Get Mystery Box with random crypto!

Keleshek

Telegram арнасының логотипі keleshek_kr — Keleshek K
Telegram арнасының логотипі keleshek_kr — Keleshek
Арна мекенжайы: @keleshek_kr
Санаттар: Блогтар
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 2
Арнадан сипаттама

@Odessiya

Ratings & Reviews

1.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Соңғы хабарлар 2

2022-07-01 12:53:44
405 views09:53
Ашу / Түсініктеме
2022-07-01 12:44:55
1.2K views09:44
Ашу / Түсініктеме
2022-07-01 08:18:02 Ҳүрметли заманласлар бизге мәлим етилиўинше, Қарақалпақстандағы Халық қабыллаўханаларының ҳәммеси, яғный барлық райондағы бөлимлери пуқаралардың конституцияға өзгерис киргизиў бойынша пикир-усынысларын иркинишсиз қабыллайды. Егер қысқа номерден ямаса интернеттен…
407 views05:18
Ашу / Түсініктеме
2022-07-01 07:57:19 Ҳүрметли заманласлар бизге мәлим етилиўинше, Қарақалпақстандағы Халық қабыллаўханаларының ҳәммеси, яғный барлық райондағы бөлимлери пуқаралардың конституцияға өзгерис киргизиў бойынша пикир-усынысларын иркинишсиз қабыллайды. Егер қысқа номерден ямаса интернеттен пикир жибере алмай атырған болсаңыз өз аймағыңыздағы Халық қабыллаўханаларына барсаңыз болады.

Лалагүл Қаллыханова
240 views04:57
Ашу / Түсініктеме
2022-06-30 19:17:37
Ҳүрметли канал ағзалары

Сизде мобиль байланыс тармақлары (интернет) пенен байланыслы машқалалар болса компания исеним телефон номерлерине қоңыраў етип өз шағымларыңызды айтсаңыз болады.

Uzmobile – 0777
Beeline – 0611
UzMobi – 0890
Humans – 1234
Ucell – 8123

Биз интернет қашан қосылыўын билмеймиз.

@Karakalpak24
349 views16:17
Ашу / Түсініктеме
2022-06-30 16:13:00 #Он_айлық_хызметкер

Тазадан шөлкемлестирилген мәкемеге мени баслық етип тайынлады. Маған дейин шөлкемлестириу комиссиясының баслығы хәмме хызметкерлерди жумысқа қабыллап, орны-орнына қойып кеткен екен. Мен енди тек олар менен тил табысып, бирге ислесиуим керек.
Лекин, сол бирге ислесиу аңсат болмады. Жумысқа алынған хызметкерлердиң иске уқыбы хәм билим дәрежеси "мен не деймен, қобызым не дейди" деген аухалда еди. Әсиресе, Санысызбай деген жетекши қәниге улыума имлаға келмеди. Ақыры, жеке өзин шақырып айттым.
— Иним, өз арзаң менен қоясаң ба, яки...
— Өз арзам менен, —деди ол гәпимниң изин айттырмай.
Мен алдына бир бет қағаз бенен ручка қойдым.
— Хәзир емес, —деди ол қағазды кейин ысырып.
—Хе, неге хәзир емес?
—Он айдан кейин, —деп ол орнынан турды.
—Тоқта! Неге он айдан кейин? Мен он айға дейин күтип жүре алмайман! —дедим ашыуға минип.

— Жүре алмасаңыз—бир айлық хызметкерлер бар, үш айлық хызметкерлер бар, солардың арзасын ала бериң. Мен он айға дейин төлеп қойыппан.
Ол усыны айтты да, кабинетти тәрк етти.

@keleshek_kr
441 views13:13
Ашу / Түсініктеме
2022-06-30 15:41:36
Шоманай районы медицина бирлеспеси баслығы тайынланды

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң арнаўлы буйрығына тийкар,
Полванов Ойбек Аркабаевич
Шоманай районы медицина бирлеспеси баслығы лаўазымына тайынланды.

Ол усы кунге шекем Республика қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалы
Анестезиология реанимация бөлими баслығы лаўазымында жумыс ислеп келген.

Қарақалпақстан Республикасы
Денсаўлықты сақлаў министрлиги
мәлимлеме хызмети.

@keleshek_kr
439 views12:41
Ашу / Түсініктеме
2022-06-30 15:41:25 Смотрите "Jańa Ózbekstanda Konstituciyalıq reformalar Satkeldi Adakaev" на YouTube


384 views12:41
Ашу / Түсініктеме
2022-06-30 14:06:28 #ХАЛЫҚ_АУЗЫНАН

Елиң жағалай қонбаса,
Сууы душшы болмаса,
Мал-жаның бәри суу күсеп,
Мийири оннан қанбаса,
Көл дегениң не өзи?!

Ықлас-бирлик болмаса,
Ел болыуға мойын бурмаса,
Үлкенниң айтқан сөзлерин,
Кишиси қоллап турмаса?!
Ел дегениң не өзи?!

Елине қурбан болмаса,
Абырай-атақ қонбаса,
Ағайын-тууысқан, ел-журты,
Батырым-ау деп турмаса,
Ер дегениң не өзи?!

Қунарлы шөп болмаса,
Түлигиң жайылып тоймаса,
Қатара өсип мал хәм жан,
Қууанып елиң қонбаса,
Жер дегениң не өзи!

Желден пана болмаса,
Қарды бөгеп турмаса,
Аңлары қойдай өрмеген,
Қызығын адам көрмеген,
Қәдири жоқ белесли,
Алап деген не өзи?!

Жүреги хадал болмаса,
Уәдесине опа қылмаса,
Хақыйқатты бурмалап,
Өтирикти шын қылса,
Кең дегениң не өзи?!

Аттан түйени атамай,
Ат-айғырды тусамай,
Шын ийкемге келмесе,
Төл дегениң не өзи?!

Арыңды сатпа, атыңды сат,
Өтирикти айтып болма шад,
Өтирик айтып жантассаң,
Жүрегимде қалар дақ.

Ақыры шынға жол берерсең,
Дурыслыққа айланып келерсең,
Бийкарға айтты дем жүрме,
Түбинде бир исенерсең!

@keleshek_kr
391 views11:06
Ашу / Түсініктеме
2022-06-30 14:03:35
Жасы уллыларымыздан

@keleshek_kr
396 views11:03
Ашу / Түсініктеме