳмийетли нәрсе: ҳаялды сүйсең, ол сени тыңлайды. Бул оған мәзи бир қолайлық – «Яқшы, мен разыман, себеби сен мени жақсы көресең» деп ҳаял айтқанды тыңлайды.
64 views09:29
Ашу / Түсініктеме
2023-05-15 12:29:27
ҲАЯЛ МУҲАББАТ ПЕНЕН ҚОРҒАНЫШТЫ СЕЗГЕНДЕ МӨМИН БОЛАДЫ
61 views09:29
Ашу / Түсініктеме
2023-05-13 16:13:30 Базы ўақытлары инсанлар Ана-Тәбиятқа наразы мүнәсибетте болады. Бул сезим қызғаныштың себебинен келип шығады. Қызғаныш дегенимиз – бул биз қәлеген нәрсеге басқа адамның ерискенине наразылық билдириў. Биз бундай жағдайды ишимизге сыйдыра алмаймыз. Бундай ўақытта бизди «Бул қалай болғаны? Мына нәрсени мен қәлеп едим, не ушын ол еристи? Не ушын мен емес, жорам сол машинаны сатып алды? Не себептен менде жоқ? Не ушын бул жигит маған емес, достыма сөз салды? Буны Тәғдирден мен сорап едим-ғой, мен қәлеп едим-ғой» сыяқлы сораўлар қыйнап таслайды. Мине, усы нәрсе қызғаныш сезими деп аталады.
Егерде биз басқа инсанлардың жетискенлигине қызғаныш пенен қарасақ – онда тап усы ўақытта бизде ҳақыйқый унамсыз реакция басланады. Ең қызығы, бул унамсыз реакция биз қызғаныш пенен қараған инсанның емес, ал өз өмиримизде жүз береди. Егер биз басқаға қызғаныш пенен қарасақ, өз өмиримизден бахыт кетип қалады. Қызғаншақ адамның бахытсыз болатуғыны анық. Егер биз өз өмиримизден миннетдар болып жасасақ, оның мийўеси сыпатында бизге бахыт инам етиледи. Қаншелли миннетдар болсақ, соншелли бахытлы инсанға айлана беремиз.
245 viewsedited  13:13
Ашу / Түсініктеме
2023-05-13 16:11:41
ҚЫЗҒАНЫШ ИШТЕН ЖЕЙДИ
208 views13:11
Ашу / Түсініктеме
2023-04-29 08:03:08 Және бир ирет «Жасүлкенлерге ҳүрмет» туўралы. Бул оғада әҳмийетли!
451 views05:03
Ашу / Түсініктеме