Get Mystery Box with random crypto!

ДЕНСАЎЛЫҚ ☝ ЖЕКЕ БЛОГ

Telegram арнасының логотипі densawliq24 — ДЕНСАЎЛЫҚ ☝ ЖЕКЕ БЛОГ Д
Telegram арнасының логотипі densawliq24 — ДЕНСАЎЛЫҚ ☝ ЖЕКЕ БЛОГ
Арна мекенжайы: @densawliq24
Санаттар: Жануарлар , Автомобильдер
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 495
Арнадан сипаттама

🔷Денсаўлық - ең үлкен байлығыңыз! Канал ушын сарыплаған ўақтыңыз - өзиңиз ушын хызмет етеди.
📣Еслетпе: Емлеў усылларын қолланбастан алдын шыпакер менен ойласың. Себеби ҳәр адамның организми ҳәр түрли.
✅Байланыс ушын: @adm1nka0

Ratings & Reviews

2.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

2

2 stars

0

1 stars

1


Соңғы хабарлар 2

2021-11-03 13:41:28
Әтирапта соншелли көп инфекция ҳәм кеселликлер ҳәўиж алып атырған бир ўақытта шаштәрез ҳәм маникюршилер адамлардың өмири менен саламатлығына бул дәрежеде итибарсыз болмаўы керек. А ҳам В гепатити, ҳәттеки АИЖС та қан арқалы жуғады. Егер кимниңдур басында жарасы болса, оған тийгер тарақтан тери кеселликлериниң жуғыў қәўпи жоқары. Қайшы ҳәм шаш қырқатуғын машинканы айтпасақ та болады…

Тырнақтың шетиндеги терини қырқатуғын арнаўлы қайшы кеселлик тарқатыў бойынша ең қәўипли әнжам. Себеби, оның менен тырнақ терисин қырқыған ўақытта, көпшилик жағдайларда тери қанап кетеди. Вирус тийген әнжамлардың қәўиплилик дәрежеси, ҳәттеки, оларды 10 минут қайнатқанда да 100 процентке азаймайды. Бундай процесстен қан арқалы жуғатуғын гепатитлер, АИЖС сыяқлы кеселликлер жуқпайды, деп ҳеш ким кепиллик бере алмайды.

@densawliq24
158 views10:41
Ашу / Түсініктеме
2021-11-03 13:40:12
ШАШ ҚЫЙДЫРҒАНДА ГЕПАТИТ ЖУҒЫЎЫ МҮМКИН БЕ?

Гейде шаштәрезханаға киргенимизде, барлық клиентлерге бир қайшы, бир тарақ пенен хызмет көрсетип атырғанлығының гүўасы боламыз. Дурыс, ҳәр бир клиентке өз алдына қайшы-тарақтан пайдаланыўдың илажы жоқ. Бирақ, оларды әпиўайы спирт пенен де зыянсызландырмайды. Маникюршилер де пилка ҳәм тырнақтың әтирапындағы артықша тери қабатларын қырқатуғын әсбап-үскенелерин ким келсе де, ҳәммесине избе-из, ҳәттеки, жуўмай пайдалана береди. Биз олардан: «Не ушын қайшы, пилка ҳәм тарақларды ҳәр сапары хлор ямаса спирт пенен зыянсызландырмайсыз?» деп сорағанымызда, олар: «Буған бизиң артықша ўақтымыз жоқ. Сондай-ақ, пилка, қайшы ҳәм тарақтан кеселлик жуқпайды» деп даўласады.

@densawliq24
176 views10:40
Ашу / Түсініктеме
2021-11-01 17:32:48
Қаҳарман ана

Бир анадан туўылған ең көп балалар саны рәсмий мағлыўматларға қарағанда 69 екен.

1782-жылда қалдырылған мағлыўматларға көре 1725-65-жыллар арасында рус дийқаны Федор Васильевтың ҳаялы 27 рет туўған: 16 егизек, 7 үшзек, 4 мәрте төртлик егиз дүньяға келтирген. Олардан тек 2 бала нәресте ўақтында қайтыс болған.

@densawliq24
229 views14:32
Ашу / Түсініктеме
2021-11-01 16:46:18
Стрессли жағдайлардан узағырақ болыўға ҳәрекет етиў лазым. Ашыўланыўлар организмниң қорғаныў күшлериниң жумысын изден шығарады ҳәм бул жағдай өткир респираторлы инфекцияның раўажланыўына жол ашады. Психологиялық ҳәм физикалық шаршаўды нормадан арттырып жибермеў керек. Балалардың ҳәмийше көшедеги ҳаўа райына сәйкес рәўиште кийиниўине итибар қаратың. Баланы оғада ыссы кийиндириў де аязлаўға себеп болыўы мүмкин екенлигин умытпаң.

Жасалма ысытылатуғын имаратлардағы қурғақ ҳаўа қәўипли микроорганизмлердиң көбейиўи ушын қолайлы орталық болып табылады. Сол себепли, үй ямаса жумыс орнындағы өжирелерди, илажы барынша, көбирек самаллатып турыў керек. Бир күнде еки мәрте 10 минут айнаны ашып қойыў лазым. Сондай-ақ, ҳәптесине 1-2 мәрте үй ишинде әдираспан түтетип турыў да мақул ис. Әдираспан микробларды өлтирип, олардың көбейип кетиўине жол қоймайды.

М. Баўетдинов таярлады

@densawliq24
226 viewsedited  13:46
Ашу / Түсініктеме
2021-11-01 16:43:49
Вирус ҳәм бактерияларды ең көп тарқатыўшылар – адамлар болып табылады. Адамлар көп жыйналатуғын жерлерде қанша аз болсаңыз кеселликке жолығыў қәўпин соншелли азайтқан боласыз.

Вируслар тек ҳаўада ушып жүреди, деп ойлайтуғынлар алжасады. Олар отырғышлар, есик тутқалары ҳәм басқа да жерлерде өз белсендилигин сақлаған ҳалда көп ўақытқа шекем жасай алады. Сол себепли, жәмийетлик орынларда болғаннан кейин қолымызды сабынлап жуўыўымыз керек.

@densawliq24
197 views13:43
Ашу / Түсініктеме
2021-11-01 16:41:12
Көпшилигимиз жәмийетлик транспорттан пайдаланамыз, жумыс орнында кәсиплеслеримиз бенен бирге боламыз, адамлар көп жыйналатуғын базарларды айтпасақ та болады. Әтирапымыз түшкирип, жөтелип атырған адамлар менен толы. Базы ўақытларда болса перзентлеримиз, ақлықларымыз бағша ҳәм мектептен үйге гезектеги инфекцияны ертип келеди. Бул вирустың шаңарақтың басқа ағзаларына да өтетуғыны анық. Респираторлы вируслар наўқасланған адамнан 1,5-2 метр радиуста тығыз «бултлар»ды пайда етеди. Олар аўыз ямаса мурыннан шығып, 10 метр узақлыққа тарқалыўы мүмкин. Ҳәр биримизде «Жаңа ийеси»н табыўға таярланған вируслардан қалайынша қорғаныўға болады?», деген сораў туўылыўы тәбийий. Буның ушын, бәринен бурын, вирусларды жуқтырып алыў қәўпин азайтатуғын әпиўайы қағыйдаларға әмел етиў лазым.

@densawliq24
196 views13:41
Ашу / Түсініктеме
2021-11-01 16:39:50
АЯЗЛАЎДАН ҚОРҒАНЫЎДЫҢ ӘПИЎАЙЫ ҲӘМ НӘТИЙЖЕЛИ УСЫЛЛАРЫ

Аязламаў ушын шаңарақтың барлық ағзаларына исенимли қорған керек. Егер аязлаўға қарсы профилактика мәселелерине әмел етсеңиз, қыстың қыраўлы күнлерин де саламат өткересиз.

Ҳәр жылы қыс мәўсиминде дүньяда миллионлап адам грипп кеселлигине жолығады. Солардың бир бөлегинде кеселлик оғада аўыр өтеди. Өткир респираторлы инфекциялар, әсиресе, суўық күнлерде ҳәўиж алады. Оған жолыққан наўқаслардың саны күн сайын артып барады. Буның себеби сонда, қыстың қыраўлы күнлеринде организмге қуяш нуры жетиспейди. Иммунитетти беккемлеўге хызмет ететуғын D витамини азайып кетеди.

Буннан тысқары, суўық ҳаўадан дем алғанымызда, мурындағы қан тамырлары ыссылықты жоғалтпаў ушын тараяды. Бул болса, өз гезегинде, ақ қан дәнешелериниң (микроблар менен гүресетуғын «әскерлер») мурынның силекейли қабатына жетип барып, ҳаўа арқалы денемизге кирип келетуғын вируслар менен гүресиўине тосқынлық етеди. Нәтийжеде вируслар денемизге ҳеш қандай қыйыншылықсыз киреди.

@densawliq24
242 views13:39
Ашу / Түсініктеме
2021-10-31 13:02:28
#қызық

Қаяққа асығып баратыр екен?

@densawliq24
275 views10:02
Ашу / Түсініктеме
2021-10-31 10:27:06
#Факт

Болажақ әке перзенти туўылмасынан алдын оның менен ҳәр күни сөйлескен. Бала дүньяға келгеннен кейин, әкесиниң даўысын еситиўи менен-ақ оған жымыйды.

@densawliq24
248 views07:27
Ашу / Түсініктеме
2021-10-31 10:22:58
Америкалы шыпакерлер бирлеспеси пластик ыдыстың зыянлары ҳаққында төмендегише пикир билдирипти:

1. Шайды пластик ыдыста ишпең.
2. Ҳәрқандай ыссы аўқатты пластик тарелкада ямаса пластик ыдыста жемең. Мәселен, қуўырылған картошканы.
3. Аўқатты микропечте пластик ыдыста ысытпаң.

Пластик ыдыс ыссы температурада өзинен түрли химиялық элементлер шығарып, бул элементлер 52 түрдеги рак кеселликлерине себеп болады екен.

@densawliq24
281 views07:22
Ашу / Түсініктеме