Get Mystery Box with random crypto!

Саза ТЖ каналы

Telegram арнасының логотипі sazatjcanal — Саза ТЖ каналы С
Telegram арнасының логотипі sazatjcanal — Саза ТЖ каналы
Арна мекенжайы: @sazatjcanal
Санаттар: Дәйексөздер , Санатсыз
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 341

Ratings & Reviews

3.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 7

2023-01-26 18:47:39
Қатынпараз жигитлердиң келешеги
422 views15:47
Ашу / Түсініктеме
2023-01-26 16:10:55 Турмыска шыгыу ушын...
325 views13:10
Ашу / Түсініктеме
2023-01-25 13:25:17
Тәбияты бойынша, ҳаял еркектен ғәрезли.
Бирақ, ҳаял-қызлар бийғәрезликке умтылып атырған дәўирде жасап атырмыз. Буны батыс қоллап атыр («Гендер теңлиги»). Бийғәрез ҳаял – келешекте жалғызлықты аңлатады (қорғанышы күйеўи жоқ ҳаяллар қатынпараз еркеклердиң қолына аңсат түседи), жәмийетте болса – шаңарақ институтының бузылыўы.
181 views10:25
Ашу / Түсініктеме
2023-01-25 08:04:57 Жақсылық ислеўге асығың

Дүньяда үлкен көлемдеги процесслер жүз бермекте, олар сондай үлкен, космос көлеминдеги уллы процесслер. Бул процесслер тез тоқтамайды. Буныӊ илажы жоқ.
Япон халқыныӊ мынадай нақылы бар: «егер аўыр нәрсе домалап келе атырған болса, демек ол келе береди».
Мегапроцесслер басланды ҳәм олар даўам етеди. Бул бизге унай ма я яқ па, көнлигиўге туўра келеди. Тәртип жоқарыдан орнатылады. Ҳәр тәреплеме орнатылады.
Бунда еӊ баслысы: ҳәмме нәрсениӊ көлеми артады, кеӊейди, мега-формаға, мега-фазаға өтеди. Ҳәмме нәрсе тез жүз береди, орынланады, әмелге асады, көбейеди, артады – мине бул усы процесстиӊ еӊ баслы өзгешеликлери. Нийет, сөз, ис-ҳәрекет – бәри геометриялық прогрессияда артады.
Сиз бул процесске, дәўирге, жаӊа жылға не менен кирген болсаӊыз, соныӊ бәри көп есеге көбейеди. Қорқыў, алдаў, жаман қыял, қыянет, ашкөзлик, үйшиликтеги кишкене сатқынлық – булардыӊ бәри егилген тухымлар. Олар тез өнип шығады ҳәм өсип кетеди, көлеми мыӊ есеге артып кетеди. Олар адамныӊ қысқа өмирин нәм-нәҳән қурымдай қаплап алады.
Ҳәр бир айтылған сөз оғада үлкен әҳмийетке ийе болады. Ҳәр бир исленген ис еселеп артады. Кишкене жаманлық үлкен жаўызлықты туўады ҳәм оны ислеген адамға қайтады.
Жақсылықтыӊ да есеси артады. Кишкене жақсылық үлкен терекке айланып, аспанға жетеди. Әдил айтылған ҳақ сөз, мәртлик ис-ҳәрекет, өзгелерге көрсетилген жәрдем, жыйнап қойылған азғана болса да пул, алынған билим ҳәм көнликпелер – бәриниӊ көлеми артады, еселеп көбейеди…
Әҳмийетлиси – сиз өзиӊиз жаӊа дәўирге не менен киргениӊиз. Сизиӊ қолыӊызда қандай тухым бар, сиз не екпекшисиз? Әне сол көбейеди, еселеп артады.
Сөздиӊ, ойдыӊ, истиӊ қәдирин билиўимиз керек. Ҳәттеки бизге әҳмийетсиз көринген, әйтеўир түйилгенлериниӊ де.
Себеби бул бизге әҳмийетсиз көринип тур. Бирақ усы кишкене нәрседен үлкен нәрсе пайда болады. Мине усы еӊ баслысы.
Саза январь 23
572 views05:04
Ашу / Түсініктеме
2023-01-23 13:40:39 Өзимиздиң жақсы-жаман тәреплеримиз туўралы
402 views10:40
Ашу / Түсініктеме
2023-01-23 10:20:18 Үйде жәнжел болып атырған болса…
414 views07:20
Ашу / Түсініктеме
2023-01-23 09:09:32 Турмыс тәшўишлерин азайтыўдың усылы 2
386 views06:09
Ашу / Түсініктеме
2023-01-23 07:42:35 – Рахмет, айтқаныңыз дурыс. Мәжбүрлеў болды. Бирақ адамда парасат бар емеспе, үйрениў керек емеспе яки алдыңа әкелгенди жей беремиз бе – Пәленше айтты деп, оның ҳалал-ҳарамлығын айырмай?
Бизге өмир керек пе яки жумыс керек пе?
«Бирақ бизлер алдық, бизлерге ҳешнәрсе болмады» деўиңиз мүмкин… Егерде вакцина алғанның бәри 100% набыт бола бергенде – адамлар ҳақыйқатты дәрҳал түсинер еди. Яқ, оларда ақмақ емес.
Бул ковид ақырғысы емес, еле несин көрипсең. Вакцинаның зыяны туўралы мағлыўматлар келеси ковид-совид-мовид… лерде «Бул вакциналар сени аман сақлайды, 100% қәўипсиз» деп атырғанда ойланыў, гүманланыў ушын берилип атыр. Саза журналында вакцина, прививкалардың зыяны туўралы мақалалар ковидтан алдынам, 10 жылдан берли берилип келмекте.
Медицина бизнеске айланды, бизнесмен алдайды, заманласлар.
618 views04:42
Ашу / Түсініктеме
2023-01-23 07:42:31
Личкаға келген пикир:
«Вакцина алман дейсиз, бирак ковидтын вакцинасын мажбурий кылып койдыго, ким шаншылмаса жумыска койылмайды деп. Коп адам жумыстан айрылмау ушын алды, емизиулилер, беременныйларга да салынды, хешким калеуин сорап отырмады»
568 views04:42
Ашу / Түсініктеме
2023-01-22 10:17:38
Ҳәзир ҳаял-қызларда көп пул таўып атыр. Солардың дыққатына:

Еркек өзи мийнет етип таппаған нәрсесин қәдирлемейди!
Еркек жас ўақтынан баслап сондай болады. Еркекти еркелетиўдиӊ еӊ жаман жолы – бул оған өзи ылайық болмаған, қәдирин билмейтуғын саўғаларды бериў (мәселен, үш жасар балаға өзи жүретуғын машина алып бериў). Солай екен, еркекке «жақсы көриниў» ушын, қәдирли болыў ушын оған әшейин түрли саўғалар қылыў, яғный ҳешқандай тосықсыз оған «өзиӊди тапсырыў», үйиӊе киргизиў, пул бериў, тәмийинлеў, еле ҳаялы болмастан-ақ оныӊ ҳаялы ўазыйпаларын атқарыў – бул жақсы көрген адамыӊызды бузыўдыӊ ҳәм сизиӊ ол ушын ислеп атырғаныӊызды қәдирлемеўди үйретиўдиӊ жолы, себеби булар еркекке аӊсат келген нәрселер, демек ол ушын ҳеш қандай қәдири жоқ дегени.

Саза журналы, 2023-жыл январь санынан (енди исленип атыр)
748 views07:17
Ашу / Түсініктеме