Get Mystery Box with random crypto!

ДЕНСАЎЛЫҚ ☝ ЖЕКЕ БЛОГ

Telegram арнасының логотипі densawliq24 — ДЕНСАЎЛЫҚ ☝ ЖЕКЕ БЛОГ Д
Telegram арнасының логотипі densawliq24 — ДЕНСАЎЛЫҚ ☝ ЖЕКЕ БЛОГ
Арна мекенжайы: @densawliq24
Санаттар: Жануарлар , Автомобильдер
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 495
Арнадан сипаттама

🔷Денсаўлық - ең үлкен байлығыңыз! Канал ушын сарыплаған ўақтыңыз - өзиңиз ушын хызмет етеди.
📣Еслетпе: Емлеў усылларын қолланбастан алдын шыпакер менен ойласың. Себеби ҳәр адамның организми ҳәр түрли.
✅Байланыс ушын: @adm1nka0

Ratings & Reviews

2.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

2

2 stars

0

1 stars

1


Соңғы хабарлар 4

2021-10-25 18:19:21
Егер жақсылап итибар қаратсаңыз, көпшилик балалар өз табысларын бөрттирип айтады ямаса мақтанады. Егер перзентиңизде де усындай жағдайларды сезсеңиз, демек, ол итибар ҳәм ғамхорлыққа мүтәж. Сондай-ақ, балалар оғада қызғаншақ болады. Егер олардың көзинше басқа қатарласларын мақтасаңыз, өз перзентиңиз буннан қатты қапа болады. Соның ушын да бундай жағдайда балаңыз не ислеп болса да итибарыңызға ерисиўди қәлейди. Себеби ол өз ата-анасы ушын ең сүйикли, ақыллы, сулыў, әдепли болыўды қәлейди. Мине, сол себепли де ҳәр бир ата-ана өз перзентинен меҳир ҳәм муҳаббатын аямаўы лазым.

@densawliq24
111 views15:19
Ашу / Түсініктеме
2021-10-25 18:17:57
Егерде сиз де перзентиңиздиң алдап атырғанлығын сезип қалсаңыз, не ушын жалған сөйлеп атырғанлығын билиў ҳаққында бас қатырыў ўақты жеткенлигин ойлап көриң. Көпшилик жағдайларда бала жазаланыўдан қорқып жалған сөйлейди. Көшеге шығып ойнаўды қадаған етиў, жақсы көрген ойыншығын бермеў сыяқлы үлкенлер тәрепинен қолланылатуғын жаза түрлери тийкарында бала ушын үлкен жоғалтыў. Сол себепли де бала жазаланбаў ушын өзиниң айыбын жалған менен жасырмақшы болады.

@densawliq24
106 views15:17
Ашу / Түсініктеме
2021-10-25 18:16:17
Балалардың дәслепки жалғаны болса, көпшилик жағдайларда бийғәрез қыялға берилиўдиң тәсири болады. Балалар ертеклерге, әжайыбатларға исенеди ҳәм ертеклердегидей қаҳарманлық көрсетиўди қәлейди. Жас өткен сайын болса, ертеклерге болған иссеним сөнсе де, көпшилик жағдайларда қыялымыздағы өзимиз жаратқан дүнья сақланып қалады. Мине, усы ўақыттағы жалған балалар тәрепинен саналы ҳалда әмелге асырылады.

Балалар жалғанның дәслепки сабақларын ата-анасынан үйренеди. Олар бақша, мектеп ҳәм көшедегилер менен сәўбетте болса да, көпшилик жалғанды үйдегилерден үйренеди. Жасы үлкенлер баланы алдаў арқалы олардың исенимин жоғалтатуғынын ҳәм буннан да жаманы, оның өзине де жалған сөйлеўди үйретип атырғанлығын билмейди. Бирақ, бала ушын ең ашынарлы ҳәм түсиниксиз жағдай сол, алдағаны ушын ата-аналар оларды жазалайды, ал өзлери және жалған сөйлей береди.

@densawliq24
108 views15:16
Ашу / Түсініктеме
2021-10-25 18:15:13
Демек, адамлар не ушын жалған сөйлейди? Психологлардың атап өтиўинше, буның себеби көп. Бирақ, көпшилик адамлар жалған жәрдеминде бираз болса да, турмысын гөззал етип көрсетиўди қәлер екен. Мәселен, базы биреўлер классласлар менен ушырасыўда, кәсиплеслер менен сөйлесиў процесинде өзлеринен де әўметлирек адамларды көрип, қай жол менен болса да олардың итибарын қаратыў ҳәм өзине берилген баҳаны жоқарылатыў ушын өзи әрман еткендей өмир сүрип атырғанлығы ҳаққында ҳәр түрли ўақыяларды ойлап табады.

Бундай жалған болса ақыбетте – депрессия, исенимсизлик, бахыт ҳәм әўметтен наразылыққа алып келеди. Не ушын, деген сораў туўылыўы тәбийий. Себеби, адамлар бул жалғанлардың ҳәммеси ҳақыйкат болыўын қәлейди. Бирақ, бундай жалған менен машкаланың шешими табылмайды.

@densawliq24
110 views15:15
Ашу / Түсініктеме
2021-10-25 18:13:23
БАЛА ҚАНДАЙ ЎАҚЫТТА ЖАЛҒАН СӨЙЛЕЙДИ?

«Жалған сөйлеў жаман әдет! Алдайман деп ойлама!» – усындай сөзлер менен перзентимизди балалықтан жалған сөйлемеўге үйретемиз. Балалар көп нәрселерге ақылы жетпегенлиги себепли, билип-билмей жалған сөйлесе, биз ересеклер олардан парықлы рәўиште жалғанды билип турып қолланамыз. Әпиўайы етип айтқанда, биреўлерди алдаў ҳәр күнги әдет түсине айланған.

Мәселен, жумысқа кешиксек – жолда машина болмай қалғанын ямаса және басқа да сылтаўларды тоқып таслаймыз. Мийманға барғанда болса, үй бийкесиниң тағамы дурыслы писпеген болса да, бул кемшиликлерге көз жумып, оны мақтап-мақтап жеймиз, солай емес пе? Ямаса, ең әпиўайысы, «Қалайсыз?» деген сораўға «Жақсы» деп жуўап беремиз. Тийкарында болса, машқалалардан қай жерге қашыўды билмей атырған жағдайда боламыз.

@densawliq24
130 views15:13
Ашу / Түсініктеме
2021-10-18 15:41:30
Кестениң пайдасы үлкен, бирақ қарсы көрсетпелер де бар Соңғы ўақытларда үй бийкелери ҳәм қызлардың арасында кесте тигиў ен жайды. Ҳәттеки, айырым жерлерде таяр қәлип тийкарындағы кестелер де көбеймекте. Бул қол мийнети адамды итибарлы болыўға үйретеди,…
246 views12:41
Ашу / Түсініктеме
2021-10-18 15:39:37 Кестениң пайдасы үлкен, бирақ қарсы көрсетпелер де бар

Соңғы ўақытларда үй бийкелери ҳәм қызлардың арасында кесте тигиў ен жайды. Ҳәттеки, айырым жерлерде таяр қәлип тийкарындағы кестелер де көбеймекте. Бул қол мийнети адамды итибарлы болыўға үйретеди, нерв системасын тынышландырады ҳәм стресстен де қорғайды. Кесте бир қанша кеселликлерди емлейди, десек исенесиз бе? Аўа, бул ҳақыйқат. Кесте тигиў бир қанша ағзалардың жумысын муўапықластырады. Мәселен, артериаллық қан басымын түсиреди. Себеби, алақанымызда ишки ағзалар ушын жуўапкер ноқатлар жайласқан.

Узақ ўақыт даўамында кесте тигиў менен шуғылланатуғын инсанлардың минез-қулқында мүлайымлық, қәтержамлық, жети өлшеп, бир кесиў сыяқлы қәсийетлер пайда болады. Кестешилик өнери шебер қоллар ийесиниң жақын инсанларына, шаңарағына болған мийрим-шәпәәтлик ҳәм садықлық белгиси болып та есапланады. Таяр болған кестесин көрген ҳаялдың өзи де қуўанады, өз-өзине болған исеними, ҳүрмети артады. Бирақ, бул шынығыў менен ҳәдден тыс көп шуғылланыў көз нурына кери тәсир етиўи, бел ҳәм көкирек аўырыўын келтирип шығарыўы мүмкин.

@densawliq24
277 views12:39
Ашу / Түсініктеме
2021-10-18 15:37:13
Паззл – өзине болған исенимди арттырады Бөлек-бөлек картонлардан бир пүтин сүўретти қурастырыў ҳәр қандай балада да қызығыўшылық оятады. Сондай-ақ, бул ойын перзентиңизге сабырлы, тәртипли ҳәм итибарлы болыўды үйретеди. Дурыс, ол сүўрет салыўға қарағанда…
243 views12:37
Ашу / Түсініктеме
2021-10-18 15:34:44 Сүўрет салыў көз нуры ҳәм сөйлеў қәбилети ушын пайдалы Сүўрет салыўға қызықпайтуғын баланың өзи жоқ шығар. Олардың қолына қәлем ямаса ручка түсип қалса, дийўалдан баслап есиклерге шекем, ҳәттеки, аяқ-қолларына да сүўрет салып шығады. Баланы бос ўақтында…
238 views12:34
Ашу / Түсініктеме
2021-10-18 15:30:19 Сүўрет салыў көз нуры ҳәм сөйлеў қәбилети ушын пайдалы

Сүўрет салыўға қызықпайтуғын баланың өзи жоқ шығар. Олардың қолына қәлем ямаса ручка түсип қалса, дийўалдан баслап есиклерге шекем, ҳәттеки, аяқ-қолларына да сүўрет салып шығады. Баланы бос ўақтында сүўрет салыўға руўхландырыў оғада жақсы нәтийжелерге алып келеди. Бирақ, перзентиңиз дөретиўшилик пенен шуғылланған ўақтында оған кесент етпең. Қәлегенинше сыза берсин. Қуяшты жасыл, алманы қара реңге бояса да қарсылық билдирмең. Реңлерди дурыс таңлаўды мектепке барғаннан кейин де үйренип алады. Ҳәзир ол тек ғана сүўретлери арқалы қыялындағы пикирлерин, жүрегиндеги сезимлерин сәўлелендирип атыр. Егер «Ондай болмайды», «Мынаўың қәте» деп кемшилигин көрсете берсеңиз, үлкейгеннен кейин де өз пикирин еркин билдириўге қыйналып қалады.

Және бир айта кететуғын нәрсе, сиз перзентиңиздиң салған сүўретлерине, таңлаған реңлерине қарап оның ишки дүньясын көре алыўыңыз мүмкин. Егер ол түсиниксиз нәрселерди салған болса, оның не нәрсе екенлигин сорасаңыз да болады. Перзентиңиздиң ишки дүньясын үйрениўде оның салған сүўретлери үлкен әҳмийетке ийе. Соның ушын да, балалар психологлары сүўрет арқалы руўхый тестлерди көп шөлкемлестиреди.

Ата-анасы менен бирге сүўрет салыў баланың адамлар менен кирисимлилик қәбилетин қәлиплестиреди. Сондай-ақ, бул әмелият оның көз нурын да өткирлестиреди. Алты жасқа шекем сүўрет салған бала мектепке барғанда да үлгили оқыўшылардың қатарынан орын алады.

@densawliq24
264 views12:30
Ашу / Түсініктеме