Get Mystery Box with random crypto!

Keleshek

Telegram арнасының логотипі keleshek_kr — Keleshek K
Telegram арнасының логотипі keleshek_kr — Keleshek
Арна мекенжайы: @keleshek_kr
Санаттар: Блогтар
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 2
Арнадан сипаттама

@Odessiya

Ratings & Reviews

1.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Соңғы хабарлар 6

2022-06-11 20:43:03
Ең болмаса шам жағып қойса болар меди :))

Және 24/7 жазылған ау...
——
Шоманай районы Өзбекистан көшеси бойындағы Агро банк банкоматы.

@keleshek_kr
77 views17:43
Ашу / Түсініктеме
2022-06-11 19:00:53
Үндемесең Республикамызды не деп атамайды, және дардай хәкимликтиң расмий каналы..

——
Алжасық хәммеде болады, өзимиз де талай қәте жиберемиз.. Бирақ Республикамыз атын дурыслап жазың!

@keleshek_kr
64 views16:00
Ашу / Түсініктеме
2022-06-11 06:58:49 Баслаған исимизде зәрүрли уақты қоллап-қууатлау болмағаннан көплеген жәмийетлик исте сууып баратырман.

Хабарласып атырғанлар дерлик қуры бос сөз, ямаса изи жоқ...
Мәселен: жоқ жерден миллионлап пул төлетежақ болып, нахақлыққа ушырап турғанлар, және бир неше жылдан берли асфальт көрмеген оңқыр-шоңқыр ауыл көшелерден пухаралар хабарласады. Және тамарқасында суу машқаласы, сайлау бойынша х.т.б..

Бирақ бирде-биреуи шығып сөйлеу, яғный нызамлы хақысын ашықшасына (видео арқалы) сорауға келгенде өзин алып қашады.
Бәлким олардың орнына мениң бир өзим жүриуимди қәлейтин шығар... Мәселениң шешими көбирек сизге керекпе, я бизге керекпе дейменда.
Басын баслап, бир шетте тамаша көрийп отырыуды қәлейтинлериде бар..))

Хулласы анық дәлили болмаса, бос сөз бенен басын баслап, мениде өзиңизди де шаршатпаң илтимас.

@keleshek_kr
151 views03:58
Ашу / Түсініктеме
2022-06-11 06:20:43 ИШКИ ДУШПАНЛАР

Мейли, басқалар өмирде налайық болсын, лекин сиз емес, мейли, басқалар майда-шүйделер ушын жәнжеллессин, лекин сиз емес, мейли, басқалар өз келешегин басқа кисиге исенсин, лекин сиз емес.

Биз мәрт болып тууылғанбыз қорқақ болып емес. Бәлким газеталар оқып, нелердидур еситкенлеримиз бизде сондай қорқыу пайда болыуына себеп болған шығар. Базы қорқыуларды түсиниу мүмкин. Мәселен, бийтаныс қалада кешки уақытта жүриу. Бирақ жағдайды үйренип алғаннан соң сизди қара ой-пикирлер басқа мазаламайды.
Хәттеки әпиуайы қорқыулар да биздиң жууапкершилигимизди жоққа шығарыуы, мал-мүлкимизди жоқ қылыуы, айрым байланысларымызды тоқтатыуы мүмкин.
Егер қорқыуды қадағаламасақ, ол турмысымызды изден шығарады.
Қорқыу үлкен душпанларымыздан бири болып, ол ишимизде жасырынған болады.

Енди мен дусласатуғын бес душпан туурысында айтаман

Биринши душпан- ол сизди езип тасламасынан сиз оны езип таслауыңыз керек. Бул бийпәруалық.
Мейли сондайда болсын, бирақ бир машқала бар. Сиз тау басына қарап хәрекетлене алмайсыз.
Биз тутас келетуғын екинши душпан- бул турақсызлық. Турақсызлық имканият хәм басламаның урлықшысы. Бул ууры жақсы имканиятларды урлайды.
Үшинши душпан - бул екилениу. Дени сау спектизм ушында орын болыуы керек. Сиз хәммеге де исене алмайсыз. Бирақ хәмме нәрсеге де гүман менен қарау жарамайды.
Екилениу (Еки ойлы болыу) сизди басқармасын. Көпшилик кешеги күнге де, ертеңги күнге де, биреуге де, имканият хәм хүкиметке де гүман менен қарайды.
Ең жаманы олар өзлерине де гүман менен қарайды. Екилениу хәмме нәрсеге гүман менен қарау есабы.
Екилениу бул душпан. Оннан қашың, одан қутылың.

Төртинши душпан- ишимиздеги тынышсызлық. Биз хәммемиз гей бир уақытта көп артықша қәуетер боламыз. Бул душпанға жеңилиуге жол қоймаң.

Бесинши душпан - бул хәдден артық абайлылық, қорқақлық, өмирге хәдиксиреп қарау. Бул қәдир-қымбат емес, бәлким кеселлик. Егер оннан аулақ болмасаңыз, сизди жеңеди. Қорқақ адам алдынға хәрекет қылмайды. Олар өспейди, күшли болмайды. Ишки қорқыулар менен гүресиң. Арзыу хәм махсетиңиз жолында қатты турыу ушын өзиңизди мәртлик руухында тәрбиялаң.

(с) ЖИМ РОН

@keleshek_kr
165 views03:20
Ашу / Түсініктеме
2022-06-10 17:27:48
Көрмеген, билмегендей болып жууап бермей отырыу тек бизде емес уқсайды..

——
Шоманай хәм Қоңыраттағы уақыялар бойынша еле тым-тырыс.
Бир нәрсе десек жәмийетшилик нызамында 15-статияны айтыуы мүмкин, бирақ өзлери хеш қандай мағлыумат бермей отыр..

@keleshek_kr
150 views14:27
Ашу / Түсініктеме
2022-06-10 16:28:33 #КИТАП_ХАЛЫҚ_АУЗЫНАН

Елиң жағалай қонбаса,
Сууы душшы болмаса,
Мал-жаның бәри суу күсеп,
Мийири оннан қанбаса,
Көл дегениң не өзи?!

Ықлас-бирлик болмаса,
Ел болыуға мойын бурмаса,
Үлкенниң айтқан сөзлерин,
Кишиси қоллап турмаса?!
Ел дегениң не өзи?!

Елине қурбан болмаса,
Абырай-атақ қонбаса,
Ағайын-тууысқан, ел-журты,
Батырым-ау деп турмаса,
Ер дегениң не өзи?!

Қунарлы шөп болмаса,
Түлигиң жайылып тоймаса,
Қатара өсип мал хәм жан,
Қууанып елиң қонбаса,
Жер дегениң не өзи!

Желден пана болмаса,
Қарды бөгеп турмаса,
Аңлары қойдай өрмеген,
Қызығын адам көрмеген,
Қәдири жоқ белесли,
Алап деген не өзи?!

Жүреги хадал болмаса,
Уәдесине опа қылмаса,
Хақыйқатты бурмалап,
Өтирикти шын қылса,
Кең дегениң не өзи?!

Аттан түйени атамай,
Ат-айғырды тусамай,
Шын ийкемге келмесе,
Төл дегениң не өзи?!

Арыңды сатпа, атыңды сат,
Өтирикти айтып болма шад,
Өтирик айтып жантассаң,
Жүрегимде қалар дақ.

Ақыры шынға жол берерсең,
Дурыслыққа айланып келерсең,
Бийкарға айтты дем жүрме,
Түбинде бир исенерсең!

@keleshek_kr
160 viewsedited  13:28
Ашу / Түсініктеме
2022-06-10 15:43:31 #Жасларға_ғамқорлық

«Жаслар дәптери»ндеги ҳәм материаллық жағдайы аўыр жасларға базалық есаплаудың 4 есеси муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем бериледи.

Жәнеде жас шаңарақларға үй қурыў ушын гиреўсиз кредит, ижара компенсациясы, емлениу ҳәм тил үйрениў ушын материаллық жәрдем — жаслар ушын қатар субсидиялар енгизиледи.

Жоқарыда қарар менен ақырына шекем оқып, толық танысыуыңыз мүмкин.

@keleshek_kr
172 views12:43
Ашу / Түсініктеме
2022-06-10 15:20:34 Хәзирде әйне зәрүрди уақытта қумшекердиң және басқада бахаларын қалай болып атырған билемиз..

Енди, таза шығып атырған тәбий газ; яғный "жанылғы энергетика" бахалары бойынша қарар менен танысамыз.
https://regulation.gov.uz/oz/d/61845

@keleshek_kr
32 views12:20
Ашу / Түсініктеме
2022-06-10 15:03:05
«Бес баслама олимпиадасы» Қарақалпақстан басқышында, қайсы аймақлар қандай нәтийжелерди қолға киритип атыр...

@keleshek_kr
48 views12:03
Ашу / Түсініктеме
2022-06-10 09:38:03
Хәзир көп үйлерде токтың разеткасы төменге қойылған.

Кишкене балаларды абайлап, жауып қойған жақсы..

——
Алдынлары бос турған разеткаға салып қоятын пласмаслар болатын еди.

@keleshek_kr
173 views06:38
Ашу / Түсініктеме