Get Mystery Box with random crypto!

ДЕНСАЎЛЫҚ ☝ ЖЕКЕ БЛОГ

Telegram арнасының логотипі densawliq24 — ДЕНСАЎЛЫҚ ☝ ЖЕКЕ БЛОГ Д
Telegram арнасының логотипі densawliq24 — ДЕНСАЎЛЫҚ ☝ ЖЕКЕ БЛОГ
Арна мекенжайы: @densawliq24
Санаттар: Жануарлар , Автомобильдер
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 495
Арнадан сипаттама

🔷Денсаўлық - ең үлкен байлығыңыз! Канал ушын сарыплаған ўақтыңыз - өзиңиз ушын хызмет етеди.
📣Еслетпе: Емлеў усылларын қолланбастан алдын шыпакер менен ойласың. Себеби ҳәр адамның организми ҳәр түрли.
✅Байланыс ушын: @adm1nka0

Ratings & Reviews

2.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

2

2 stars

0

1 stars

1


Соңғы хабарлар 6

2021-10-11 09:03:33
1. Не нәрсе жесеңиз, сиз солсыз

Бул туўры мәниде айтылған гәп. Мәселен, денеңиздеги клеткалар пүткил өмириңиз даўамында жаңаланып турады. Тери ҳәр 30 күнде толық жаңаланады. Демек, сиз тутынып атырған аўқат клеткалардың өсиўи ҳәм регенерация (қайта тиклениў) сына хызмет етеди. Ол дене ҳәм мийиңиздиң жумысына да тиккелей тәсир етеди. Егер жеңил-желпи «фаст-фуд»ларды көп жесеңиз, пикирлеўиңиз де жеңил-желпи болып қалады. Дене салмағы менен байланыслы машқалаларды айтпасақ та болады.

@densawliq24
231 views06:03
Ашу / Түсініктеме
2021-10-11 08:54:38 Ол мазалы нәрселерди жеўден өзин тутып тура алмайтуғын еди. Өз нәпсине күши жетпегенликтен, ҳәмийше қалтасына қандай да бир конфета ямаса шоколад салып жүрер, азанда да, түсте де, кеште де оларды жей беретуғын еди. Ҳәттеки, гейде ярым ақшамда оянып алып, бир-еки печенье ямаса конфета жеп, соңынан және уйқылар еди.

Барған сайын бул спортшының талабы оңынан келмей баслады. Жарысларда да әўмет оннан жүз бурды, денсаўлығы, күш-қуўаты да бурынғыдай емес.

Дэниэл Аменниң атап өтиўинше, мазалы нәрселер инсанның мийине тап наркотик сыяқлы тәсир етеди екен. Оларға да организм үйренип қалса, және талап ете береди. Мазалы нәрсени көп жеўдиң ақыбетинде болса, қандағы қант муғдары көтериледи, оны жемеген ўақытта бирден түсип кетеди. Буның ақыбетинде инсан өзинде ҳәлсизлик ҳәм тынышсызланыўды сезеди. Сондай-ақ, мазалы затларды ҳәдден тыс көп тутыныў инсандағы когнитивлик функциялар (мий менен байланыслы процесслер: еслеў, итибар қаратыў, теңсалмақлылықты сақлаў, сөйлеў, алған билимлерин әмелиятқа енгизиў қәбилети, есап-санақ жүргизиў, болжаў, режелестириў, қадағалаў ҳәм т.б. қәбилетлери) дың бузылыўына алып келеди. Нәтийжеде оның мийнет етиў қәбилети төменлейди.

Соның менен бирге, көп мазалы нәрсе жеў денеде исиниў процесслерин келтирип шығарады, буўынлардың аўырыўына себеп болады. Ширели өнимлерди жақсы көретуғын спортшыларда дене жарақатларынан соң саўалыў процеси де созылып кететуғынлығы анықланған. Итибар берген болсаңыз, бас аўырыўы, түскин кейпият ҳәм дене салмағының артыўы да мазалы нәрсени көп жеў менен тиккелей байланыслы.

Қулласы, сол спортшы Дэниэл Аменниң көригинен өтиўге келипти. Шыпакер оған, бәринен бурын, мийин дурыс азықландырыўы кереклигин мәсләҳәт берипти. Егер мазалы, ширели өнимлерди жеўден нәпсин тыя алыўды үйренсе, ҳәммеси жақсы болып кетиўин айтыпты.

Ҳәр ким өз мийине не нәрсе, қандай витамин кереклигин билиўи тийис. Бул бағдарда ең дәслеп аўқатланыў менен байланыслы 5 ҳақыйқатты түсинип алыў керек.

@densawliq24
250 views05:54
Ашу / Түсініктеме
2021-10-11 08:53:24
АЎҚАТЛАНЫЎ БАҒДАРЫНДАҒЫ 5 ҲАҚЫЙҚАТ

Бул мақаланы америкалы шыпакер Дэниэл Аменниң «Денеңди өзгертпекши болсаң – мийиңди өзгерт!» деп аталған китабында келтирилген ўақыя менен басламақшыман.

Бул китапта жоқары табысларға ерискен, қәбилетли спортшы ҳаққында сөз етиледи. Өзиниң сүйикли жумысы, шаңарағы ҳәм көпшилик ҳәўес еткендей дәраматы бар болса да, оның да өзине тән әззи тәреплери бар екен. Қандай дейсиз бе? Демек, төменде усы ҳаққында...

@densawliq24
258 views05:53
Ашу / Түсініктеме
2021-10-10 20:56:16
#Еркеклер_дыққатына

Жынысый белсендиликти шынығыўлар жәрдеминде асырыў

@densawliq24
117 views17:56
Ашу / Түсініктеме
2021-10-10 20:46:48 Ассалаўма алейкум, ҳүрметли канал ағзалары!

Канал узақ тәнепистен кейин және өз искерлигин даўам етеди. Каналымызға жақынларыңызды мирәт етиң.

Жаңадан қосылған ағзалар каналымызды басынан баслап танысса болады https://t.me/densawliq24/7
131 views17:46
Ашу / Түсініктеме
2021-10-10 20:38:18
Мухтар ШАХАНОВ - Еркеклерге көзқарас ямаса ҳаялға сийрек жолығатуғын бахыт

@densawliq24
145 views17:38
Ашу / Түсініктеме
2021-07-13 11:10:42
Кеше спортшы еди, бүгин ол төсекте: бул жигитке қан керек!

Тармақта тарқалған бул фотоның "үстинен атлап өтип кете алмадым". Қарасам, гүлдей бала. Оған жедел қан қуйыў керек екен. Ата-анасы үлкейсе оны спортшы болады деп үмитленип өсирип атыр.
Жақсылық жерде қалмайды, қалмаған да. Өткен сапар усындай бир инсанға қан табыўды жәрдем берген едик. Сол ушын Сизге рахмет! Енди және бизге көмек қолын созыў пурсаты келгенде, меҳрли қолымызды оннан тартып алмайық. Бул қол оны өмирде услап қалыўы мүмкин.

Телефон: +99899687-61-58

Ҳүрмет пенен, Kar24.uz сайты админстрациясы

Каналға ағза болыў: @Kar24uz
615 views08:10
Ашу / Түсініктеме
2021-06-27 17:47:12 Қан басымы (давление) туўралы

Тажибаев Асқар Кеўнимжаевич
, (тәўип)
Нөкис қаласы, Саманбай елаты
1.3K viewsedited  14:47
Ашу / Түсініктеме