Get Mystery Box with random crypto!

БУРХАНОВ Телеграм

Telegram арнасының логотипі akhmetburkhanov — БУРХАНОВ Телеграм Б
Telegram арнасының логотипі akhmetburkhanov — БУРХАНОВ Телеграм
Арна мекенжайы: @akhmetburkhanov
Санаттар: Блогтар , Саясат
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 250
Арнадан сипаттама

Геополитика. Война империи за новый миропорядок. Будущее у тех, кто строит новый мир вместе.

Ratings & Reviews

2.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

2

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 66

2021-10-26 19:42:57
82 viewsАхмет, 16:42
Ашу / Түсініктеме
2021-10-26 14:35:25
Автомашинаны атына өткергени ушын төленетин төлем бийкар етилиуи кутилмекте.
51 viewsАхмет, edited  11:35
Ашу / Түсініктеме
2021-10-25 20:18:29 БИЙМӘЛИМ БИР ЕЛ БАР ЕКЕН

Биймәлим елде жумысызлар көп екен
Жумысы бардың табысы дым аз екен
Айлық бермей жумсауда үрдис екен
Бирақ халқы сада хәм жуас екен

Ол елдин затларыда қымбат екен
Бизнес ушын көп нәрсе жауық екен
Шегарада есапсыз көп пул тауып
Бир «каттаның» адамы турар екен

Басшылары анау-мынау пара алмас
Халқы болса аз акшаны бере алмас
Алыс берис рауаж тапқан ел екен
Парасыз бир жумыста питире алмас

Биймәлим ел рауажланған ел екен
Көп шығарған машина ускенелер
Сын котермес сапасы нашар екен
Халық оны қымбатка алар екен

Хәмелдардың ахуалы қиын екен
Оларды да аңлыушылар көп екен
Айлығы жетпегесин пара сорап
Халқы аяп көрсетпей береди екен

Биймәлим ел болган соң атыда жоқ
Тәрийплеп суретлейтин затыда жоқ
Қай ел болды екен деп сорасаңыз
Мен айтайын дуньяда ондай ел жоқ

PS. Булда мениң түсим. Ауа, Яқ дегендей
қарама қарсы Биймәлим елдиң тәрийпи.
Ахмет Бурханов
https://t.me/AkhmetBurkhanov
315 viewsАхмет, edited  17:18
Ашу / Түсініктеме
2021-10-25 17:53:12
Хүрметли "ПИКИР" қатнасушылары! Группаның қатарын көбейтуге үлес қосың. Унаған темаларменен бөлисиң. Актив оқырманларға алғысымыз шексиз.
Каналга жазылың https://t.me/AkhmetBurkhanov
Ахмет Бурханов
121 viewsАхмет, 14:53
Ашу / Түсініктеме
2021-10-25 17:22:31 https://t.me/joinchat/kYnUN0RYgXM2NjQy
97 viewsАхмет, 14:22
Ашу / Түсініктеме
2021-10-25 17:20:57 Хүрметли "ПИКИР" қатнасушылары! Группаның қатарын көбейтуге үлес қосың. Унаған темаларменен бөлисиң. Актив оқырманларға алғысымыз шексиз.
https://t.me/AkhmetBurkhanov
Ахмет Бурханов
54 viewsАхмет, 14:20
Ашу / Түсініктеме
2021-10-25 14:40:56
67 viewsАхмет, 11:40
Ашу / Түсініктеме
2021-10-25 14:36:20
Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында 80,1 процент даўыс пенен жеңиске еристи.

@el_xizmetinde
65 viewsАхмет, 11:36
Ашу / Түсініктеме
2021-10-25 12:36:46 "ƏКЕМДИ САҒЫНДЫМ"

Турмыс деген жуги мойныма минип,
Хабарда алмаппан өзиңе келип,
Турмадым хизметте жууырып желип,
Кеш тусиндим қадириңди əкежан.

Тапқаныңды саудым еште ойланбай,
Шалғып журдим шыбын жаным қыйналмай,
Қартайғаныңда сеннен хабарда алмай,
Мехрисиз перзентиң болдым əкежан.

Көзиң нурдан қалды таллай қағылдың,
Болмадым өзиңе қассадай улың,
Мениң қалқаным деп шапан жамылдың,
Суйенериң болалмадым əкежан.

Кеш тусиндим қадириңди билмедим,
Шайтан жолдан урды сени кормедим,
Соны тусингеним, текте билгеним,
Надан болдым кешир мени акежан.

Ауыр батты бизден жырақ кеткениң,
Орның билинеди торимде сениң,
Қайғысы бар котере алмас желкемниң,
Бугин сени сағындымғой əкежан.

ЖОЛДАСОВА УЛЗАДА

25.10.2021
42 viewsАхмет, 09:36
Ашу / Түсініктеме
2021-10-24 19:43:02 ЗАМАН КЕЛИПТИ ЕЛГЕ ӘЖАЙЫП

Ел рауажланып халқымыз байып
Дарьялар тасып, теңиз улғайып
Шаруалар сансыз малларын жайып
Заман келипти елге әжайып

Заводлар салынып жумыс көбейип
Сулыу имаратларга қала көркейип
Хәкимлери халқым деп жанып
Заман келипти елге әжайып

Егин атызлары ушы қиыры жоқ
Дийханлардың дым кеуили тоқ
Жайқалган салы, мәкке атызлары
Изей кебир деген атыменен жоқ
Заман келипти елге әжайып

Айлыгы мол екен мийнет еткенниң
Әсиресе қаниге, билими өскенниң
Машинасын жаңалап ауыстырар
Қалеген адам курортқа барып турар
Заман келипти елге әжайып

Балалар жарысып мектепке барар
Муғалимлер күйип жанып оқытар
Үкимет карежетин игиликке жумсар
Басшылар жасларға үлги болар
Заман келипти елге әжайып

Адам ауырса медиклер налып
Дәрхал емлейди екен сменге қалып
Операция парасыз, дәриси тегин
Билимли врачқа жетерли айлық
Заман келипти елге әжайып

Прокурор сотлар пара сорамас
Орны босаса адам табылмас
Милициялыққа да адам урынбас
Базаркомды көрдим ешким сыйламас
Заман келипти елге әжайып
https://t.me/AkhmetBurkhanov
Ахмет Бурханов
516 viewsАхмет, edited  16:43
Ашу / Түсініктеме