Get Mystery Box with random crypto!

ДЕНСАЎЛЫҚ ☝ ЖЕКЕ БЛОГ

Telegram арнасының логотипі densawliq24 — ДЕНСАЎЛЫҚ ☝ ЖЕКЕ БЛОГ Д
Telegram арнасының логотипі densawliq24 — ДЕНСАЎЛЫҚ ☝ ЖЕКЕ БЛОГ
Арна мекенжайы: @densawliq24
Санаттар: Жануарлар , Автомобильдер
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 495
Арнадан сипаттама

🔷Денсаўлық - ең үлкен байлығыңыз! Канал ушын сарыплаған ўақтыңыз - өзиңиз ушын хызмет етеди.
📣Еслетпе: Емлеў усылларын қолланбастан алдын шыпакер менен ойласың. Себеби ҳәр адамның организми ҳәр түрли.
✅Байланыс ушын: @adm1nka0

Ratings & Reviews

2.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

2

2 stars

0

1 stars

1


Соңғы хабарлар 7

2021-06-16 13:19:43
Уйқысызлықтың тийкарғы себеби бул смартфонлар

@densawliq24
1.9K views10:19
Ашу / Түсініктеме
2021-06-16 08:43:48
Оны вируслар мәканына айландырмаң!

Кондиционерди ўақты-ўақты менен, әсиресе қыс мәўсиминде, узақ ўақыт ислетилмегенлиги себепли, тазалап турыў керек. Онда топланған шаңлар фильтрлерге шөгип қалады. Сол ҳалында келеси жылдың жазында ислетилетуғын болса, бөлмеге шаңлы ҳаўа тарқалады.

Бул – ҳәрқыйлы кеселликлерди келтирип шығаратуғын бактериялардың көбейиўи ушын қолайлы шараят. Онда қәўипли бактериялар, вируслар, аллергенлер жасайды. Аллергиясы бар, бронхиал астма менен аўырған наўқаслар бундай ҳаўадан дем алса, аўҳаллары жаманласып қалады.

Сондай екен, үйиңдеги кондиционердиң шаңарағыңа зыянсыз ислеўин қәлесең, оның ишки тазалығына итибар бер. Жазда ҳәр үш ҳәптеде шаңжутқыш пенен тазала ямаса суўда жуўып тур. Сонда саламатлығыңа зыян келмейди.

@densawliq24
1.7K views05:43
Ашу / Түсініктеме
2021-06-16 08:40:17 Бөлмеде гүллер өсип турсын!

Адамлардың санасында «Кондиционер бөлмеге сырттан таза ҳаўа алып келеди» деген түсиник бар. Бул – қәте.

Кондиционердиң ўазыйпасы – өжирениң ҳаўасын суўытыў ҳәм қурғатыў. Ҳәттеки, ислеп шығарыўшы заводлар да олардан дурыслы ҳәм ақылға муўапық пайдаланылмаса, нормаға әмел етилмесе, инсан саламатлығына унамсыз тәсир етиўин көрсетпелеринде тән алады. Сондай екен, кондиционерди турақлы рәўиште ислетип жүрген үй бийкелери ҳәм кеңсе хызметкерлери төмендегилерди билиўи лазым:

– көбинесе, кондиционер өткир вируслы респиратор инфекциялар ҳәм өткир респиратор кеселликлериниң себепшиси болады. Мудамы суўық ҳаўа ағымында турыў иммунитеттиң пәсейиўине алып келеди. Нәтийжеде адам тез-тезден шамаллайтуғын болып қалады;
– кондиционер ҳаўаның кириў-шығыўын тәмийинлейтуғын вентиляциясы бар өжире ямаса имаратқа орнатыў ушын ислеп шығарылған. Бундай шараятта оның инсан саламатлығына унамсыз тәсири анағурлым кемейеди. Егер өжиреде вентиляция жоқ болса, онда кондиционер өжире ҳаўасын қайта-қайта суўытады ҳәм қурғатады. Ҳаўа кислород пенен тойынбайды. Буның ақыбетинде инсан саламатлығына қәўип дөнеди;
– кондиционерли өжиреде отырып ислейтуғын хызметкерлер өз кийимлерине итибар бериўи керек. Кийимлер тәбийий гезлемеден, өзине ығаллықты жеңил ғана жутатуғын материаллардан тигилген болыўы дәркар;
– көплеген кондиционерлерге ҳаўаны тазалап бериўши биофильтрлер орнатылған. Олар ҳәр 3 айда жаңаланып турыўы керек. Бирақ, бул шәрт ис жүзинде орынланбайды. Бундай жағдайда кондиционер дем алыў системасында инфекцияларды қоздыратуғын микроорганизмлер ордасына айланып қалады;

Кондиционерден пайдаланып жүргенлер өз саламатлығын қорғаў ушын өжирени кислород пенен байытатуғын ҳәм тазартатуғын түбекли гүллерди тәрбиялаўы керек. Олар: фикус, кротоп ҳәм т.б.

@densawliq24
1.2K views05:40
Ашу / Түсініктеме
2021-06-16 08:37:00 Онда кондиционерден ўаз кешиў керек пе?

Кондиционер болмаса, қапырық ыссыда жумыс ислеў қыйын. Кондиционерди дене температурасына сәйкес қойса болады. Мәселен, суўық ҳаўаның инсан ушын нормаль ҳалаты +18 градус есапланады (яғный, жайдары салқын). Егер ҳаўа райы жүдә ыссы болса, норманың планкасын аз ғана төмен түсирсе де болады (+17 ямаса +16 градус).

Кеңседеги жумыс столы кондиционерден узағырақта жайласқаны мақул. Оның самалын адамлар кирип-шығып жүрген тәрепке емес, ал жоқарыға ямаса төменге жөнелтиў керек. Өйткени, кондиционерден шығып атырған суўық ҳаўа ағымы кисиге тиккелей бағдарланып қойылғанда, оның аязлаўы сөзсиз. Сондай-ақ, оған жақын жерде отырған адамның тамағы қурғайды, көзлери жасаўрайды, аўзында темирдиң дәми пайда болады. Егер кондиционер ушын оптималь жер таңлап алынып орнатылса ҳәм оннан шығып турған самалдың температурасы нормада болса, онда ҳешким де кеселленбейди.

Кондиционерден пайдаланып жүрген инсанлар және бир нәрсеге итибар бериўи лазым: ыссы күнлерде көше менен үй ишиндеги температуралар парқы 4-5 градустан аспаўы дәркар».

@densawliq24
988 views05:37
Ашу / Түсініктеме
2021-06-16 08:32:42 Аязлаўдың бас себепшиси

Жазғы аязлаўларға көбинесе адамлардың өзлери айыпкер болады. Мәселен, ҳәзирги ўақытлары көп шаңарақларда, кәрхана ҳәм мәкемелерде кондиционерлер ислеп турыпты. Сыртта ыссы ҳаўада терлеп-тепшип жүрген соң, туўрыдан-туўры муздай, кондиционерли ханаға кирип аламыз. Терлеген яки жуўынып шыққан соң терезеден кирген ҳаўа есиктен шығып турған бөлмеде отырамыз, уйқылаймыз. Бул ҳеш гәп. Ал, кондиционер себепли адам аязлағанда қатты аўырыўдан басын қыймылдата алмай қалады. Тула-бойы наўқасланады. Дем алыў жоллары қысылып, дем алыўы қыйынласады. Гейде даўысы буўылып та қалады.

Кондиционерден шығып турған суўық ҳаўа ағымы инсанның көп терлеп турған жерине урылса, сол жердеги буўын ҳәм булшық етлер аязлайды. Бундай аязлаў медицинада миозит ямаса неврит деп аталады. Нәтийжеде самал жеген жер қатты аўыртып кетеди ҳәм ҳәрекетленбей қалады. Гейде кондиционерден адамлар белин, ал айырымлар, ҳәттеки, бөтекелерин аязлатып алады. Егер де суўық бас таманнан урса, менингиаль белгилер келип шығады.

Бундай аязлаў әпиўайы аязлаўдың белгилериндей басланады. Егер де ол бул стадияда итибарсыз қалдырылса, тәшўишли ақыбетлерге алып келеди.

@densawliq24
1.1K views05:32
Ашу / Түсініктеме
2021-06-16 08:27:21
Кондиционердиң қандай қәўпи бар?

Бул рәҳәт бағышлайтуғын техника әллеқашан-ақ турмысымыздың ажыралмас бир бөлегине айланып қалған. Ол ҳәп-заматта-ақ ыссы ҳаўаны салқынға, суўық ҳаўаны – ыссыға айландырып береди. Әсиресе, ол жаздың жәзийрама ыссысында жүдә қол келеди. Өйткени, бул пасылда кислородтың кемлигинен ҳәм температураның жүдә жоқарылығынан көп адамларда бас аўырыўы гүзетиледи.

Кондиционерден пайдаланған ўақытта бундай жағымсызлықлар ушыраспайды. Бирақ, ҳәрқандай пайдалы буйымның зыянлы тәреплери болатуғынындай, кондиционер де бундай иллеттен жырақта емес.

@densawliq24
872 views05:27
Ашу / Түсініктеме
2021-06-14 14:50:46 Ыссы ҳаўада муздай суў ишпең: ол шөлди қандырмайды ҳәм бас мий тамырларының кескин кеңейиўи себепли бас аўырыўы шақырыў мүмкин: суўық оларға қан келиўин күшейтеди.

Гипертония, жүрек-қан тамыр системасы ҳәм бүйрек кеселликлеринде жәзийрамада, ең жақсысы, тез-тез, бирақ аз-аздан суў ишкен мақул. Саламат адам өзин суйықлықтан тыймаўы мүмкин, соған қарамай, күнине үш литрден артық суў ишиў усыныс етилмейды.

Ашылған ыдысты ҳәтте суўытқышда да үш күннен артық сақлап болмайды. Минерал суўларды толтырып қойдыңыз ба? Онда суўлы ыдысты жақтыда емес, қараңғы жерде сақлаң.

@densawliq24
1.4K views11:50
Ашу / Түсініктеме
2021-06-14 14:48:51 БАЛАЛАРҒА НЕ ИШИРИЎ КЕРЕК?

Жәзийрамада балаларға ҳәдден тыс суўық суў ҳәм мазалы газленген ишимликлер бериў мүмкин емес.

Балалар ушын ең қәўипсиз ишимликлер: газленбеген минерал суў, жаңа сырқылған соклар, ең жақсысы, палыз соклары ҳәм шөпли шайлар.

Мазалы газленген ишимликлердиң қәўипи сонда, оларды қабыл еткенде қант қанға тез сорылады, глюкоза суйықлықты тамырлар ишинде услап қалады. Жәзийрамада балалар көп терлейди, нәтийжеде организми суўды жоғалтады. Бул дисбалансты келтирип шығарады. Бала жәзийрамада тер менен суйықлық жоғалтқанда оның орнын мазалы ишимлик емес, әпиўайы суў менен толтырыў керек. Әҳмийетлиси сонда, глюкозаға жуўап ретинде қанға түрли гормонлар шығарылады. Олар да терморегуляция ҳәм термобаланс процесслеринде қатнасыўы мүмкин. Булардың барлығы жәзийрамада, әсиресе, бала организми ушын артықша етеди.

@densawliq24
1.2K views11:48
Ашу / Түсініктеме
2021-06-14 14:44:20 ШАРА КӨРИЎ ПУРСАТЫ ЖЕТТИ!

Шөллеў, аўыз қурғаўы суўсызланыўдың жалғыз белгилери емес. Организмде суў-электролит теңсалмақлылығының бузылыўы шақырған дегидратация басқаша да көриниўи мүмкин. Мәселен, бас аўырыўы, шаршаў, тамыр урыўының тезлесиўи, бас айланыўы байқалыўы ҳеш гәп емес.

Суўсызланыўдың аўыр дәрежесинде адамда жүрек-қан тамыр ҳәм дем жетиспеўшилиги раўажланыўы, бүйрек жумысы жаманласыўы мүмкин.

Жағдай төмен болып қалмаўы ушын барлық жасырын қәўипли ҳалатларда регидратация бойынша шара-иләжлар, яғный организмди тәрк еткен суйықлық орнын қаплаўды илажы барынша ерте баслаў керек. Бул истиң зәрүрлигин төмендеги белгилерге қарап анықлаў мүмкин:

• қайтарыў яки иш кетиў;
• дене ыссылығының көтерилиўи;
• тери ҳәм сыйпақ қабатлардың қурғаўы;
• көз жасланбаўы, көздиң қурғаўы;
• толқынланыў ямаса руўхый езилиў;
• аз сийиў (6 саат даўамында сийилмесе, тезлик пенен шыпакерге мүрәжәәт етиўи керек).

@densawliq24
914 views11:44
Ашу / Түсініктеме
2021-06-14 14:40:20 ДЕМ АЛАМЫЗ – СУЎ ИШЕМИЗ

Ҳәр күни таңда, уйқыдан соң жеңил суўсызланыўды сеземиз. Түни менен организмдеги барлық системалар ислеўде даўам етеди. Олар ушын өмирлик әҳмийетке ийе болған суў болса түспейди. Буның ақыбетинде қан қойыўласып кетеди, қан басымы көтериледи. Сол себепли гипертониклар ушын (басқалар ушын да) азанғы аўқатқа дейин 1 стакан суў ишип алыўдан пайдалы нәрсе болмаса керек.

Организм дегидратациясы спорт пенен турақлы шуғылланған ямаса физикалық белсендилик асқанда да жүз бериўи мүмкин. Егер де сырт жүдә ыссы болса, суўсызланыў узақ ўақыт жәзийрамада қалып кеткенде де келип шығыўы мүмкин. Сол себепли жазғы сейил ҳәм фитнес-залға өзиңиз бенен ҳәрдайым суў алып кетиң.

Ең қәўипли суўсызланыў жағдайы организм интоксикациясында байқалады. Қайтарыў ҳәм иш кетиўи, сондай-ақ, жоқары дене температурасы ҳәм көп терлеў менен кешиўши аўқаттан зәҳәрлениў, өткир ишек инфекцияларында үлкенлер, әсиресе, балаларға, әлбетте, кеткен суйықлық орнын толтырыў дәркар.

@densawliq24
1.1K views11:40
Ашу / Түсініктеме