Get Mystery Box with random crypto!

​​​​ДӘЎЛЕТБАЙ ШӘМШЕТОВ – ҚАРАҚАЛПАҚСТАННЫҢ БИРИНШИ ПРЕЗИДЕНТИ | Силтеме

​​​​ДӘЎЛЕТБАЙ ШӘМШЕТОВ – ҚАРАҚАЛПАҚСТАННЫҢ БИРИНШИ ПРЕЗИДЕНТИ

Дәўлетбай Нуратдинович Шәмшетов 1948-жылы 21-январьда Шымбай қаласында туўылған, миллети − қарақалпақ. 1971-жылы Әндижан пахта институтының агрономлық қәнигелигин питкерген.

1973-жылға дейин Қарақалпақстан илим-изертлеў институтында киши илимий хызметкер, 1973-жылы Пүткилаўқамлық пахта ѳсириў илим-изертлеў институтының аспиранты болды. 1973-жылдан 1991-жылға дейин Кеңес Аўқамының Коммунистлик партиясы ҳәм ϴзССР Коммунистлик партиясы қурамында болды.

1980-жылы аўыл-хожалық илимлери бойынша илим кандидаты болды. 1984-1986-жыллары ол Қарақалпақ АССР-ының Бозатаў районындағы «Алғабас» совхозының директоры, 1986-1990-жыллары Қарақалпақ АССР-ының Қараѳзек районындағы «Қараѳзек» совхозының директоры болды. 1990-1992-жыллары «Халық мәпи» деген қарақалпақша партияның басшысы ҳәм сол партияның тийкарын салыўшысы болды.

1990-жылдың февралынан баслап Қарақалпақ АССР Жоқарғы Кеңесинде халық депутаты, соның менен бирге, 1991-жылдың январь айынан февраль айына дейин ӨзССР КП Қарақалпақстан Республикалық Комитетиниң биринши хаткери болды.

1991-жылы февральда Қарақалпақстан Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз 5-сессиясында жасырын даўыс бериў арқалы Д.Шәмшетов Қарақалпақстан Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы болып сайланды.

1990-жылы 14-декабрьде Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик суверенитети ҳаққында Декларация қабыл етилди. Онда Қарақалпақстан ӨзССР қурамына емес, ал тиккелей СССР қурамына кириўши совет республикасы дәрежесине көтерилген еди. Қарақалпақстан өз суверенитетин қабыл еткеннен соң ӨзССР қурамында бола алмас еди, себеби, бул СССР жокарғы Нызамына қайшы келетуғын еди: 1990-жыл 26-апрельде СССР жоқарғы Нызамы қабыл етилди. Оған көре, бир совет республика екинши бир совет республиканың қурамында бола алмас еди.

Бул 1990-жыл 14-декабрь күнги қабыл етилген суверенитетти Мәскеў (Орай) толық тән алмаған еди. Солай етип, 1991-жылдың май айында Д.Шәмшетовтың жедел ҳәрекетлери нәтийжесинде Бурынғы Аўқам (СССР) Премьер Министри В.С.Павлов Нөкис қаласына келди ҳәм Қарақалпақстан Бурынғы Аўқам қурамындағы 16-республика екенлиги рәсмий тән алынды. Сол жылы август айында Бурынғы Аўқам тарқады...

1991-жылы 11-ноябрьде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сессиясында Д.Шәмшетов Қарақалпақстан Республикасының Президенти болып сайланды. Ол бул лаўазымда 1991-жыл ноябрь айынан 1992-жыл июнь айына шекем иследи. 1992-жылы июнь айында Өзбекстан Республикасының биринши Президенти Ислам Каримов тәрепинен бул республика президенти лаўазымы бийкар етилди ҳәм Д.Шәмшетов сиясаттан кетип, Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан филиалының Шымбай илим-изертлеў институтының директоры болды. Ол бул хызметте 1998-жылдың сентябринде кайтыс боламан дегенше иследи.

Бүгин марҳум сиясатшымыз арамызда болғанында 74 жасқа шыққан болар еди.

t.me/NUKUS