Get Mystery Box with random crypto!

🎈🏆Жоқарғы Лига🏆🎈

Telegram арнасының логотипі kar_liga — 🎈🏆Жоқарғы Лига🏆🎈 Ж
Telegram арнасының логотипі kar_liga — 🎈🏆Жоқарғы Лига🏆🎈
Арна мекенжайы: @kar_liga
Санаттар: Фактілер
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 283
Арнадан сипаттама

👉Каналда:
🎖Лига ойынлары шөлкемлестириледи
🏅 Викторина ҳәм қызықарлы мағлыўматлар
⚔Дуэллер
🚫 Канал тек өз ара беллесиў ушын қәнигелескен
Каналдың рәсмий топары: @KAR_LIGAA

Ratings & Reviews

4.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 4

2022-02-03 23:39:23 Нөкис қаласында 64 мәҳәлле арасында өткерилетуғын билим ринг интеллектуал турнириниң сектор ҳәм Нөкис қалалық басқышына жуўапкер Жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси баслығы Қундыз Қошмуратова.

Байланысыў ушын:
+998906519686
@q_qoshmuratova
142 views໓໐๓ēຖi¢, 20:39
Ашу / Түсініктеме
2022-02-03 23:32:48 Ертеңнен яғный 4-февралдан баслап бул турнирдиң исши топар ағзаларының ҳәрбир район (қала)ларда жуўапкерлериниң байланысыў ушын телефон номерлери каналымызға жайластырылып барылады
320 views໓໐๓ēຖi¢, edited  20:32
Ашу / Түсініктеме
2022-02-03 23:15:06 Турнир регламенти:

Турнирдиң сектор ҳәм район (қала)лық басқышлары усы жылдың 5-7 февраль күнлери өткизиледи.

Республика басқышы 10-февраль күни өткериледи (финал басқышы бойынша толық мағлыўмат бериледи).

Турнирге өз мәҳәллеңизден қатнаспақшы болсаңыз мәҳәллеңиздеги жаслар жетекшисине яки Жаслар ислери агентлиги ҳәм Жаслар аўқамы қала (район)лық бөлимлерине мүрәжат етсеңиз болады.

Қосымша: Турнирге тек өзиңиз жасап турған мәҳәлле атынан команда дүзип қатнасыў имканына ийесиз. Турнирдиң ҳәр бир басқышында команда ағзаларынан өзиңиз жасап турған мәҳәлле баслығынан сол мәҳәлледе жасаўыңыз ҳаққындағы ҳүжжет (яки талапнама) ҳәм шахсыңызды тастыйықлаўшы ҳүжжет (паспорт) пенен келиўиңиз соралады.
1.7K views໓໐๓ēຖi¢, 20:15
Ашу / Түсініктеме
2022-02-03 23:15:05 Хош хабар

Ҳүрметли билим ринг ойыны ықласбентлери Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы 424 мәҳәлле арасында билим ринг ойынлары өткерилиўин мәлимлеймиз!

Турнир үш басқыштан ибарат:

Биринши (сектор) басқышы: Ҳәр бир мәҳәлледен ең күшли жеңимпаз бир команда таңлап алынып, сектор басқышында қатнасады. Ҳәр бир сектордан 1-2-3-орынды ийелеген мәҳәлле командалары (1-2-3-4-секторлардан жәми 12 команда) район (қала)лық басқышқа жолланбаны қолға киргизеди.

Екинши (район ҳәм қалалық) басқышы:
Ҳәр бир сектордан жеңимпаз болған 1-2-3-орынлар жәми 12 команда арасында район (қала)лық басқышы өткериледи. Бунда 1-орынды ийелеген мәҳәлле командасы Қарақалпақстан Республикасы бириншилигиниң финалына өз районының атынан қатнасыў имканына ийе болады.

Үшинши (республика) басқышы:
Ҳәр бир район (қала)дан жеңимпаз болған жәми 17 қала-районнан 17 жеңимпаз мәҳәлле командалары арасында өткерилип, I-II-III орынларды ийелеген командалар диплом ҳәм қымбат баҳа саўғалар менен хошаметленеди!
1.4K views໓໐๓ēຖi¢, 20:15
Ашу / Түсініктеме
2022-02-03 14:00:32 Ҳүрметли каналымыз ағзалары бүгин Жаслар орайы имаратында болып өтетуғын билим ринг интеллектуал турнири 4-феврал саат 17:00 сәнесине көширилгенлигин мәлим етемиз!
173 views໓໐๓ēຖi¢, 11:00
Ашу / Түсініктеме
2022-02-03 10:46:25 Бүгинги ойын ушын клубтың ойынында қатнасыў ушын усыныс жиберген билимданлар дизими:

1. Jamshidbek Maxsatov
2. Jamshid Khudaybergenov
3. Xayrullo Shamuratov
4. Miyirbek Xalmuratov
5. Ravil Abdullaev
6. Atabek Turg'anbaev
7. Кунградбаев Балтабай
8. Asxad Nurǵaliyev
9. Keunimjaev Nurlibay
10. Kdirbayev Baxadir Berdaxovich
11. Bisenbaev Kuandik Baxitbay uli
12. Darmenov Allayar Abdilhaq uli
13. Jienbaev Berdax Kalbay-uli
14. Uralbayev Nursultan Abayevich
15. Nasratdiynov Sapar Jetkerbay ulı
16. Pirlrpesov Joldasbay
17. Baxadir Sadullaev
18. Sunnet Aymuratov
19. Quwatbay Sarsenbayev
20. Kalknazarova Ulmeken Kuralbayevna
21. Досщанов Азизбек
22. Азизбек Досщанов
23. Баймурзаева Айлин Бекмурзаевна
24. Тазабай Юлдашев
25. Исаков Ержан
26. Якипбаева Лаура
27. Сайпназаров Роман
28. Алишер Сабырбаев
29. Sayora Muratbaeva
30. Дастан Ережепбаев
31. Ембергенов Байрамбай
32. Карамаддин Пердебаев
33. Mirzambetov Karamatdin
34. Джумабаев Алпамыс Уразбаевич
35. Sharibaev Azamat
36. Махсетбаев Атабек
37. Allaniyazov Askarbek Ernazarovich
38. Есенбаев Арсланбек
39. Жаналиева Адеми
40. Аяпова Шийрин
41. Bekbaev Nuraxmed
42. Ikram Zarlikov
43. Утепберген Ещанов
44. Tilemisov Quwanish
45. Narimbetova Guzal
46. Aminov Jamal Muratbaevich
47. Даулетияр Аманиязов
48. Ахмет Сейтеков


Клубтың ойынында қатнасыў ушын дизимнен өтиў максимал 48 билимдан.

Болатуғын ўақты бүгин саат 17:00 Нөкис қаласы Жаслар орайы.
210 views໓໐๓ēຖi¢, edited  07:46
Ашу / Түсініктеме
2022-02-03 02:17:44 Хош хабар

Қарақалпақстан Республикасы бойынша өз искерлигин 726 ўлыўма билим бериў мектеплери, 56 профессионал билимлендириў орынлары, 10 жоқары оқыў орынлары, 400ге жақын мәкеме-шөлкемлери, 424 мәҳәллелер кесиминде билим ринг ойынларын шөлкемлестириўши Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жанында "Билим ринг" интеллектуал клубы дүзилгенлигин мәлимлеймиз.

Барлық билим ринг ойынлары ықласбентлерин клубымызға ағза болыўы, ағза болыўы арқалы клубтың ишки ойынларында қатнасыў имканы бар екенлигин хабарлаймыз. Сондай-ақ, бул клуб тәрепинен 2022-жыл 5-6-7-февраль күнлери 424 мәҳәлле арасында "Билим ринг кубогы" атамасындағы интеллектуал турнирдиң мәҳәлле ҳәм сектор басқышлары ҳәмде 10-февраль күни 17 қала-район жеңимпазлары арасында Қарақалпақстан Республикасы бириншилигиниң финал басқышы болып өтеди. (Бул ҳаққында қосымша мағлыўмат бериледи каналымызда)

Клубтың ишки ойыны:
2022-жыл 3-февраль күни саат 17:00де Нөкис қаласы "Жаслар орайы" имаратында болып өтеди.


Клубтың ишки ойынында қатнасыўшылар саны шекленген, яғный бир ўақыттың өзинде 48 билимдан ойында қатнаса алады. Клубқа ағза болыў шекленбеген.
Клубқа ағза болыў ҳәм ойынларға қатнасыў бийпул.

Егерде Сиз, клубтың ишки ойынында қатнаспақшы болсаңыз @TMuxamedali мәнзилине аты фамилияңызды жазып қалдырсаңыз жеткиликли.

Барлық билим ринг интеллектуал ойынлары ықласбентлерин клубымызға мирәт етемиз!!!
1.7K views໓໐๓ēຖi¢, 23:17
Ашу / Түсініктеме
2022-02-03 01:55:00
Dıqqat,dıqqat!

Húrmetli bilimge qumar, ziyrek jaslar!

Siz ushın ájayıp jańalıq!

Endi «Zakovat» intellektual oyını siz jasap atırǵan máhálleden start aladı.

Usı jıldıń 5-7-fevral kúnleri Qaraqalpaqstan Respublikasınıń qala hám barlıq rayonlarında intelllektual turnirdiń máhálle hám rayonlıq basqıshları bolıp ótedi.
Bul basqıshta respublikamızdıń barlıq máhállelerinen komandalar qatnasıp, óz-ara bilim maydanında bellesedi. Jeńimpazlar, 10-fevral kúni Qaraqalpaqstan Respublikası final basqıshına qatnasadı.
Final basqısh jeńimpazları «Diplom» hám qımbat bahalı sawǵalar menen sıylıqlanadı.

Intellektual oyında qatnasıw ushın máhálleńizdegi jaslar jetekshilerine xabarlassańız boladı.

«Zakovat»ta qatnasıń, bilimińizdi sınnan ótkeriń, bahalı sawǵalarǵa iye bolıń!

Kanal: @jaslar_isleri_agentligi
46 views໓໐๓ēຖi¢, 22:55
Ашу / Түсініктеме
2022-02-03 01:54:19
Live

Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması baslıǵı wazıypasın atqarıwshısı Ikram Abdikalikov turnirdiń 14-15-sorawlar oyınında jeke ózi qatnasıp, qatnasıwshılardıń bilimlerin sınaqtan ótkerdi.
I.Abdikalikov «Bilim ring» turniriniń áhmiyeti haqqında toqtalıp, Prezidentimiz Sh.Mirziyoyev tárepinen itibar qaratılıp atırǵan bul klub iskerliginiń, áyne, Jaslar orayında dúziliwi biykarǵa emesligin atap ótti.

Yoshlar ishlari agentligi Qoraqalpog'iston Respublikasi boshqarmasi boshlig'i vazifasini bajaruvchi Ikram Abdikalikov turnirning 14-15-savollar o'yinida shaxsan ishtirok etib, ishtirokchilarning bilimlarini sinovdan o'tkazdi.
I.Abdikalikov “Zakovat” turnirining ahamiyati haqida to'xtalib o'tar ekan, Sh.Mirziyoyev tomonidan e'tibor qaratilayotgan bu klub faoliyatining, aynan, Yoshlar markazida tashkil etilishi bejiz emasligini ta'kidladi.

Kanal: @jaslar_isleri_agentligi
74 views໓໐๓ēຖi¢, 22:54
Ашу / Түсініктеме
2022-02-03 01:54:19
#online
#Zakovat

"Zakovat" klubi ochilishi munosabati bilan quyidagi jamoalar o'zaro bellashmoqda.

1.Alfa
2.Karsu
3.Feniks
4.Aral
5.Nogoogle
6.Aģabiy
7.Divergent
8.Gallaktikos

@jaslar_isleri_agentligi
67 views໓໐๓ēຖi¢, 22:54
Ашу / Түсініктеме