Get Mystery Box with random crypto!

Бизлер өз ўазыйпаларымызды көбирек жақын инсанымыздың еңсесине | Саза ТЖ каналы

Бизлер өз ўазыйпаларымызды көбирек жақын инсанымыздың еңсесине жүклеймиз.
Еркек ҳаялдың минезин жай-парахат қабыл етиўи керек. Себеби ҳаял өзиниң минезин басқара алмайды. Ҳаял турмысқа да оны кимдур басқарыўы ушын шығады. Ол өзиниң ойларын, сезимлерин басқара алмайды. Ҳаялдың мийине бир нәрсе кирип қалса, кейин соннан қутыла алмай ол қатты қыйналып жүреди. Ҳаялға кимдур оны тынышландырғаны керек, кимдур оған мәсләҳәт бериўи керек. Ҳәм буны ислейтуғын оның күйеўи.
Ҳаял жәнжел шығарғанда, еркек оны жай-парахат тыңлап ҳәм мақуллап отырыўы тийис. Яғный, ҳаял босасыўы ушын, оны тынышландырыўы керек. Еркек өзин усылай жай-парахат тутқанда ҳаял қорғаўда екенин сезеди, оның қасында тынышланады. Ҳаял босасып, тил алғыш болады.
Бирақ, егерде еркек ҳаялы оның айтқанын бәрқулла сөзсиз бежергенин қәлейтуғын болса, ҳаял ондай болмайды. Себеби ҳаял тәбияттан қулақсыз, айтқанды қылмайды.
Және бир әҳмийетли нәрсе: ҳаялды сүйсең, ол сени тыңлайды. Бул оған мәзи бир қолайлық – «Яқшы, мен разыман, себеби сен мени жақсы көресең» деп ҳаял айтқанды тыңлайды.