Get Mystery Box with random crypto!

Keleshek

Telegram арнасының логотипі keleshek_kr — Keleshek K
Telegram арнасының логотипі keleshek_kr — Keleshek
Арна мекенжайы: @keleshek_kr
Санаттар: Блогтар
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 2
Арнадан сипаттама

@Odessiya

Ratings & Reviews

1.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Соңғы хабарлар 49

2021-10-06 19:16:56
Бәрше жоқары тәлим бирлеспелериниң магистратурасында жумыстан ажралмаған халда онлайн оқыу имкәнияты жаратылыуы мүмкин.

Бул хаққында Президенттиң "Норматив-хуқуқый хүжжетлер хәм олардың жойбарларын коррупцияға қарсы экспертизадан өткериуди жәнеде муапықластырыу ис-иләжлары бойынша" қарары жойбары менен тастыйқланатуғын "Жол картасы"нда белгилеп қойылмақта.

https://regulation.gov.uz/oz/d/50772

https://t.me/keleshek_kr
364 views16:16
Ашу / Түсініктеме
2021-10-05 20:20:26
Енди Туркменстан—«Узавтосаноат» «Turkmenistan-Motors» пенен автомобил ислеп шығарыу бойынша келисиуге еристи.

Туркменистан хәм Өзбекистан ортасында өткерилип атырған форум шеңберинде Туркменистанда автомобил хәм электротехника қурылмаларын ислеп шығарыуда қоспа кәрханалар шөлкемлестириуге келисилген.

«Узавтосаноат» хәм «Turkmenistan-Motors» ортасында Туркменистанда арнаулы автомобиллер ислеп шығарыуды жолға қойыу бойынша шәртнамаға қол қойылды.

https://t.me/keleshek_kr
365 views17:20
Ашу / Түсініктеме
2021-10-05 12:43:53
Шоманай районы "Келешек ушын" ф/х да жетилип атырған Павловния тереклери келеси бәхәрде гүл ашыуға ийкемлесиу басқышында тур...

Хәррешилик пенен шуғылланыушы исбилерменлер болса бирге ислесиуге шақырамыз.
@Odessiya

https://t.me/keleshek_kr
468 views09:43
Ашу / Түсініктеме
2021-10-05 07:12:16 Өзбекистан экономикалық форумы шеңберинде Гермения рауажланыу банкы (KfW) қатнасыуында "Киши хәм орта бизнести қаржылай қоллап-қууатлау" жойбары шеңберинде қарыз келисимине қол қойысты.

Онда:
Кредит бериу шәртлери:
Кредит өлшеми: 26,8 млн евро;
Грант өлшеми: 3 млн евро;
Ставкасы 2 %
Мүддети 30 жыл;
Жеңиллик уақты 10 жыл.

Кредит қаржыларын экономиканың бәрше тарауларына, сол қатары, мийуе-палызшылық, шаруашылық, ауыл исбилерменлиги хәм басқа жөнелислерде бәрше исбилерменлер ушын ажратылады.

Жойбардың бир неше махсетлери бар...

Соныңдай, жойбар Қарақалпақстан Республикасы хәм бәрше уалаятларда әмелге асырылыуы (Германия рауажланыу банкы шәртлерине тийкар Ташкент қаласынан басқа), хәмде кредит қаржылары ауыл аймақларында жайласқан белсендилериниң экономиканың бәрше тараулары, соныңдай, ауыл хожалығы субжойбарларын қаржыландырыу ушын бериледи.

Сауда банклери тәрепинен жойбар белсендилерине кредит қаржылары Өзбекистан Республикасы валютасында ажратылады хәм кредит пулларының пайызы ставкалары сауда банклериниң ишки сыясатынан келип шығып, хәмде жойбар белсендилери менен келисилген халда белгиленеди;

Кредит қаржылары жойбар белсендилерине 3 жылдан кем болмаған мүддетке 400 мың Евро эквивалентине тең болған өлшемге шекем ажратылады.

Финанс министрлиги Хабар хызмети

https://t.me/keleshek_kr
458 views04:12
Ашу / Түсініктеме
2021-10-04 21:41:41
Ауылдағы қоңсы сууықтан бурын жыйнап алған помидорларын қалай пуллауды билмей атыр екен, бир жәрдем берейик дедим.

Сорастырып қарасам, дузланып таяр болғанда кафелерге 1 литр ямаса 1 кг мы орташа есапта 6, 8 мың сумнан сатылар екен.
Ойлап қарасам, келистирип ислеймен деген шаңарақ қа жақсы талап болар екен.
Мәселен; хәзир усы турысында орташа 3 мың нан көтере (имканиятына қарап) алып бошкаға шеребе ислеп дузлап қойып, кафе ямаса базарда пуллау мүмкин.

Дузланған көк помидор ислейтинлер болса, усы номерге хабарласың; 91.370-48-24

—— —— —— ——
Қосымша таза талап ислеймен дегенлер болса, умытпаң; исбилерменлик негизи тәуеккелшиликдур.

https://t.me/keleshek_k
11.9K views18:41
Ашу / Түсініктеме