Get Mystery Box with random crypto!

ДЕНСАЎЛЫҚ ☝ ЖЕКЕ БЛОГ

Telegram арнасының логотипі densawliq24 — ДЕНСАЎЛЫҚ ☝ ЖЕКЕ БЛОГ Д
Telegram арнасының логотипі densawliq24 — ДЕНСАЎЛЫҚ ☝ ЖЕКЕ БЛОГ
Арна мекенжайы: @densawliq24
Санаттар: Жануарлар , Автомобильдер
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 495
Арнадан сипаттама

🔷Денсаўлық - ең үлкен байлығыңыз! Канал ушын сарыплаған ўақтыңыз - өзиңиз ушын хызмет етеди.
📣Еслетпе: Емлеў усылларын қолланбастан алдын шыпакер менен ойласың. Себеби ҳәр адамның организми ҳәр түрли.
✅Байланыс ушын: @adm1nka0

Ratings & Reviews

2.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

2

2 stars

0

1 stars

1


Соңғы хабарлар 5

2021-10-18 15:26:37
БАЛАНЫ БӘНТ ЕТИЎДИҢ ПАЙДАЛЫ УСЫЛЛАРЫ

Анасы үй жумысларын боламан дегенше баласы телевизор көрип отырыўы ямаса қол телефоны менен ойнаўы ҳәм усы тәризде саатлап тыныш отырыўы мүмкин. Бирақ, тек ғана тыныш отырыўын емес, ал оның пайдалы нәрсе менен шуғылланыўын қәлейтуғын ата-ана перзентиниң ўақтын дурыс режелестире алады. Демек, баланы қандай нәрселер менен бәнт еткен мақул? Бүгинги темамыз усы ҳаққында.

@densawliq24
274 views12:26
Ашу / Түсініктеме
2021-10-17 12:36:06


@densawliq24
314 viewsedited  09:36
Ашу / Түсініктеме
2021-10-16 20:20:13
#жетискенлик
#энергия

Неге жетискенликке ерискен табыслы адамларда шексиз энергия болады???

@densawliq24
417 views17:20
Ашу / Түсініктеме
2021-10-13 07:46:33 ТИС ҲАҚҚЫНДА БИЗ БИЛМЕГЕН 11 ФАКТ

1. Инсан организминдеги кальций элементи муғдарының 99 проценти тислердиң қурамында жайласқан. Соның ушын да, адам денесиндеги ең беккем ағза тислер есапланады.

2. Балалық дәўирде шығатуғын дәслепки тислерди Гиппократ «сүт тислери» деп атаған. Ең қызық тәрепи сонда, бундай тислер анасының сүти арқалы қәлиплеседи екен.

3. Дәслепки тис чёткасы буннан 100 жыл алдын ойлап табылған. Буннан алдын адамлар тислерин тазалаўда күл, пор, лимонның суўы сыяқлылардан пайдаланған.

4. Тис – адам организминдеги қайта тиклениў қәбилетине ийе болмаған бирден-бир ағза.

5. Тис байрамы ҳаққында еситтиңиз бе? Қытайда сентябрь айының 20-сәнесинде «Тислерди жақсы көриў күни» деп аталған байрам белгиленеди.

6. Газлы ишимликлерди көп тутынатуғын инсанлар оларды ишпейтуғынларына салыстырғанда кариес, тис түсиўи сыяқлы кеселликлерден 62 процентке көбирек жәбир тартады екен.

7. Жақ булшық етлери – инсан организминдеги ең күшли булшық етлер есапланады. Белгили болыўынша, адам бир нәрсени қатты тислеген ўақытта оның тислери сыныўы ямаса үстинги эмалы зыянланыўы да мүмкин. Соның ушын, аўқатларды әсте-ақырынлық пенен шайнап жеўге ҳәрекет етиң.

8. Тис инсан организминдеги еки мәрте өсип шығыў қәсийетине ийе ағза.

9. Ең биринши трансплантация (көширип өткериў) жолы менен өткерилген ағза – тислер. Бул әмелият әййемги Египетте әмелге асырылған. Бай египетлилер ушын тислер пилдиң сүйегинен исленген.

10. Әййемги Британия еллеринде тис протезлери ең қымбат баҳалы той саўғасы есапланған. Бул саўға беккем шаңарақ тымсалы сыпатында салтанатлы түрде тапсырылған.

11. Тиси менен туўылған нәрестелер ҳаққында еситтиңиз бе? Әййемги уллы ҳүкимдарлар болған Наполеон менен Юлий Цезарь да тиси менен туўылған деп жазады. Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, дүнья жүзи бойынша ҳәр 2000 нәрестениң тек биреўинде ғана бундай жағдай бақланыўы мүмкин. Булар перинатальлық тилсер болып, нәресте туўыламан дегенше жолдастың ишинде жарып шығады. Анасына емизиў ўақтында кесент етпеўи ушын, бул тислер алып тасланады ҳәм орнына сүт тислери шығады.

@densawliq24
96 views04:46
Ашу / Түсініктеме
2021-10-13 07:39:20
Дәрини аўқаттың ўақтында ишиў – аўқат жеўди баслап, ярымына келгенде дәрини ишип, соңынан және аўқат жеўди даўам еттириўди аңлатады. Сонда ишилген дәри аўқат пенен араласып, ишеклерге өтип кетеди. Кеўилди айнытатуғын дәрилердиң көрсетпесинде көпшилик жағдайларда аўқаттың ўақтында ишиў буйырылады. Себеби, бундай дәрилер аўқаттан алдын ямаса кейин ишилсе, асқазанда турып қалып, кеўилди айнытыўы мүмкин.

@densawliq24
95 views04:39
Ашу / Түсініктеме
2021-10-11 20:11:09
@densawliq24
230 viewsedited  17:11
Ашу / Түсініктеме
2021-10-11 09:21:28
5. Кимниң рационы жаман?

Жаслар ҳәм өспиримлер фаст-фудларды жүдә жақсы көреди. Гейде ата-аналары да оларға өз сөзин өткере алмайды ҳәм қәлеген нәрсесин тутыныўына руқсат береди. Бирақ, бул дәўирде қәлиплескен әдетлерди кейин ала өзгертиў қыйын болады. Бул әдетлер мийдиң раўажланыўына күшли тәсир етиўи мүмкин. Өйткени, мий 25 жасқа шекем өсип-раўажланады. Соның ушын да, жас өспиримлердиң қандай аўқатланыўы оғада үлкен әҳмийетке ийе.

@densawliq24
263 views06:21
Ашу / Түсініктеме
2021-10-11 09:18:56
4. Алдағанға исенбең

Айырым жағдайларда телевидение, радио, газета ҳәм көшелердеги дағазаларда ҳәзир көпшиликтиң сүйип тутынатуғын тез таяр болатуғын аўқатларды реклама етеди. Бул да бизнестиң бир түри болып, олар өз өнимлерин көбирек сатыўды режелестиреди. Бирақ, тез таяр болатуғын өнимлерди қаншелли көп тутынсақ, бизиң бел айланамыздың өлшеми соншелли үлкейип барады.

Сондай-ақ, ата-аналардың өзлери де гейде перзентлериниң зыянлы азықлық затларға үйренип қалыўына себепши болады. Мәселен, «Жылағанды қойсаң, шоколад беремен», «Айтқанымды тыңласаң, конфета беремен» деп шәрт қояды. Жақсы бала болыўы ушын оны зыянлы өним менен сыйлықлаў ата-аналардың ең үлкен қәтеси.

@densawliq24
241 views06:18
Ашу / Түсініктеме
2021-10-11 09:13:30
3. Аўқатланыў рационы

Аўқатланыў рационы өмиримиздеги барлық нәрсеге тәсир етеди. Аўқат жеў – бул тек ғана аш қарынды тынышландырыў усылы емес, ал барлық процесслерге тәсир ететуғын фактор болып есапланады. Төменде усы процесслерди санап өтемиз.
• Саламатлық. Надурыс аўқатланыў денсаўлықты жемиреди, сапалы ҳәм дурыс аўқатланыў иммунитетти күшейтеди.
• Пикирлеў. Дурыс аўқатланыў тез ҳәм анық пикирлеў қәбилетин жақсылайды, жоқары шеклер, уллы табысларға қарай анық бағдар алыўға жәрдем береди.
• Күш-қуўат дәрежеси. Сизиң күшли ямаса әззи болыўыңыз жеген аўқатыңызға байланыслы.
• Спорттағы табыслар. Надурыс ҳәм сапасыз аўқатланыў шыдамлылық және ерк-ықрарды жемиреди.
• Дене салмағы. Бул жағдайдың тиккелей аўқатланыў менен байланыслы екенлигин бәрше билетуғын шығар.
• Сыртқы көринис. Саламат рационға әмел ететуғынлардың сыртқы көринисинде де саламатлық, күш-қуўат ҳәм шырай сезилип турады.

@densawliq24
223 views06:13
Ашу / Түсініктеме
2021-10-11 09:08:53
2. Аўқат наркотик сыяқлы тәсир етеди

Сиз жеген аўқатыңыз кейпиятыңыз ҳәм дене тонусыңызға тәсир етиўин сезген шығарсыз? Мәселен, кофе ишкеннен кейин ашыўшақлығыңыз тутып қалыўы мүмкин. Өйткени, биз тутынған айырым азықлық затлар мийимизге наркотиктей болып тәсир етеди. Гейде аўқат жегеннен кейин бираз бийтақатланамыз. Соның ушын, бәрқулла дурыс аўқатланыўға ҳәрекет етиў керек.

@densawliq24
219 views06:08
Ашу / Түсініктеме