Get Mystery Box with random crypto!

Саза ТЖ каналы

Telegram арнасының логотипі sazatjcanal — Саза ТЖ каналы С
Telegram арнасының логотипі sazatjcanal — Саза ТЖ каналы
Арна мекенжайы: @sazatjcanal
Санаттар: Дәйексөздер , Санатсыз
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 341

Ratings & Reviews

3.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 5

2023-02-16 15:49:17 Сиз турақлы рәўиште қайыр-сақаўат ислеп атырсыз ба?
221 views12:49
Ашу / Түсініктеме
2023-02-14 16:04:35 Бала тәрбиясы
186 views13:04
Ашу / Түсініктеме
2023-02-14 16:04:02 «Күйеўи 1 млн утсын ба яки ҳаялы 2 млн утсын ба?»
184 views13:04
Ашу / Түсініктеме
2023-02-11 08:12:50 Ушырасыўларға келиң, раўажланың, өнип-өсиң, бахытлы болың!
113 views05:12
Ашу / Түсініктеме
2023-02-10 14:00:01 Мен билемен бе яки билмеймен бе?
Мағлыўмат алыўдың 3 дәреги, қайсысы дурыс?
Сана, Сана асты ҳәм Ақыл
Минез-қулқ, жақсы ҳәм жаман әдетлер
Әдетти қалай қәлиплестиремиз? Қәтелескен дурыс па? Не ушын ашыўланаман яки өкпелеймен?
Бир өмир, бирақ оған адамлардың көзқарасы түрли, не ушын? Өмирге көзқарасты өзгертиў усылы. Бай ақыл ҳәм жарлы ақыл.
Бахытлы жасаўға, әўметли болыўға кесент етиўши исенимлер. Оларды қалай өзгертемиз?
Өзиңе исеним жоқлығының себеплери, не қыламыз?
Жуўапкершилик, «Бул дүньяда ҳәмме нәрсе әдил, болып атырған ўақыялар жақсылыққа дегени ыраспа?»
Комплекслер деген не? Оны қалай жоқ етемиз? Не ушын басқаларға унаўымыз керек екен?
«Сырты жылтырақ, иши қалтырақ» – бизлер усындаймыз ба?
Ашыў, конфликт, агрессия. Не қыламыз?
Ораза, аскеза неге керек?
Өзиңе исенимди арттырыў…

Ушырасыў қайсы темада тоқтаса, кейинги ушырасыў сол жерден басланады. Тийкарғы (сырлы) руўхый билимлерди меңгериў ушын семинарлардың бәрине қатнасыўға умтылың, сонда сизде толық түсиник қәлиплеседи.

Мәнзил: Республикалық емлеўханасы алдындағы (Ерназар Алакөз көшеси бойында) ипотечный дом, шеп қапталындағы көше тәрепте подъездтен кириледи (жоқарысында Автомектеп, Хиджама деген баннерлер бар), 4-этаж.
Төлеми – 50 мың сум.
Мәрҳамат
54 views11:00
Ашу / Түсініктеме
2023-02-10 07:26:26
Ассалаўма алейкум жигитлер ҳәм қызлар! Жеке раўажланыўды даўам етемиз.

Д А Ғ А З А!
Қудайқәлесе, 12-февраль күни саат 15:00 де ушырасыў шөлкемлестириледи.

Тема: «Тийкарғы (сырлы) руўхый билимлер. Сораў-жуўаплар»

Бирнеше ушырасыўдан туратуғын семинарларымызда төмендеги темаларды талқылаймыз:
51 views04:26
Ашу / Түсініктеме
2023-02-10 07:26:20 Мен билемен бе яки билмеймен бе?
Мағлыўмат алыўдың 3 дәреги, қайсысы дурыс?
Сана, Сана асты ҳәм Ақыл
Минез-қулқ, жақсы ҳәм жаман әдетлер
Әдетти қалай қәлиплестиремиз? Қәтелескен дурыс па? Не ушын ашыўланаман яки өкпелеймен?
Бир өмир, бирақ оған адамлардың көзқарасы түрли, не ушын? Өмирге көзқарасты өзгертиў усылы. Бай ақыл ҳәм жарлы ақыл.
Бахытлы жасаўға, әўметли болыўға кесент етиўши исенимлер. Оларды қалай өзгертемиз?
Өзиңе исеним жоқлығының себеплери, не қыламыз?
Жуўапкершилик, «Бул дүньяда ҳәмме нәрсе әдил, болып атырған ўақыялар жақсылыққа дегени ыраспа?»
Комплекслер деген не? Оны қалай жоқ етемиз? Не ушын басқаларға унаўымыз керек екен?
«Сырты жылтырақ, иши қалтырақ» – бизлер усындаймыз ба?
Ашыў, конфликт, агрессия. Не қыламыз?
Ораза, аскеза неге керек?
Өзиңе исенимди арттырыў…

Ушырасыў қайсы темада тоқтаса, кейинги ушырасыў сол жерден басланады. Тийкарғы (сырлы) руўхый билимлерди меңгериў ушын семинарлардың бәрине қатнасыўға умтылың, сонда сизде толық түсиник қәлиплеседи.

Мәнзил: Республикалық емлеўханасы алдындағы (Ерназар Алакөз көшеси бойында) ипотечный дом, шеп қапталындағы көше тәрепте подъездтен кириледи (жоқарысында Автомектеп, Хиджама деген баннерлер бар), 4-этаж.
Төлеми – 50 мың сум.
Мәрҳамат
53 viewsedited  04:26
Ашу / Түсініктеме
2023-02-09 15:00:37
Еркек дегениң – мынадай болады Ол ҳаял-қызлардың изинен қуўмайды, сонда … (видеода көрип турғаныңыздай)
74 viewsedited  12:00
Ашу / Түсініктеме
2023-02-09 14:59:16 Ҳаял еркектен ғәрезли. Егерде «Шаңарақты бирге алып барамыз, ҳаялымда пул табыўы, шаңарақ мәселелерин олда шешиўи керек» деп ойлайтуғын – еркек емес.
Еркек дөретиўши, ал ҳаял – илҳамландырыўшы. Дөретиўши дегени – Жаратыўшы менен байланыслы болғаны. Ер адам Қудайды билиўи, өмирде бийик ҳәм ылайықлы мақсети болыўы лазым. Сонда ҳаял оны ҳүрмет етеди, жәрдемлеседи. Сонлықтан да, халықта ҳәр бир уллы еркектиң артында оннан кем емес уллы ҳаял турады дейди.
Егерде ер адамның Аллаға қулшылығы болмаса, онда ҳаял оның басына питкен бәле болады ҳәм еркек түрли гүналарға батады, мәскүнемге айланады. Мақсетсиз өмирден ер адамның қорғанышы жоқ.
Соның ушын, ҳаял күйеўинен басым болса да, өзиниң өмирлик миннетин түсинип, күйеўин еркек болыўға йошландырыўы тийис.
Бийғәрез ҳаял – келешекте жалғызлықты аңлатады. Қорғаныш күйеўи жоқ ҳаяллар қатынпараз еркеклердиң қолына аңсат түседи. Жәмийетте бийғәрез ҳаяллар шаңарақ институтының бузылыўына алып келеди.
55 views11:59
Ашу / Түсініктеме
2023-02-09 14:02:07
Егерде перзентлеримизди мына видеодағы ийманлы, әдепли балалардай етип тәрбиялаған болсақ – онда Алла алдында ата-ана сыпатында өз миннетимизди орынладық десек болады. Болмаса, басқа не қылған болсаң да – жоқ.
29 viewsedited  11:02
Ашу / Түсініктеме