Get Mystery Box with random crypto!

Keleshek

Telegram арнасының логотипі keleshek_kr — Keleshek K
Telegram арнасының логотипі keleshek_kr — Keleshek
Арна мекенжайы: @keleshek_kr
Санаттар: Блогтар
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 2
Арнадан сипаттама

@Odessiya

Ratings & Reviews

1.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Соңғы хабарлар 48

2021-10-09 19:32:34 БАҚЛАҚ БАРЫУШЫ БОЛЫҢ

#Сабылсызлық_хәм_наданлық - #жетискенликтиң_душпаныдур.

Хеш қашан бүгин ушын жасамаң. Узақты, келешекти көрип билиң.
Буның ушын:
- ислеп шығарыу хәм санаатымыз қай аухалда;
- хүкиметке хәм адамларға қандай шақырыулар менен шығыулар болмақта;
- соңғы жылларда қандай таза технологиялар, жаңадан имканиятлар кирип келмекте;
- қандай бузылыу хәм опырылыулар жүз бермекте;
- кимлер, қандай шахслар жәмийетшилик пикирине өз тәсирин өткермекте?..
Биз жан-әтирапымызда нелер жүз берип атырғаны менен қызығыуымыз, жақсы бақлаушы болыуымыз, сезгир хәм зийрек эксперт болыуымыз керек.
Себеби дөгеректеги хәр бир уақыя-хәдийселер өмиримизге өз тәсирин өткереди, әлбетте өз изин қалдырады хәм келешекте ким болыуымыз, қандай жасауымызды белгилеп береди.
Адамдардың дүньяда жетискенликке ериспеулериниң тийкарғы себеплеринен бири - олар тек бүгинги күн менен жасайды.

Зийрек болың, хәмме нәрсеге тайын турың. Өмирдиң аңлап болмас сырларына шекем сизге жетип барсын.
Көбинесе ең әжайып имканиятлар, биз ушын әхмийетсиз болған хәдийселерде жасырынған болады.
Егер сол хәдийсеге итибар бермесек, аңсатғана өз әуметимизди қолдан шығарамыз. Демек, сизди қоршап турған нәрселерге қарағанда жақсы бақлаушы хәм итибарлы болың!

Жим Рон

https://t.me/keleshek_kr
143 views16:32
Ашу / Түсініктеме
2021-10-09 15:56:56
#Бизнес

Исбилерменлерге асханасы болмаған мектеплер имәраты бийпул ижараға берилиуи мүмкин.

Тийисли қарар жойбарында, ауқатланыу тарауында кеминде 2 жыллық тәжрийбеге ийе исбилерменлер сайлап алыу тийкарында таңлап алынады хәм олар менен 5-10 жыллық мүддетке ижара: пулсыз мектеп имәраты хәм жеринен пайдаланыу бойынша шәртнама дүзиледи.
ID-50587

https://t.me/keleshek_kr
205 views12:56
Ашу / Түсініктеме
2021-10-08 21:11:34 #бизнес_мотивация

ИШКИ ДУШПАНЛАР

Мейли, басқалар өмирде налайық болсын, лекин сиз емес, мейли, басқалар майда-шүйделер ушын жәнжеллессин, лекин сиз емес, мейли басқалар өз келешегин басқа кисиге исенсин, лекин сиз емес.

* * * *
КӨНЛИКПЕЛЕР

Аңсатына жүгирмең. Өзиңизди жақсылауға үйрениң. Машқалалардан қашпаң. Билим, тәжрийбеңизди асырың. Сынаулардан қашпаң. Данышпандлық қа үйрениң.

* * * *
МЕН ИСЕНЕМЕН

Исенемен, хәр бир адам алдын иске салынбаған таусылмас потенциялға ийе. Исенемен, хәр бир адам пайдаланылмаған үлкен ақыл ийеси.
Исенемен, хәр бир адам өзин көз алдына келтиргеннен көре көбирек жаратыушанлық қәбилетине ийе.
Исенемен, өмириңиздеги уллы ислер еле алдында.
Исенемен, ең бахытлы демлериңиз де еле алдында.
Исенемен, ериспекши болған үлкен жетискенликлер еле сизди күтип турыпты.
Исенемен, сиз ақыл исшенлигиңиз хәм билимиңизди өмирде қолланған халда хәр қандай тосықты жеңесиз хәм алдыңызға қойған махсетлериңизге ерисесиз.

* * * *
ПИКИРДИ ЖӘМЛЕУ

Қашанлардур жәмлеу туурысында жақсы бир мәслахат еситип едим. Қайерде болыуға қарамастан сол жерде болың. Ойнап атырған болсаңыз, ойнаң. Не менен шуғылланып атырған болсаңыз, ким менен сәубетте болсаңыз дыққатыңыз да сол жерде болсын. Итибарлы болың.
Алдынлары мен "Өмир өзгереди, деп үмит қыламан", дер едим. Кейин болса өмиримди өзгертириудиң бирден-бир жалғыз жолы - бул өзин өзгертириу екенин түсиндим.

Жим Рон

https://t.me/keleshek_kr
1.0K views18:11
Ашу / Түсініктеме
2021-10-08 19:12:55
ҚАРАҚАЛПАҚ ӘУЛАДЫНАНМАН

Ел аралап палуан, жырау, қыссахан,
Қурал етип дуутар, қобыз услаған,
Дәстан айтса "Әл-қысса" дан баслаған,
Жийен-жыраулардың әуладынанман.

Халқым ырза мәрт ер жигитлерине,
Жанын пидә еткен тууған жерине,
Батырлықта дәстан болған елине,
Маман бий, Ерназар әуладынанман.

Ақ көкирек сақыйлығы қалмаған,
Ашық айдын пийри бәрха қоллаған,
Нәсиятын қосық пенен жоллаған,
Бақсы Ақымбеттиң әуладынанман.

Халқым ырза мәрт ер жигитлерине,
Жанын пидә еткен тууған жерине,
Еркинликти инам еткен елине,
Дана Аллаярдың әуладынанман.

#Китап: ШАЙЫРЛЫҚ ЗАУҚЫ
Базарбай Қалменов

https://t.me/keleshek_kr
265 views16:12
Ашу / Түсініктеме
2021-10-08 19:10:49
Окыуға кире алмағанларға бир сырымды айтайын. 2012-жылы жоқары оқыуға тапсырып 3-биюджет болып кирдим. Ол жерде 1 жылға шамалас (адаспасам 6-7 ай) оқыдым. Хәр күни таксиде қатнағанымды айтпағанда (ата-анамды жалғыз қоймау ушын) оқыу маған хеш қыйын болмады.…
251 viewsedited  16:10
Ашу / Түсініктеме
2021-10-07 23:47:20
Мүбәрек Жума қутлы болсын.

https://t.me/keleshek_kr
479 views20:47
Ашу / Түсініктеме
2021-10-07 23:46:58
Усындай руухландырыу шы видеоларды қарақалпақ тилинде және қызықлы етип таярласақ, көпшилик ке пайдасы тийип жас исбилерменлер көбейеди.

Әлбетте булар китап оқығандай болмайды, лекин хәзир көпшилик интернетке қарайды.

Егер усындай рухландырыушы видеоларды таярлауға қызығатын қәлеуши бар болса, зәрүр болған китапларды беремиз.

@Odessiya

https://t.me/keleshek_kr
302 views20:46
Ашу / Түсініктеме
2021-10-07 22:44:36 Бахтияр Қәдирбергенов каналына @bkadirbergenov соңғы жазылған постларды оқып туурысы көпке шекем басым ауырласып жүрди. Басқа көпшиликте де солай болған шығар...

Алдын бир тоқтап қайтадан жүргизип еди, мениңше бул сапар ондай емес деп қорқаман. Хәр ким өз турмыс жолын өзи таңлайды, қай жерде қандай талап ислеседе хүрметимиз, дослығымыз күшейсе күшейеди сирә үзилмейди.
Аллах өзи асрап, күш-қуат бергей

https://t.me/keleshek_kr
305 views19:44
Ашу / Түсініктеме
2021-10-07 16:11:25 Атызға қауын-ғарбыз егип түйирли пайда көре алмай, енди не ексем екен деп жүр едим. Атыздың қурттақандай бир шетине қоңсымыз еккен помидорымыз бәринен пайдалы түсти

Бәхәрде хәмме помидор нәл егип болғаннан соң өтпей қалған нәллери арзанып қалады, сол уақты арзан помидор нәл алып гектарлап егип тасласаң да усындай гүзде көк помидор сатып қыслауға болар екен...

Быйыл егинниң не түри болса бәринен егип әмелий тәжрийбе өткердик (шығыны, пайдасын есаплап).

Қандай егин ексеңде еринбей уақтында керекли технологиясына қаралса бәриненде Аллах несийбеңди береди.

—— —— —— ——
Көк помидор сатып болынды. Сораушылар еле баршылық екен
қарыйдарлар көби Нөкистен.
Жақыннан жәрдем берген @bkadirbergenov Бахтияр Қәдирбергеновке миннетдаршылық билдиремиз.

https://t.me/keleshek_kr
315 views13:11
Ашу / Түсініктеме
2021-10-06 21:23:21
Бүгин Шоманай районы жаслар ислери агентлиги баслығы Мурат Нарыбаев пахта жыйым-терим мапазында теримшилерди қошаметлеп сауғалар
үлести...

https://t.me/keleshek_kr
350 views18:23
Ашу / Түсініктеме