Get Mystery Box with random crypto!

ДЕНСАЎЛЫҚ ☝ ЖЕКЕ БЛОГ

Telegram арнасының логотипі densawliq24 — ДЕНСАЎЛЫҚ ☝ ЖЕКЕ БЛОГ Д
Telegram арнасының логотипі densawliq24 — ДЕНСАЎЛЫҚ ☝ ЖЕКЕ БЛОГ
Арна мекенжайы: @densawliq24
Санаттар: Жануарлар , Автомобильдер
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 495
Арнадан сипаттама

🔷Денсаўлық - ең үлкен байлығыңыз! Канал ушын сарыплаған ўақтыңыз - өзиңиз ушын хызмет етеди.
📣Еслетпе: Емлеў усылларын қолланбастан алдын шыпакер менен ойласың. Себеби ҳәр адамның организми ҳәр түрли.
✅Байланыс ушын: @adm1nka0

Ratings & Reviews

2.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

2

2 stars

0

1 stars

1


Соңғы хабарлар 3

2021-10-27 10:55:31 Сапалысын таңлаң!

Майонез сатып алып атырғанда оның дәмине, реңине ҳәм көринисине айрықша итибар қаратың. Мәселен, норма бойынша сапалы майонездиң қойыўлық дәрежеси орташа, реңи ақ ямаса ақ-сарғыш болады. Егер онда көбиклер көп болса, бундай майонез тез бузылады.

Шийше ыдысқа қадақланған майонез сапалы болып есапланады. Себеби, бундай ыдыста оның реңи көринип турады ҳәм сапасына баҳа бериў аңсат болады. Майонездиң жабық ыдыстағы сақланыў мүддети – орташа 2-3 ай. Егер сақланыў мүддети буннан да көп болса, демек бундай майонезлердиң қурамы көплеген консервантлар менен байытылған. Олар майонездиң қурамындағы тәбийғый элементлердиң муғдарына сезилерли дәрежеде тәсир етип, оның дәмин анағурлым төменлетеди. Қысқаша айтқанда, бул енди ҳақыйқый майонез емес.

Егер сизде ериншеклик әдети болмаса ҳәм жақсы үй бийкеси болсаңыз, майонезди үй шараятында өзиңиз таярлаң. Бул оншелли қыйын емес. Үйде таярланған майонез ҳәм пайдалы, ҳәм мазалы болады. Буннан тысқары, оның ишинде не нәрсе бар екенлигин анық билгениңиз ушын зыянлы элементлерди тутыныўдан қәўетерленбейсиз.

М. Баўетдинов таярлады.

@densawliq24
218 views07:55
Ашу / Түсініктеме
2021-10-27 10:52:14
Қандай жағдайларда мүмкин емес?

Майонезди ыссы аўқатқа пайдаланыўға болмайды, себеби оның қурамындағы эмульсия ыссыда майдаланады ҳәм бузылады. Егер ол қамырлы тағамлар (пельмен, манты, ханым), қуўырылған картошка ҳәм макаронлы аўқатлар менен тутынылса, калориясы 3 есе артады. Соның ушын майонездиң орнына имканияты барынша йогурт ямаса сметана тутынған мақул. Салат ҳәм аўқатларға майонезди сметана менен араластырып қолланыў арқалы ондағы майдың муғдарын азайтыўға болады.

@densawliq24
184 views07:52
Ашу / Түсініктеме
2021-10-27 10:50:33
Нормаға әмел етиң

Майонездиң қурамында майдан тысқары көп муғдарда натрий бар болып, ол клеткалардың белсендилигин төменлетеди, оларға пайдалы элементлердиң жетип барыўына тосқынлық етеди ҳәм организмдеги зат алмасыўын изден шығарады. Жүрек-қан тамыр жумысына да унамсыз тәсир етип, қан басымының көтерилиўине себепши болады. Демек, майонезден пайдаланарда норманы умытпаў керек. Оны күнине 25 граммға шекем (1 ас қасық) тутыныўға болады.

Сондай-ақ, майонез тийкарғы аўқат емес, ол тек ғана тағамға дәм бериўши екенлигин умытпаң. Соның ушын оны көп муғдарда тутыныўдан абайлы болың. Сатып алып атырғанда болса, әлбетте, қурамы менен танысып шығың.

@densawliq24
172 views07:50
Ашу / Түсініктеме
2021-10-27 10:49:08
Кимлерге қадаған етиледи?

Майонезден үй бийкелери тийкарынан салатларды және де мазалы етиў мақсетинде пайдаланады. Бирақ, майонезли салатлар кишкене балаларға ҳәм кекселерге қадаған етиледи. Бул олардың ас сиңириў системасына унамсыз тәсир етиўи мүмкин. Сондай-ақ:
– өткир ямаса созылмалы гастрит;
– холецистит (өт қалтасының исиниўи);
– өткир ямаса созылмалы панкреатит (асқазан асты безиниң исиниўи);
– дисбактериоз;
– азық-аўқат аллергиясы;
– жүрек-қан тамыр кеселликлери;
– гипертония;
– қантлы диабет;
– баўыр кеселликлери менен наўқасланғанларға да қадаған етиледи. Усыған қарамастан, майонезди тутына берсе, кеселликти күшейтип жибериўи мүмкин.

@densawliq24
174 views07:49
Ашу / Түсініктеме
2021-10-27 10:47:21
Майонез семиртеди

Майонез майлылығы ҳәм химиялық қосымталары менен организм ушын зыянлы есапланады. Оның қурамында тойынбаған майлар оғада көп муғдарда болады, бул денеде артықша салмақтың топланыўына алып келеди. Егер ол тез-тез ҳәм турақлы тутынылса, қысқа ўақытта артықша салмақ арттырыў мүмкин. Бул жағдай атеросклероздың раўажланыўында баслы фактор есапланады. Сондай-ақ, оның қурамындағы элементлер иштейди ашады. Бул артықша салмақтан жәбир тартатуғын адамларға тәсир етпей қалмайды. Солай екен, оларға майонез тутыныў қадаған етиледи.

Денесиниң артықша салмағын азайтыўды қәлеўшилер калориясы, яғный қурамында майдың проценти аз майонезди сатып алады. Бул жағдайда да олар алжасыўы мүмкин. Себеби, ислеп шығарыўшылар майонездиң калориясын азайтыў ушын майдың орнына модификацияланған ҳәм ҳәр түрли химиялық қосымталар (транс майлар)дан пайдаланады, олар организмде холестерин көринисинде қалып кетеди.

@densawliq24
180 views07:47
Ашу / Түсініктеме
2021-10-27 10:43:19
Қурамын билесиз бе?

Майонез тағамларға өзгеше дәм бериў мақсетинде пайдаланылады. Дәстүрге бола, ол мәйектиң сары уўызы, өсимлик майы, лимон ширеси ямаса уксус, қумшекер, горчица ҳәм басқа да дәм бериўшилер қосып таярланады. Бундай майонез бир неше күн сақланады, себеби, оның қурамындағы азықлық элементлер тез бузылады. Сонлықтан, ислеп шығарған ўақытта басқаша таярлаў усылы қолланылады. Оның сапасын узақ ўақыт сақлаў мақсетинде консервантлар қосылады. Бул усылда таярланған майонез 1 айдан 7 айға шекем сақланады.

Арзанырақ майонезлерге болса сорбат калий қосылады, ол майонездиң, ҳәттеки, өжире температурасында да бир неше айға шекем бузылмаўын тәмийинлейди. Буннан тысқары, майонезге дәмин күшейтетуғын элементлер де қосылады.

Майонездиң қурамындағы сақлаў мүддетин 1 айға шекем узайтатуғын химиялық қосымталар асқазанның жумысын изден шығарыўы мүмкин. Соның ушын асқазан кеселликлери менен наўқасланған адамларға оны тутыныў қадаған етиледи.

@densawliq24
186 views07:43
Ашу / Түсініктеме
2021-10-27 10:40:49
МАЙОНЕЗ ОРГАНИЗМ УШЫН ПАЙДАЛЫ МА?

Көпшилик адамлар майонезди жақсы көреди. Оның менен ҳәр қандай салат шырайлы ҳәм тойымлы. Күнделикли тағамнамадағы айырым салатларды майонезсиз көз алдымызға келтире алмаймыз. Ол палыз ҳәм гөш өнимлери менен де аңсат кирисип кетеди. Мағлыўматларға қарағанда, оның қурамы белокқа бай болып, организм ушын оғада пайдалы. Қурамындағы лимон ширеси менен лимон кислотасы зыянлы бактерияларды өлтириў қәсийетине ийе, алма кислотасы болса тис эмалын ағартады. Бирақ, билесиз бе, майонездиң зыяны да бар. Бүгинги темамыз майонездиң зыянлы қәсийетлери ҳаққында.

@densawliq24
215 views07:40
Ашу / Түсініктеме
2021-10-25 18:26:42
Созылмалы жүректиң күйиўи қайсы кеселликлерден дәрек?

Жүректиң күйиўи гейде созылмалы түс алыўы мүмкин. Буған, тийкарында асқазан жарасы кеселлиги, он еки бармақ ишектеги машқалалар, рефлюкс кеселликлер, гастрит сыяқлылар себепши болады. Егер сизде созылмалы жүрек күйиўи бақланса, қыстаўлы түрде шыпакер қабыллаўында болып, асқазаныңызды тексертиң.

@densawliq24
112 views15:26
Ашу / Түсініктеме
2021-10-25 18:22:07
Егерде қандай да бир жерге алып барыўды ямаса бир нәрсе алып бериўди айтқан болсаңыз, бирақ базы бир себеплерге бола сөзиңиздиң үстинен шыға алмасаңыз, әлбетте, кеширим сораң ҳәм сол ўәдеңизди қашан орынлайтуғыныңызды перзентиңизге айтың. Ўәдени орынламағанға перзенттен кеширим сораў шәрт емес, деп есапласаңыз, алжасасыз. Умытпаң, исеним – жүдә нәзик сезим. Исеним сөнсе, оны қайтадан тиклеў қыйын болады. Бир мәрте балаңызды алдасаңыз, оның исенимин тиклеў ушын оғада көп күш сарплаўыңызға туўра келеди.

Сөзимниң жуўмағында айта кететуғын нәрсе, балалар жалған сөйлеўди үлкен жастағылардан яғный сиз бенен бизден үйренеди. Оларға жалған сөйлеўди өзимиз үйретип, алдаған ўақтында бақырып, жазалағанымыз инсаптан емес…

М. Баўетдинов таярлады

@densawliq24
118 viewsedited  15:22
Ашу / Түсініктеме
2021-10-25 18:20:36
Балалардағы жалған менен гүресиў ушын психологлар, бәринен бурын, сабырлы болыўды, яғный оларды жазаламаўды, оларға бақырмаўды мәсләҳәт береди. Ең мақулы, перзентиңиздиң алдап атырғанлығын сезип қалсаңыз, ис-ҳәрекет, наразылық ямаса басқа да белгилер менен оның жалған сөйлеп атырғанлығын байқағаныңызды билдириң. Сонда ол кейин ала жалған сөйлегенин сезип қалғаныңыз ушын алдағаннан гөре ҳақыйқатын айтыўды мақул көреди.

Сондай-ақ, өзиңиз де ҳәр сапары бир нәрсени ўәде етсеңиз, әлбетте, сөзиңиздиң үстинен шығың. Керисинше жағдайда, өзиңиз перзентиңизге қалайынша жалған сөйлеўди үйретип атырған боласыз.

@densawliq24
107 views15:20
Ашу / Түсініктеме