Get Mystery Box with random crypto!

Турнир регламенти: Турнирдиң сектор ҳәм район (қала)лық басқ | 🎈🏆Жоқарғы Лига🏆🎈

Турнир регламенти:

Турнирдиң сектор ҳәм район (қала)лық басқышлары усы жылдың 5-7 февраль күнлери өткизиледи.

Республика басқышы 10-февраль күни өткериледи (финал басқышы бойынша толық мағлыўмат бериледи).

Турнирге өз мәҳәллеңизден қатнаспақшы болсаңыз мәҳәллеңиздеги жаслар жетекшисине яки Жаслар ислери агентлиги ҳәм Жаслар аўқамы қала (район)лық бөлимлерине мүрәжат етсеңиз болады.

Қосымша: Турнирге тек өзиңиз жасап турған мәҳәлле атынан команда дүзип қатнасыў имканына ийесиз. Турнирдиң ҳәр бир басқышында команда ағзаларынан өзиңиз жасап турған мәҳәлле баслығынан сол мәҳәлледе жасаўыңыз ҳаққындағы ҳүжжет (яки талапнама) ҳәм шахсыңызды тастыйықлаўшы ҳүжжет (паспорт) пенен келиўиңиз соралады.