Get Mystery Box with random crypto!

#КИТАП_ХАЛЫҚ_АУЗЫНАН Елиң жағалай қонбаса, Сууы душшы болмаса | Keleshek

#КИТАП_ХАЛЫҚ_АУЗЫНАН

Елиң жағалай қонбаса,
Сууы душшы болмаса,
Мал-жаның бәри суу күсеп,
Мийири оннан қанбаса,
Көл дегениң не өзи?!

Ықлас-бирлик болмаса,
Ел болыуға мойын бурмаса,
Үлкенниң айтқан сөзлерин,
Кишиси қоллап турмаса?!
Ел дегениң не өзи?!

Елине қурбан болмаса,
Абырай-атақ қонбаса,
Ағайын-тууысқан, ел-журты,
Батырым-ау деп турмаса,
Ер дегениң не өзи?!

Қунарлы шөп болмаса,
Түлигиң жайылып тоймаса,
Қатара өсип мал хәм жан,
Қууанып елиң қонбаса,
Жер дегениң не өзи!

Желден пана болмаса,
Қарды бөгеп турмаса,
Аңлары қойдай өрмеген,
Қызығын адам көрмеген,
Қәдири жоқ белесли,
Алап деген не өзи?!

Жүреги хадал болмаса,
Уәдесине опа қылмаса,
Хақыйқатты бурмалап,
Өтирикти шын қылса,
Кең дегениң не өзи?!

Аттан түйени атамай,
Ат-айғырды тусамай,
Шын ийкемге келмесе,
Төл дегениң не өзи?!

Арыңды сатпа, атыңды сат,
Өтирикти айтып болма шад,
Өтирик айтып жантассаң,
Жүрегимде қалар дақ.

Ақыры шынға жол берерсең,
Дурыслыққа айланып келерсең,
Бийкарға айтты дем жүрме,
Түбинде бир исенерсең!

@keleshek_kr