Get Mystery Box with random crypto!

Хош хабар Ҳүрметли билим ринг ойыны ықласбентлери Қарақал | 🎈🏆Жоқарғы Лига🏆🎈

Хош хабар

Ҳүрметли билим ринг ойыны ықласбентлери Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы 424 мәҳәлле арасында билим ринг ойынлары өткерилиўин мәлимлеймиз!

Турнир үш басқыштан ибарат:

Биринши (сектор) басқышы: Ҳәр бир мәҳәлледен ең күшли жеңимпаз бир команда таңлап алынып, сектор басқышында қатнасады. Ҳәр бир сектордан 1-2-3-орынды ийелеген мәҳәлле командалары (1-2-3-4-секторлардан жәми 12 команда) район (қала)лық басқышқа жолланбаны қолға киргизеди.

Екинши (район ҳәм қалалық) басқышы:
Ҳәр бир сектордан жеңимпаз болған 1-2-3-орынлар жәми 12 команда арасында район (қала)лық басқышы өткериледи. Бунда 1-орынды ийелеген мәҳәлле командасы Қарақалпақстан Республикасы бириншилигиниң финалына өз районының атынан қатнасыў имканына ийе болады.

Үшинши (республика) басқышы:
Ҳәр бир район (қала)дан жеңимпаз болған жәми 17 қала-районнан 17 жеңимпаз мәҳәлле командалары арасында өткерилип, I-II-III орынларды ийелеген командалар диплом ҳәм қымбат баҳа саўғалар менен хошаметленеди!