Get Mystery Box with random crypto!

Базы ўақытлары инсанлар Ана-Тәбиятқа наразы мүнәсибетте болады | Саза ТЖ каналы

Базы ўақытлары инсанлар Ана-Тәбиятқа наразы мүнәсибетте болады. Бул сезим қызғаныштың себебинен келип шығады. Қызғаныш дегенимиз – бул биз қәлеген нәрсеге басқа адамның ерискенине наразылық билдириў. Биз бундай жағдайды ишимизге сыйдыра алмаймыз. Бундай ўақытта бизди «Бул қалай болғаны? Мына нәрсени мен қәлеп едим, не ушын ол еристи? Не ушын мен емес, жорам сол машинаны сатып алды? Не себептен менде жоқ? Не ушын бул жигит маған емес, достыма сөз салды? Буны Тәғдирден мен сорап едим-ғой, мен қәлеп едим-ғой» сыяқлы сораўлар қыйнап таслайды. Мине, усы нәрсе қызғаныш сезими деп аталады.
Егерде биз басқа инсанлардың жетискенлигине қызғаныш пенен қарасақ – онда тап усы ўақытта бизде ҳақыйқый унамсыз реакция басланады. Ең қызығы, бул унамсыз реакция биз қызғаныш пенен қараған инсанның емес, ал өз өмиримизде жүз береди. Егер биз басқаға қызғаныш пенен қарасақ, өз өмиримизден бахыт кетип қалады. Қызғаншақ адамның бахытсыз болатуғыны анық. Егер биз өз өмиримизден миннетдар болып жасасақ, оның мийўеси сыпатында бизге бахыт инам етиледи. Қаншелли миннетдар болсақ, соншелли бахытлы инсанға айлана беремиз.