Get Mystery Box with random crypto!

Хош хабар Қарақалпақстан Республикасы бойынша өз искерлиг | 🎈🏆Жоқарғы Лига🏆🎈

Хош хабар

Қарақалпақстан Республикасы бойынша өз искерлигин 726 ўлыўма билим бериў мектеплери, 56 профессионал билимлендириў орынлары, 10 жоқары оқыў орынлары, 400ге жақын мәкеме-шөлкемлери, 424 мәҳәллелер кесиминде билим ринг ойынларын шөлкемлестириўши Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жанында "Билим ринг" интеллектуал клубы дүзилгенлигин мәлимлеймиз.

Барлық билим ринг ойынлары ықласбентлерин клубымызға ағза болыўы, ағза болыўы арқалы клубтың ишки ойынларында қатнасыў имканы бар екенлигин хабарлаймыз. Сондай-ақ, бул клуб тәрепинен 2022-жыл 5-6-7-февраль күнлери 424 мәҳәлле арасында "Билим ринг кубогы" атамасындағы интеллектуал турнирдиң мәҳәлле ҳәм сектор басқышлары ҳәмде 10-февраль күни 17 қала-район жеңимпазлары арасында Қарақалпақстан Республикасы бириншилигиниң финал басқышы болып өтеди. (Бул ҳаққында қосымша мағлыўмат бериледи каналымызда)

Клубтың ишки ойыны:
2022-жыл 3-февраль күни саат 17:00де Нөкис қаласы "Жаслар орайы" имаратында болып өтеди.


Клубтың ишки ойынында қатнасыўшылар саны шекленген, яғный бир ўақыттың өзинде 48 билимдан ойында қатнаса алады. Клубқа ағза болыў шекленбеген.
Клубқа ағза болыў ҳәм ойынларға қатнасыў бийпул.

Егерде Сиз, клубтың ишки ойынында қатнаспақшы болсаңыз @TMuxamedali мәнзилине аты фамилияңызды жазып қалдырсаңыз жеткиликли.

Барлық билим ринг интеллектуал ойынлары ықласбентлерин клубымызға мирәт етемиз!!!