Get Mystery Box with random crypto!

БУРХАНОВ Телеграм

Telegram арнасының логотипі akhmetburkhanov — БУРХАНОВ Телеграм Б
Telegram арнасының логотипі akhmetburkhanov — БУРХАНОВ Телеграм
Арна мекенжайы: @akhmetburkhanov
Санаттар: Блогтар , Саясат
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 250
Арнадан сипаттама

Геополитика. Война империи за новый миропорядок. Будущее у тех, кто строит новый мир вместе.

Ratings & Reviews

2.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

2

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 64

2021-11-02 11:48:25 Пара бериу алыуды тоқтатыу ушын Президент қабулханасы,Ишки ислер болими халық хызметинде емеспе?Хəр бир инсан оз хуқықын дурыс талап етип билсе "пара "оз озинен жоқ болып кетеди деп ойлайман.Тилекке қарсы буған еле жетиу ушын билмедим қанша уақыт керек?Тусинбедим ...
130 viewsАхмет Бурханов, 08:48
Ашу / Түсініктеме
2021-11-02 11:47:34 Авторитетный канал деп халық арасында абырайы болса айтылады. Популярный канал десе болады, енди подписчиклериниңде кругозор ҳәм билим дәрежеси соған жараса шығар-я??????????. Анық бир нәрсе деў мүшкил. Интелеетуаллық жақтан сизиң каналыңыз әдеўир жоқары турады ол каналдан.
128 viewsАхмет Бурханов, 08:47
Ашу / Түсініктеме
2021-11-02 09:20:18 ПАРА ХАҚҚЫНДА ҚАНАТЛЫ СӨЗЛЕР

Хәрбир елдиң, халыктың өз өзгешеликлери менталитетети бар.
Мысалы орыстың бир классиги айтқандай: Россияны ақылменен түсиниу, аршын менен өлшеу мүмкин емес деп. Бизиң өзбек, қарақалпақтың да европалық миллетлер түсинбейтиндей нақыллары хәм қанатлы сөзлери бар. Елимизде коррупцияға қарсы гурес деген сөз көп айтылады. Адамлар параны өз еркименен береди, бирақ парахорларды айыплайды. Егер парахор хәмелдар танысы ағайни болса, оны сыйлап асты үстине түседи.

Пара алыушылар пара бериушилерден анагурлым аз болсада олардан қорықпайды, дастурхан басындада жасырмай айта беруиде мумкин, себеби берушилер алушыларга хәуес етеди. Балаларымыз сондай болсын деп тилейди. Бундай жәмийетте коррупцияменен гуресиу мүмкинбе? Менимше мүмкин емес. Шет елде де коррупция барго дийди. Ол дурыс, бары бар, бирақ рауажланган еллерде қолма қол пара алыу жоқ. Ол еллерде лоббии, тендер, бизнес партнер дегендей коррупция жоқары эшелонда, халықтан хешким пара сорамайды.

Дыққатыңызға халқымыздың пара хаққында айтылған бир қатар қанатлы сөзлерин усынамыз:

1 Ақмақ бара береди - Ақыллы пара береди.
2 Майламасаң арба жүрмейди, пара бермесең исиң жүрмейди.
3 Пара алмайтын адам жоқ, бере алмайтын адам бар.
4 Тегинге пышықта қуяшқа шықпайды. (узб накыл)
5 Түйени түгименен жутады. Шөп көгертпей жийди
6 Нагыз жермен баслық келди.
7 Нагыз жатып жийтин жерине барды
8 Өгиз Ташкенде оқып атыр, диплом қорада семирип атыр.
9 Орыс шапкини қыста кийеди, өзбек машынға береди.
10 Параның кеспейтин жери теспейтин тесиги жоқ

Қәлесеңиз изин жалғастыруыңыз мүмкин. Сизлердиң пикириңизди күтип қаламыз. https://t.me/AkhmetBurkhanov
287 viewsАхмет Бурханов, edited  06:20
Ашу / Түсініктеме
2021-11-01 21:12:24
ҚЫЗЫҚ ХАБАР "МАШИНА ДИВАН" ХАҚҚЫНДА.

Россияның Сочи қаласы азаматы Сергей Сергеев диванға дөңгелек хәм мотор орнатып, қала бойлап айланып жүрген. Полиция оны тоқтатып диванға қәуипсизлик белбеуин орнатпағаны хәм белбеу сыпатында хешнәрсе тақпағаны ушын акт дүзген. Енди ол 1000 рубль төлеуге мәжбүр.

Диванға қәуипсизлик белбеуин орнатпағаны ушын акт.....
147 viewsАхмет Бурханов, 18:12
Ашу / Түсініктеме
2021-11-01 18:31:14
"НКО" деген сөзге тусинбей атырмыз айтып жибересизбе илтимас

Дерек: Фото канал ағазлары тарепинен келген.

https://t.me/maman_advokat_byurosi
69 viewsАхмет Бурханов, 15:31
Ашу / Түсініктеме
2021-11-01 13:33:32
«Сизлер климатлық апатшылыққа қарай баратырсыз». Динозавр БМШ минберинен турып адамларға мүрәжат етти

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен исленген жаңа видеоролик көпшиликти таң қалдырды. Видеода динозавр Нью-Йорктағы БМШ Бас Ассамблеясы залына бастырып киреди ҳәм минберден турып дипломатларға глобаллық ысыў машқаласы ҳаққында сөз етеди.

- Қырылып кетиў – жаман. Не болса да бизде астероид бар еди, бирақ сизиң себеп ететуғын бәнеңиз қандай? – дейди Френки лақаплы динозавр. – Сизлер климатлық апатшылыққа қарай баратырсыз. Соған қарамастан, ҳәр жылы ҳүкиметлер жанармай қазып алыў ушын субсидияларға жүзлеген миллиардлап мәмлекетлик қаржыларды сарплайды. Бул муғдар планетамыздың барлық адамлары ушын коронавирус вакцинасын сатып алыў ямаса кәмбағаллықты толық сапластырыў ушын жеткиликли болар еди. Барлық тиришиликтиң жоқ болып кетиўин жақынластырыўдың орнына оларға жәрдем берген жақсырақ емес пе?

Толық мағлыўмат: https://kknews.uz/kk/90576.html

@el_xizmetinde
115 viewsАхмет Бурханов, 10:33
Ашу / Түсініктеме
2021-11-01 11:19:31 Канал, группамыздын жаңадан келген агзалары ушын алдынгы темалар. Пикирлериңиз болса мәрхамат.
54 viewsАхмет Бурханов, edited  08:19
Ашу / Түсініктеме
2021-11-01 11:16:40 ТЕХНОЛОГИЯЛАР ЗАМАНЫ

Қайсы бир илимди, өнерди үйрену ушын қай китипаты ашып оқысаңда, хәзирги заманда күнделикли турмыста қолланылып жүрген үскене, техника-технология, ем-дәри усылларын тапқан европалықлар екенин көремиз. Хәтте олар жаңа материк атауларға дейин ашып, дунья бойлап жан-жануар, өсимлик әлеминде, солар изертлегени хәммеге мәлим.

Дуньяга белгили илимпазлардың, жазушылардыңда фамилияларыда италиян, француз, англичан, немис, испан хәм орыс тилинде жаңлайды. Парсы, араб илимпазлары мың жылдай бурын болған болса да, олардың изин урпақлары емес, европалықлар жалгастырған.

Хәзирги заманда европалык илимди өзлестирген япон, кореец, кытай халыклары алдынгы катарга шығып рауажлануга ерискен. Ал енди бизге келсек, бизлер кытайлардай көширудиде үйрене алган жокпыз десе болады. Орталық Азиянын өзлестирген технологиясы ата бабасынан қалған арба дегершигинен еле асып кеткен жоқ десек қателеспеймиз. Ең ашынарлысы илим үйренуге халықтың жағдайыда, умтылысыда, баслама беруге басшылардың қулқыда жоқ.

Енди кайсы мәмлекет болсын жаңа технологияларды өзлестирген, ямаса оны жетилистирип шығара алған болса рауажланып байыйды. Ал илимсиз, технологиясыз мәмлекетлер, алдынгы катарлы рауажланган еллердиң қызметинде қала береди. Билимли, өнерли адам ғарезсиз хәм қурғын жасау мүмкиншилигине ийе болады.

Хүрметли "ПИКИР" қатнасушылары! Группаға қатарын көбейтуге үлес қосың. Унаған темаларменен бөлисиң. Актив оқырманларға алғысымыз шексиз.
https://t.me/AkhmetBurkhanov
Ахмет Бурханов
27 viewsАхмет Бурханов, 08:16
Ашу / Түсініктеме
2021-11-01 11:16:19 ӨЗБЕКСТАН НЕГЕ ЖАРЛЫ?

Бул сорауға жауап бериу ушын, ис жүзиндеги мысаллардан келтирип өтсек, гез келген адамға түсиникли болары анық. Мысалы: Өзбекстан автомашина шығарамыз деп мақтанады, негизинде "Узавтомоторс" сол машиналарды Кореядан запчасть күйинде әкелип Асака конвееринде жинайды.

Тапқан табысының негизги бөлиги, сол таяр запчастьларды импортлауга кетеди. Қалган табысы салық, коррупция, соныңменен пайданың орнына зиян (убыток) шығып, машинаны халқына еки есе бахаменен сатады. Бирақ машинасын қымбат бахада сыртқа сата алмайды, ал сатпайын десе импорт ислеу ушын валюта (рубль, тенге) керек. Сол ушында оларға аламан деген бахасында усынады.

Екинши жағынан бул үлкенлердиң майлы бизнеси, буны мәмлекет банкрот болмаса өзлигинен тоқтатуға ашкөзлиги жибермейди. Енди машинаданда майлы бизнеске келсек ол халық тутыну тауарларының импорт бизнеси: Турмыс техникаларын әкелип жинап сату, қурылыс материалларын импортлауға дейин усы «Жабық граница- импорт» схемасыменен исленеди.

Қысқаша айтқанда шет ел фирмалары өзлериниң гөне технологияларын Өзбекстан қусаған «коррупциясуйер» жарлы мәмлекетлерге арзан сатады (откат алуыда мүмкин). Олар оны Ташкент, Самаркандка акелип жинап Өзбекстанның брендименен халыққа қымбат бахада сатады. Сөйтип булар өзинше санаат мекемелери болып есапланып мәмлекеттиң кауендерлигин алады. Таможныйда «жасыл коридор» дан пайдаланады. Бирақ олар паразит карханалар, қып қызыл дел-далшы спекулянтлар.

Енди көз алдыңызга келтирип көриң, 35 млн халық жылына қанша турмыс техникаларын, ускенелер қурылыс материалларын сатып алады! «Узавтотранспорт» Айсбергтиң төбеси болса, үлкен бөлиги су астында көринбей тур. Әне сол ушында границамыздың тез арада ашылуынан үмит жоқ.

Енди ондай нәрсе басқа еллерде де бар ғо, сата бермейме деген сорау туыуы мүмкин. Бириншиден импорт мафиясы халыққа шет елде шығаруы тоқтатылған, технологиясы гөнерген техникаларды арзанға запчасть кылып алып келип, жинап, халыққа еселеп қымбатка сатады. Екиншиден халықтын ақшасы негизинен соларды байытуға жумсалып, ишки бизнести рауажландыруга акшасы калмайды, ол халық турмысының нашарлауына әкеледи. Үшиншиден олардын биразы паразит карханалар, Өзбекстанның экспорттан тапқан, мигрантлар жиберген валютасын сумга ауыстырып, импортқа жумсап қуртады.

Өзбекстан неге жарлы? Деген сорауга жауабымыз, баслы себеп миллий элитаның бизнес схемасы. Егер Өзбекстан элитасы, базар экономикасына әмел қылып заманға сай бизнес жасаса өзлери буннанда бай, халқыда буншама жарлы болмас еди. Бирақ олар аңсат байыу жолында, халық байыса бизде байыймыз деген, Президент айтқан принципти ойлап та жүрген жоқ. Хүрметли "ПИКИР" қатнасушылары! Пикир билдируге актив қатнасың. Группаға Адам қосуға жәрдем етиң. Унаған темаларменен бөлисиң.
https://t.me/AkhmetBurkhanov
Ахмет Бурханов
23 viewsАхмет Бурханов, 08:16
Ашу / Түсініктеме
2021-11-01 11:07:38 КЕЛЕШЕГИМИЗ КАНДАЙ?

1945 жылы дунья жүзинде 70 ке жақын мәмлекет болған болса, хәзирги күнде дунья картасында 200 ден аслам мәмлекет бар. Екинши дунья жузлик урысында СССР диң жеңиуи, Батыс колониялық империяларының тарқалуына әкеп соғып, Азия, Африкада көплеген еллер азатлық алып өз мәмлекетлерин қурыуга еристи.

Дегенменен олардың көпшилиги Батыс еллеринен тәуелсизлигине толық ерисе алмады. Елеге дейин олардың экономикасы долларға байланып Батыс еллерине қызмет етиуде. Қала берсе 70-80-90 жыллары АҚШ бөлиуге болатын мәмлекетлерди бөлшеклеп, майда шуйде атаудағы ел халықларға дейин, басқаруына қолайлығы ушын «гарезсизлик» алуға жәрдем бере баслады. Ақыр соңында СССР да тарқап «Номи нима еди?» деп Каримов айтқандай, майда шүйде мәмлекетлерде көбейип кетти.

Енди бүгинги күнде дүнья қайта бөлиниу дәуиринде кери (обратный) процесс басланып атыр. Енди кушли мамлекетлер дөгерегиндеги мәмлекетлерди өзиниң экономикалық, валюта хәм әскерий ауқамына киргизип сиясий экономикалық басқару тетиклерин бир орайға жинауға умтылмақта.

Соныңменен бирге ешбир экономикалық союзга кире алмай қалатын мамлекетлердиң ахуалы шатақ болатыны белгили болды. Себеби ешким қосқысы келмейтин, сауатсыз, халқы көп, жери, ресурсы аз; Пакистан, Бангладеш, Непал, Бутан қусаған сиңири шыққан гедей мамлекетлерде көп Оннанда басқа кимге қосыларын, я қосылмасын билмейтин, еки ортада жүрген, бирақ өз алдына күн көре алмайтын мәмлекетлер де аз емес.

Қулласы айта жағым, бул дунья уш төрт үлкен ауқамға бөлинери сөзсиз соган кире алмай, я кирмей, еки ортада калатын мамлекетлердин күни карап болары да анықлана баслады. Себеби таласушылар оларды Украина, Грузия, Ливия, Судан, Сириядай кылып бөлшеклеп тастауы мүмкин. Соның ушын хәзирден баслап қайсы "окопта" жататының белгилемеген «көп векторлы, еки жүзли» мәмлекетлердиң ахуалы киын болары сөзсиз.

https://t.me/AkhmetBurkhanov
26 viewsАхмет Бурханов, 08:07
Ашу / Түсініктеме