Get Mystery Box with random crypto!

Егер еркек ҳаялынан өтиниш еситпесе, онда ол «Мен оған керек е | Саза ТЖ каналы

Егер еркек ҳаялынан өтиниш еситпесе, онда ол «Мен оған керек емеспен!» деген жуўмаққа келеди. Ҳайран қаларлық пикир. Оның, өзи билген ҳақыйқаты бар. Еркек жақсы көрген ҳаялының машқаласын шешкиси келеди, ал ҳаял машқала ҳаққында сөйлемейди, ол мәселе қоймайды, ҳаял «күйеўимниң өзи менде қандай машқала, қандай мүтәжлик бар екенин түсинип алыўы керек» деп ойлайды.
Еркек анық буйыртпа күтеди: «Қәдирданым! Бириншиден мынаны ислеў керек, екиншиден мынаны, үшиншиден болса ананы, ҳаў айтқандай төртиншиси де бар екен-ғой, өтиниш ислеп жиберсе…». Гейбир ҳаяллар «Ҳаў! Мен күйеўимнен өтиниш етип көрдим, бирақ ол ҳеш нәрсе ислемейди!» деўи де мүмкин.
Жуўап мынадай: Не ушын күйеўиңиз өтинишиңизди орынламайды? Өйткени, бул жерде жүдә әҳмийетли нәрсе жетиспейди: мысалы сиз күйеўиңизден бир нәрсени орынлаўды сорадыңыз, ол орынлады ҳәм буннан кейин сизде оның исине таңланыў ҳәм мақуллаў болыўы керек. Сонда күйеўиңиз сиз бенен болған усы мүнәсибеттен қуўанады, өзин “керекпен” деп сезеди: «Мен ҳаялымның өтинишин орынлап едим, ол маған таң қалды, мен оны таң қалдырдым!» Ол бул сезимди және бир мәрте басынан кеширгиси келеди, ол және бир мәрте ҳаялының мақуллағанын ҳәм таң қалғаның сезгиси келеди. Солай етип, ол «Не ислейин? Қәне, айт. Және не сатып әперейин? Және не алып келейин?» дейди.