Get Mystery Box with random crypto!

Keleshek

Telegram арнасының логотипі keleshek_kr — Keleshek K
Telegram арнасының логотипі keleshek_kr — Keleshek
Арна мекенжайы: @keleshek_kr
Санаттар: Блогтар
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 2
Арнадан сипаттама

@Odessiya

Ratings & Reviews

1.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Соңғы хабарлар 4

2022-06-22 07:33:04
Шоманайда исбилерменлерге нахақлық болып турғаны бойынша:

Мине мына тийисли нызамшылықтың б) бәнтинде көрсетилгендей, районлар шегарасында жайласқан аймақлар.. деп усы районларды анық хәм тынық етип, белгилеп көрсеткен.

Енди дау болып турғаны, "районлар шегарасында" деген сөз. Бул жерде еки мәнис хәм түсиник билдирип тур;
Биринши, усы белгиленген районлардың жәми район шегарасы аймағы. Яғный район шегарасының ишиндеги бәри киреди.
Екинши түсиник, районның басқа қала хәм районлар менен шегаралас жерде жайласқан шетки ауыл аймақлар.

Ал енди қайсысы дурыс який қәте болсада; тийисли нызамшылық қа бола, еки жақтың хуқуқлары теңлескен жағдайда исбилерменниң пайдасына шешилиуи тийис емеспе.
Және басқада: тазарып атырған нызамшылық қа бола,
Хәр бир шахс мәмлекет органлары який олардың хәмелдар шахсларының нызамсыз хәрекетлери який хәрекетсизлиги нәтийжесинде жеткерилген зыянның мәмлекет тәрепинен қаплап берилиуин талап етиу хуқуқына ийе; деп көрсетилген.

Еле дауамлаймыз...

@keleshek_kr
90 views04:33
Ашу / Түсініктеме
2022-06-22 07:32:18 Хабарыңыз бар енди ашықлық индекси бойынша қызыл, сары хәм жасыл аймақ деп белгиленетин болды.
Демек: Шоманай районы хәкимлигинен тез арада жоқарыдағы салы егиу бойынша сорауымызға жууап күтемиз..

Жәнеде; өткерген Шоманайдағы пиядалар жолы қурылысы бойынша жәмийетшилик қадағалауымыз ға еле расмий жууап берилмеди.

@keleshek_kr
93 views04:32
Ашу / Түсініктеме
2022-06-20 20:11:57
Бүгин 20-июннан баслап 20-июлға шекем ЖООларға қабыл басланды.

Жоқары оқыу орынларға тапсырыуда онлайн дизимнен өтиў ушын талап етилетуғын ҳүжжетлер:

• паспорт;
• питкериў аттестаты (қабыллаўшылар тәрепинен базадан электрон түрде алынады).

——
Дизимнен өтиў ушын, төмендеги мәнзилде электрон түрде тапсырыу мүмкин.

Мәмлекетлик тест орайының my.dtm.uz сайты арқалы;
Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) арқалы.

@keleshek_kr
168 views17:11
Ашу / Түсініктеме
2022-06-19 15:11:29
#ашықлыққа_және_бир_қәдем

Мәмлекет органлары хәм шөлкемлериниң ашықлықты тәмийнлеуи, олардың үстинен жәмийетшилик қадағалау алып барылыу жүзесинен Президент пәрманы қабыл етилди.

@keleshek_kr
181 views12:11
Ашу / Түсініктеме
2022-06-19 09:06:57
Қоңырат районы хәкимлиги расмий каналында, 12-июнь күни салы егиуге рухсат берилиуи жүзесинен қарары жарияланды.

Шоманай районын да бул бойынша; яғный салы егиуге рухсат берилгени ямаса берилмегени жүзесинен, тийисли қәнийгелердиң мағлыумат бериуин күтемиз..

@keleshek_kr
146 viewsedited  06:06
Ашу / Түсініктеме
2022-06-17 19:20:38
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы кеңеси баслығы, Конституциявый комиссия орынбасары Мурат Камалов Қаллыбекович сөзге шығып, Конституцияға өзгерис хәм қосымшаларды көрип шығыу бойынша мағлыумат берди.

@keleshek_kr
688 views16:20
Ашу / Түсініктеме
2022-06-15 21:31:34
Шоманайда бир неше исбилерменлерге нахақлық болып тур..

@keleshek_kr
3.6K views18:31
Ашу / Түсініктеме
2022-06-15 19:58:02 Бүгин Шоманайда болып өткен жийналыста көплеген пухаралар орынлы сорау хәм усыныслар менен сөзге шықты. Өз гезегинде менде сөзге шығып, өз тарауларым бойынша хәм басқада усыныс берип, және кешеги 20 дан аслам районымыз исбилерменлери машқаласын көтердик.…
343 views16:58
Ашу / Түсініктеме
2022-06-15 19:51:30 Исбилерменлик сөзиниң өзи тәуекелшилик дегени. Исбилерменлик пенен шуғылланыуды ойлаған адам биринши гезекте ислемекши болған сол тарауының салық муғдары менен танысып, сорастырып шығады. Кейин бир қарарға келип, сол төлениуи керек болған салық сумасынан…
345 views16:51
Ашу / Түсініктеме
2022-06-15 19:43:33
Буннан бир неше ай алдын Шоманай районы салық инспекциясы тәрепинен бир қанша исбилерменлерге қарата нахақлықлар болып машқала жүзеге келген еди.

Исбилерменлерге алдынғы жиберилген хабарнамалар жийнап алынып, салық инспекция хызметкерлери; қайтып бул ис бойынша қозғамаймыз, төлемейсиз деп исендирген.
Мине арадан бир қанша уақыт өтип, бүгинликте исбилерменлерге және басым күшейтилип атырғаны айтылмақта...

—— —— —— ——
Көрип турғаныңыздай, хабарнамалар электрон базада сақланып тур, бул дегени өз күшинде. Машқалалар елеге шекем шешилместен қайтама күшейип атыр...

@keleshek_kr
339 views16:43
Ашу / Түсініктеме